1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet82/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

3. Питкериў қәнигелик жумысын жақлаў
Белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген питкериў қәнигелик жумысы (компьютерде таярланган ҳалда оның электрон варианты менен бирге) студент тәрепинен илимий басшыға тапсырылады. Илмий басшы питкериў қәнигелик жумысы талап дәрежесинде орынланғанлығына исеним пайда еткеннен соң, жумысты өз пикири менен бирге кафедра баслығына тапсырады. Пикирде студенттиң белсендилиги, қабыл етилген қарарлардағы жаңалықлар ҳәм питкериў қәнигелик жумысының басқа да унамлы тәреплерине сыпатлама береди. Кафедра баслығы тапсырылған материаллар тийкарында питкериў қәнигелик жумысты студент тәрепинен Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация комиссиясына жақлаўға киритиў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Егер кафедра баслығы студенттиң питкериў қәнигелик жумысын жақлаўға киритиў мүмкин емес деп есапласа, мәселе кафедра мәжилисинде илимий басшының қатнасыўында талқыланады. Кафедра мәжилисиниң баянламасы факультет деканы тәрепинен тастыйықлаў ушын ректорға тапсырылады.
Жақлаўға жиберилетуғын питкериў қәнигелик жумыслары сынға жибериледи.
Сын бериўшилер қурамы питкериўшилерге жумыс бериўши тараў жетекши қәнигелери қатарынан таңланады. Сын бериўшилер сыпатында басқа жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары да таңланыўы мүмкин.
Факультет деканы питкериў қәнигелик жумысын пикир (илимий басшының қолы қойылып тийкарғы жумыс орны тәрепинен мөрленеди) ҳәм сыны (жетекши қәниге ямаса басқа жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларының қоллары қойылып олардың тийкарғы жумыс орынлары тәрепинен мөрленеди) менен бирге жақлаў ушын Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация комиссиясына тапсырады.
Питкериў қәнигелик жумыстың жақлаў тәртиби ӨЗБЕКИСТАН Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы ҳаққындағы Нызам менен белгиленеди.
Питкериў қәнигелик жумысларын жақлаў заманагөй информациялық технологиялары қураллары жәрдеминде презентация формасында шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи.
Жоқары оқыў орнында заманагөй информациялық технологиялары қураллары менен презентация формасында питкериў қәнигелик жумысларының жақлаўын шөлкемлестириў ушын жетерли дәрежеде арнаўлы түрде үскенеленген аудиториялар белгиленеди.
Архив, мәлимлеме – ресурс орайларында ҳәм кафедраларда сақланып турған ямаса интернет ресурсларынан пайдаланылып бирдей етип көширип алынғанлығы рәсмий жақлаўға шекем анықланып тастыйықланған питкериў қәнигелик жумыслары кафедра баслығы билдириў хатына тийкарланып ректор буйрығы менен бийкар етиледи ҳәм питкериўшиге қанаатландырарсыз баҳасы қойылып, питкериў қәнигелик жумысының илимий басшысы кейинги үш жыл даўамында питкериў қәнигелик жумысларына басшы етип бекитилмейди.
Жақлаў барысында қанаатландырарсыз баҳа алған студент келеси сессияда қайта жақлаў ҳуқықы берилген ҳалда басқа университетлердиң окытыўшылары ямаса кәрханалардың қәнигелери тәрепинен сын бериледи.
Сын илимий басшының пикиринен парқы ол жумысқа баҳа берилген ҳалда қәнигелик жумысты қайта тексериўдиң нәтийжеси болып табылады. Сонлықтан сын питкериўши қәнигелик жумысын төмендеги жобада үйренип шығады:

  1. жумыс темасының актуаллығы;

  2. жумыс мазмунын таңланғанлығы, темаға сәйкеслиги (жуўап бериў);

  3. жумыстың илимий бағдарланғанлығы;

  4. студент тәрепинен исленген жуўмақлар ҳәм усыныслардың тийкарланғанлығы, олардың илимий – теориялық ҳәм әмелияттағы қунлығы;

  5. қәнигелик жумысының улыўма сыпатламасы ҳәм баҳасы.

Питкериўши студент тәрепинен орынланған питкериў қәнигелик жумысы Мәмлекетлик комиссия мәжилисинде жәмийетшилик алдында жақлаўға қойылады. Ҳәр бир қәнигелик жумысының жақлаўға қойылыўы күнин ҳәм басқа ўақтын кафедра баслығы белгилейди. Питкериўши студент өзи жақлайтуғын күнге Мәмлекетлик аттестациялық комиссия мәжилисинде тыңлаў ушын баянат жумысты жақлаў барысында өзи пайдаланылатуғын зәрүр иллюстрациялық материал (кестелер, схемалар, сызылмалар, слайдлар) таярлаўы тийис.
Жумысты жақлаў барысы төмендеги басқышларда өтеди:

  • материаллардың жақлаўға таярлығы;

  • мәмлекетлик аттестациялық комиссияға 10-15 минутлық баянат;

  • буннан соң илимий басшысы «қәнигелик жумысы бойынша пикир»ди, ал комиссия хаткери сынды оқып береди.

Комиссия ағзалары жақлаў барысында студентке питкериў қәнигелик жумысының мазмунына тийисли, сондай –ақ илимий басшының жуўмақларына ҳәм сын мазмунына тийисли сораўларды бериўине болады.
Студент негизинен баянат ҳәм сораўларға жуўаплар барысында илимий басшының ҳәм сын мазмунына қайылшылық билдириўи ямаса айырым ескертиўлерге қосылмаў ҳуқықына ийе.
Питкериў қәнигелик жумысын жақлаў нәтийжесин Мәмлекетлик аттестациялық комиссия баслығы дағазалайды.
Питкериў қәнигелик жумысларын жақлағаннан кейин (кеминде 10 жыл) жоқары оқыў орнында сақланады. Ҳәр түрли себеплерге байланыслы питкериў қәнигелик жумысын басқа шөлкем ямаса хызметкерлерге тапсырыў зәрүрлиги пайда болған жағдайда (енгизиў, таңлаўлар, ҳ.т.б) питкериў қәнигелик жумысынан нусқа алынады ҳәм оларға усы нусқа берилип, жумыстың түп нусқасы жоқары оқыў орнында қалдырылады.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish