3.Ilimiy maqalalar, tezisler tayarlaw ta`rtibi. Илимий мақалалар ҳәзирги ўақытта шешилиўи керек болған машқалалар бойынша илимий-изертлеўлерди өз ишине алады. Илимий мақалада дәслеп изертленип атырған объект бойынша актуал мәселелер ашып бериледи. Машқалалардың келип шығып атырған шараятлары сөз етиледи, оған тәсир етир атырған факторлар үйрениледи. Бул бойынша исленин атырған жумыслар келтириледи. Соның менен бирге бул машқалалардың шешилиў жоллары үйрениледи. Илимий мақаланың жуўмағында машқалаларды шешиў ушын пикир ҳәм усыныслар ислеп шығылады ҳәм олар көрсетиледи. Илимий мақланың көлеми кеминде 6 беттен ҳәм оннан көп болыўы талап етиледи.
Илимий тезислер де илимий мақалаларға уқсайды. Бунда да ҳәзирги ўақыттағы жүз берип атырған актуал мәселелер дәлилленип бериледи. Бул бойынша әмелег асырылып атырған жумыслар атап өтиледи. Мәлелерди шешиў ушын пикир ҳәм усыныслар бериледи. Илимий тезистиң колеми 3 бет ҳәм оннан көп болыўы мүмкин.
Илимий мақалаларды ҳәм илимий тезислерди баспадан шығарыў тәртиби сол мақала ямса тезисти баспадан шығаратуғын тәрептиң талапларына сәйкес түрде әмелге асырады.
4.Sabaqliq, oqiw qollanbalar, oqiw metoikaliq ko`rsetpeler tayarlaw tartibi. Сабақлықларды таярлаў сол оқыў орнының мәмлекетлик стандартларына жуўап беретуғын тәртип қағыйдаларға сәйкес түрде таярланады. Сабақлықтың жазылыўы сол пән бойынша тастыйықланған оқыў бағдарламасына сәйкес түрде жазылады. Бағдарламада көрсетилген темаларды толық қамтып алыныўы керек ҳәм басқада талапларды сәйкес түрде орынлаўы керек.
Оқыў қолланбаларда сабақлыққа уқсатып сол пәнниң оқыў бағдарламасына сәйкес түрде жазылады, бирақ ол сабақлықка қарағанда сәл қысқарақ таярланады.
Оқыў методикалық көрсетпелерде сол пәнниң оқыў бағдарламасына сәйкес түрде таярланып, ол сол пән бойынша тапсырмаларды орынлаў ушын көрсетпелер бериў, мәселелер шешиў ушын көрсетпелер, тестлерди шешиў ушын көрсетпелер бериў сыяқлы тапсырмалар, көрсетпелер бериў жолларын әмелге асырады.
5.Pitkeriw qa`nigelik jumislarin jaziw tartibi 5230900 «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» бағдары бойынша тәлим алып атырған студентлер ушын оқыў барысы питкериў қәнигелик жумысын жазып таярлаў ҳәм жақлаў менен жуўмақланады. Қәнигелик жумысы студентлердиң жоқары оқыў орынларында оқыў дәўиринде алған теориялық билимлери менен әмелий көнликпелерин беккемлейди.
Питкериў қәнигелик жумысын жазып таярлаў қойылып атырған мәселениң актуалығын көрсетип бериўден баслап оны толық ақырына жеткериў бойынша қарарлар қабыл етиў, машқала үстинде өз бетинше ислей алыў, соныңдай орынланған жумыс бойынша белгили дәрежеде илимий тийкарланған усыныслар бере алыў көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған илимий-дөретиўшиликти талап ететуғын жумыслар комплекси болып, жумыс табыслы жақланғаннан соң студенттиң бакалавр дәрежесин алыўына тийкар болады.
Методикалық қолланбаның мақсети студентлерди питкериў қәнигелик жумысларының үлги тематикалары, орынлаў тәртиби ҳәм жумысты таярлаў барысы бойынша түсиниклер бериў арқалы жумысты сапалы ҳәм өз ўақтында, белгиленген кестеге муўапық орынлаўға, оны Мәмлекетлик Аттестация Комиссиясы алдына жақлаўға қойыўға жәрдем етеди.
Методикалық қолланба питкериў қәнигелик жумысты таярлаў ушын усыныс етилетуғын әдебиятлар ҳәм қосымшалардың дизими келтириледи. Қосымшаларда питкериўши қәнигелик жумысын рәсмийлестириў бойынша ҳүжжетлердиң үлгилери берилген:
Теманы таңлаў бойынша арзасы
Қәнигелик жумысына тапсырма
Титул қағазы
Сын ҳәм пикир формалары
Бакалавр – қәнигеси жәмийетимиздиң раўажланыўы ҳәм ӨЗБЕКИСТАН Республикасы базар экономикасының раўажланыў стратегиясының перспективалы бағдарларына бағдарланыўы тийис. Сонлықтан методикалық қолланба тезис формасында берилген питкериў қәнигелик жумысларының тематикасы тийкарғы қураллар ҳәм айланба қаржыларды, мийнет ресурслары, тәмийнат, өнимлерди өндириў ҳәм сатыў, искерлик байланысларын орнатыўды өз бетинше шешиўге бағдарланған, меншиктиң ҳәр қыйлы формаларындағы кәрханалардың (қоспа кәрханалар, ижаралық, акционерлик жәмийетлер, концернлер, концерциумлар, кооперативлер, коммерциялық банклер, жеке кәрханалар) базар қатнасықлары шараятында экономикалық искерликти жетилистириўге қаратылған есапты ҳәм қадағалаўды раўажландырыў перспективаларын сәўледендиреди.
Кәрхана базар қатнасықлары шараятында өзиниң әҳмийетли болған ўазыйпаларын шешиўде толық ғәрезсизликке ийе, яғный тийкарғы ҳәм айланба фондлардан, мийнет ресурсларынан, тәмийнат, өнимлерди өндириў ҳәм сатыў, искерлик байланысларын орнатыў мәселелерин ғәрезсиз түрде шешеди.
Бухгалтериялық есап, анализ ҳәм аудит сферасына базар талапларын есапқа алған ҳалда муғдар, сапа, жеткерип бериў мүддетлери, баҳа, сервис ҳ.т.б. усаған өнимлерди сатыўдың перспективаларын қамтыўшы маркетинг машқалалары келип қосылады.
Бухгалтериялық есап ҳәм аудиттиң алдында турған қурамалы машқалалардың нәтийжели шешими көп жағдайларда бухгалтерлер менен аудиторлардың кәсиплик шеберлигиниң дәрежесине байланыслы. Олар басқармадан ямаса қәлеген басқа бир шөлкемлердиң тазыйықларының тәсиринен қорғалғанлығын сезиўи ҳәм өз ўазыйпаларын орынлаў пайтында ҳуқықларының тийкарсыз паймал етилиўи жағдайында қорғалыўына ҳәм қоллап-қуўатланатуғынлығына исениўи оғада әҳмийетли.
Аудиторлық қадағалаў мәмлекетлик меншик искерлиги тараўына кирмейтуғын кәрханалар менен шөлкемлерде әмелге асырылады. Бундай кәрханалар қатарына:
тараўлар аралық концернлер;
бирлеспелер;
қоспа кәрханалар;
ижаралық кәрханалар менен шөлкемлер;
кооперативлер;
коммерциялық банклер;
ассоциациялар;
акционерлик ҳәм жеке кәрханалар киреди.
Аудиторлық шөлкемлер кәрхананың (фирманың) буйыртпасы бойынша төлем уқыплылығы жағдайы мәселесинде турақлы тексериўлер жүргизеди, коммерциялық искерликтиң нәтийжелилигин анализлейди, финаслық есабаттың ҳақыйқыйлығы ҳәм исенимлилиги ҳаққында жуўмақ шығарады.
Базар экономикасындағы ең әҳмийетли мәселелерден бири – бул кадр мәселеси болып табылады. Усыған байланыслы 5230900 «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» бағдарындағы қәнигеликлерге қойылатуғын талап оғада жоқары:
Хожалық жүргизиў усыллары жер жүзлик стандартлар дәрежесинде әмелге асырыўға жағдай жаратыўшы жоқары маманлық дәрежесинде экономикалық билимлерге ийе болыўы;
Студентлерге кафедра тәрепинен тастыйықланған питкериў қәнигелик темалары дизиминен қәлеген темасын еркин таңлаў ҳуқықы бериледи. Студент айырым жағдайларда жумыс темасы мәселесинде өзиниң жеке вариантын усыныўы мүмкин. Бирақ ол оны өндиристиң перспективалылығын ҳәм зәрүрлигин тастыйықлаўшы материал менен тәмийнленген болыўы тийис.
Кафедра питкериўши студентлердиң питкериўши қәнигелик жумыс темаларын таңлап алыў дәўиринде олар ушын мәсләҳәтлер шөлкемлестиреди.
Студент теманы таңлаўда университетти тамамлағаннан кейин дусласыўына туўра келетуғын өз илимий қызығыўшылықларын ҳәм актуал машқалаларды басшылыққа алады. Бунда кәрханалардан буйыртпа сыпатында келип түскен темаларға көбирек әҳмийет бериледи.
Питкериў қәнигелик жумысларының темаларын таңлаў барысында дерлик бурын басланған илимий жумысты даўам еттириў мүмкиншилигин бериўши жазып питкерилген курс жумыслары менен илимий баянатлардың темаларын есапқа алыў мақсетке муўапық келеди. Сондай-ақ, питкериў жумысларын илажы барынша кафедраның хожалық шәртнамалары, инновациялық ҳәм фундаменталлық грантлары менен байланыслы темалар бойынша орынланғаны мақсетке муўапық.
2.Питкериў қәнигелик жумысларының темалары
«Стандарт-кост» усылында өнимниң өзине түсер баҳасын анықлаў ҳәм олардың анализи.
Таңлап алынған теманы бекитиў ушын студент белгиленген формаларда (№1 қосымша) арза бериўи зәрүр. Питкериўши студентлерге темалар ҳәм басшыларын бекитиў сентябрь айында (4-курс) өткериледи.
Питкериў қәнигелик жумысларын ҳәм илимий басшыларын бекитиў университет ректорының буйрығы менен рәсмийлестириледи. Буйрық студентлерге соңғы әмелиятқа жоллама берилер алдында шығарылады.