1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet83/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   79   80   81   82   83   84   85   86   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

4. Питкериў қәнигелик жумысының мазмуны
Питкериў қәнигелик жумысының тийкарғы мазмунында мәселелердиң теориясын үйрениў нәтийжелерин ашып бериў тийис. Материал қысқа, түсиникли тил менен жазылған болыўы шәрт. Сөзлерди ҳәм атамаларды қысқартып алыўға рухсат етилмейди. Сондай-ақ текстти оқыўды қыйынластыратуғын арнаўлы терминлерди қолланыў мәсләҳәт етилмейди. Питкериўшиниң қәнигелик жумысы өзинде экономикалық есап – китапларды жәмлеген ҳалда, иллюстрация, графиклер, кестелер, диаграммалар, схемалар ҳәм тағы басқалар менен безилиўи тийис.
Питкериў қәнигелик жумысының көлеми кестелер, схемалар, графиклер, әдебиятлар дизими ҳәм тағы басқалар есаплағанда стандарт форматта болып 10-15 мың сөз әтирапында болыўы тийис.
Питкериў қәнигелик жумысы кирисиў бөлиминен, таңланған теманың мазмуны ҳәм актуаллығы, мәселелерди өз ишине алыўына байланыслы бир неше баплардан ҳәм жуўмақлаў бөлимлеринен ибарат болыўы лазым. Қәнигелик жумысының ҳәр бир бабы параграфларға ямаса бөлимлерге бөлинеди.

Кирисиў ҳәм тийкарғы бөлимлердиң мазмуны


Питкериў қәнигелик жумысының кирисиў бөлиминде таңланған теманың акуталлығы, мақсети, ўазыйпалары, ҳәм илимий - әмелиятлық әҳмийети сәўлелендирилиўи шәрт. Изертлеў базасының қысқаша сыпатламасы берилиўи керек.
1-бап
Бул бапта таңлап алынған тема бойынша теориялық излениўлер ҳәм түсиниклер сәўлеленеди. Кәрхана ҳәм сол кәрхана қурамына киретуғын, оның үстинен қарайтуғын жоқары шөлкемлерге (министрликлер, басқармалар, бирлеспелер) сыпатлама берилиўи тийис. Кәрханаға шөлкемлестириўшилик техникалық дәрежеси көз – қарасынан, сондай-ақ есаплық дәўир ишиндеги техникалық экономикалық көрсеткишлери бойынша жумысларының баҳасынан келип шыққан ҳалда сыпатлама берилиўи зәрүр. Булардан тысқары есабат жумысларының анализиниң ҳәм аудитиниң шөлкемлестириўи де айрықша атап өтилиўи тийис.
2-бап
Бул баптағы тараў өндирисиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм техгологиялық өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда есап, анализ ҳәм аудитти шөлкемлестириў мәселелерин сәўлелендире отырып, соңын ала усы тараўға тийисли кәрхананың жағдайын сәўлелендириў зәрүр.
3-бап
Бул бап бухгалтериялық есап ҳәм аудиттиң ҳәзирги ўақыттағы жағдайы мәселелерине ҳәм оларды мәмлекетлик, сондай-ақ тараўлық ҳәм кәрхана көлеминде жетилистириў мәселелерине арналады.

Жуўмақлаў


Питкериўши қәнигелик жумысының жуўмақлаў бөлиминде есап ҳәм аудитти жетилиситириў мәселелери бойынша жуўмақлар шығарылып усыныслар берилиўи шәрт. Булар өз нәўбетинде олардың белсендилигин арттырыўға жағдай жаратып, кәрхана жумысының тутас нәтийжелилигине алып келиўи мүмкин.

Пайдаланылған әдебиятлар дизими


Әдебиятлар дизиминде жумысты жазыў барысында пайдаланылған барлық дереклер келтириледи. Дизим төмендеги избе – изликте дүзиледи:
-ӨЗБЕКИСТАН Республикасы нызамлары.
-ӨЗБЕКИСТАН Республикасы Олий Мажилисиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары.
-ӨЗБЕКИСТАН Республикасы Президенти И. А. Каримовтың Пәрманлары, қарарлары,шығып сөйлеўлери ҳәм мийнетлери.
-Министрликлер менен басқармалардың инструкциялық метериаллары.
-Илимпазлардың мийнетлери: моногрфиялар, оқыўлықлар ҳәм басқа да дереклер.
-Газета ҳәм журналлардан мақалалар 1,2,3,4 пунктлердеги материаллар хронологиялық тәртипте, 5,6 пунктлер ҳәриплик тәртипте бериледи.
Ҳәр бир деректе төмендегилер көрсетилиўи зәрүр:
- автордың фамилиясы ҳәм инициалы;
- китап ямаса ҳүжжет аты (атамасы), басып шығарылған жери, баспа аты ҳәм басып шығарылған жылы.

5. Жумысты орынлаў ушын материаллар жыйнаў, оларды системаластырыў ҳәм улыўмаластырыў


Питкериў қәнигелик жумысы ушын материаллар жыйнаў белсендиликти талап ететуғын дөретиўшилик процесс болып табылады. Материаллар питкериў алдындағы қәнигелик әмелияты дәўиринде мәлимлеме – ресурс орайларында, кәрханаларда: бухгалтерияда, кадрлар бөлиминде, қаржы бөлиминде, ишки аудит бөлиминде ҳәм кәрхананың (фирманың) басқа да структуралық бөлимлеринде сондай–ақ, жоқары шөлкемлерде (министрликлерде, басқармаларда, бирлеспелерде) жыйнап алынады.
Орынлаў ушын жыйналған материалларды системаластырыў ҳәм улыўмаластырыў бойынша мәсләҳәт еки басқышта өткизиледи. Биринши басқышта бул питкериў алдындағы әмелият өтип атырған дәўиринде исленеди. Екинши басқышта бул питкериў жумысын орынлаў барысында әмелге асырылады.
Сан көринисиндеги материалларды системаластырыў ҳәм улыўмаластырыў аналитикалық кестелерди дүзиў менен даўам еттириледи. Оларда есабатлық ҳәм базалық дәўирлердеги салыстырыў ушын мәлимлеме, сондай –ақ салыстырмалы таллаў нәтийжелери келтириледи.
Зәрүрлик туўылған жағдайда кестеден тыс есап-китап көрсеткишлери ҳәм сан көринисиндеги мағлыўматлардың салыстырмалы нәтийжелери, сондай-ақ есап – китапларға түсиндирмелер бериледи.
Библиография студент тәрепинен илимий басшысы, сондай –ақ университеттиң мәлимлеме – ресурс орайы хызметкерлериниң басшылығында таярланады.

6. Жумыс бойынша мәсләҳәтлер ҳәм оның ағымдағы тексерилиўи


Қәнигелик жумысын орынлаў барысында студент (тапсырманы таярлаўдан жақлаўға шекем) «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасы оқытыўшыларынан, өзи қәнигелик әмелиятынан өтетуғын кәрхана ҳәм шөлкем қәнигелеринен мәсләҳәтлер алады. Ол жумысты жазыўды илажы барынша заманагөй информацмиялық технологиялардан пайдаланған ҳалда сан көринисиндеги мағлыўматларды қайта ислеў әмеллерин орынлайды.
Студенттиң тийкарғы мәсләҳәтшиси кафедраның профессор – оқытыўшылары қурамынан тайынланған илимий басшысы болады. Илимий басшысы студент пенен бирге питкериўши қәнигелик жумысының темасын қәлиплестиреди, орынлаў ушын тапсырманы (№2 қосымша) анықлайды, питкериў қәнигелик жумысын орынлаў барысында пайдаланылған, усыныс етилген әдебиятлардың, ҳүжжетлердиң, басқа да материаллардың дизимин дүзеди. Студент илимий басшының басшылығында реже дүзип, мағлыўмат жыйнайды ҳәм әдебиятларға шолыў жасап олардан зәрүрлерин таңлап алады.
Питкериў қәнигелик жумысының ағымдағы тексерилиўин илимий басшы әмелге асырады: ол жоба кестесиниң (№3 қосымша) орынланыўын қадағалаўдан, жумыстың ҳәр бир бөлиминиң (бабының) жазылыўын тексериўден ибарат.
Илимий басшы студент тапсырған питкериў қәнигелик жумысының бөлимлерин оқый отырып, материалдың жумыстың темасына сәйкеслигин, сондай-ақ материалды жайластырыўдың қаншелли саўатлы дәрежеде орынлағанлығын тексереди.
Студент өзиниң қәнигелик жумысының соңғы вариантын тәкирар тексериў ушын илимий басшыға комиссия жумысы басланғанға шекем 4 ҳәпте алдын тапсырады.

7. Жумыстың қәлипке келтирилиўи


Питкериўши қәнигелик жумысы материалларын төмендеги избе–изликте жайластырыў зәрүр:

  • титул қағазы;

  • мазмуны;

  • кирисиў;

  • жумыстың баплары;

  • Жуўмақлаў;

  • пайдаланылған әдебиятлар дизими.

  • ҳ.т.б. қосымшалар

Титул қағазы ЖОАБМ ҳәм кафедра реквезитлеринен табылыўы ҳәм сақланыўы тийис. Онда жумыс темасының атамасы, студенттиң илимий басшының фамилиясы көрсетилип, кафедра баслығының қолы болыўы шәрт.


Стандартлық қағаздағы беттиң майдан төмендегише көлемде болыўы шәрт: солдан -2,5-3 см, жоқарыдан -2 см, төменнен -2,5 см, беттиң оң жақтағы шетинен 1,5 см.
Питкериў қәнигелик жумысы компьютерде, «Word» дәстүринде, «Times New Roman»да 14лик шрифтта, қатар аралығы 1,5 интервалда жазылыўы тийис.
Цитаталар беттиң ақырында дереклери көрсетилген ҳалда тырнақшалар менен ажыратылады. Жумыстың бетлери номерленген болыўы тийис. Жумыстың титул бети номерленбейди, кирисиў бөлими 3-беттен басланады.



Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   79   80   81   82   83   84   85   86   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish