3.2. Пайдаланылған әдебиятлар дизимин рәсмийлестириў
Курс жумысының ақырында талаба тәрепинен пайдаланылған әдебиятлар дизими көрсетип өтиледи. Дизимде нызамлар, нормативлик ҳүжжетлер, Президент мийнетлери, тараўға байланыслы сабақлық ҳәм қолланбалар келтириледи. Сондай ақ, пайдаланылған әдебиятлар дизиминде басылымлар (газета, журналлар ҳәм топламлар) мағлыўматлары, түрли министрлик ҳәм шөлкемлердиң жыллық есабатлары, интернет мағлыўматлары сайтлары менен көрсетип өтилиўи мүмкин.
Пайдаланылған әдебиятлар дизимин келтирип өтиўде төмендеги тәртипте жайластырыў мақсетке муўапық:
1. Өзбекистан Республикасының Конституциясы.
2.Өзбекистан Республикасының Нызамлары, Президент Пәрманлары ҳәм Министрлер Кабинетиниң Қарарлары.
3. Өзбекистан Республикасы Президентиниң мийнетлери.
4. Түрли министрлик ҳәм шөлкемлердиң буйрық ҳәм инструкциялары.
5. Статистикалық топламлар ҳәм басылымлар.
6.Тийкарғы оқыў қолланбалар ҳәм сабақлықлар (авторлары бойынша алфавит тәртибинде).
7.Қосымша оқыў қолланбалар ҳәм сабақлықлар (авторлары бойынша алфавит тәртибинде).
8. Сырт ел әдебиятлары (авторлары бойынша алфавит тәртибинде).
9. Газета басылымлары (авторлары бойынша алфавит тәртибинде).
10. Алынған патентлер.
11. Интернет мағлыўматлары (сайтлар бойынша алфавит тәртибинде).
12. Изертлеўши тәрепинен басып шығарылған мийнетлер, мақалалар ҳәм қолланбалар.
Әдебиятлар дизиминде нызамлық - ҳуқықый ҳүжжетлер төмендеги тәртипте жазылады:
Ўзбекистон Республикасининг «Бухгалтерия ҳисоби тўғрисида»ги 1996 йил 30 август Қонуни. Ўзбекистоннинг янги Қонунлари. №14. -Т.: Адолат, 1996.
Оқыўлықлар ҳәм оқыў қолланбалар төмендеги тәртипте жазылады:
Исмайлов К.С., Ситмуратов Т., Байжанов С.Х. Финанслық есап. Оқыў қолланба. – Нөкис «Қарақалпақстан», 2010. 191 б.
Газета, журналлардағы ҳәм топламлардағы мақалалар төмендеги тәртипте жазылады:
Исмайлов К.С. Киши кәрханаларда бухгалтериялық есапты жүргизиўди жетилистириў жоллары.//Экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны (материаллар топламы). -Нөкис «Илим», 2011. 114-116 б.
Интернет сайтлары төмендеги тәртипте жазылады:
http://www.fmc.uz
http://www.norma.uz
3.3. Кестелер ҳәм сызылмаларды рәсмийлестирилиў тәртиби
Курс жумысының реңбе-реңлигин ҳәм онда келтирилген мағлыўматлардың анықлығын тәмийнлеўде изертлеўши сызылма ҳәм кестелерден кең пайдаланады. Курс жумысында кестелер, тийкарынан, статистикалық мағлыўматларды баян етиўде, сондай ақ, министрлик, басқарма, кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң мағлыўматларын келтириўде, анық бир математик анық есап-китапларды орынлаўда қолланылады.
Кестелер анық тәртип, нызам - қағыйда тийкарында келтирилиўи лазым. Ең алды менен, кестелер тәртип пенен номерлениўи зәрүр. Кестениң номери оның жоқарғы бөлиминде оң тәрепинде көрсетилиўи керек. Сондай - ақ, кестениң аты ҳәм оның жоқары бөлиминде, орайға тартылған ҳалда сәўлелендирилиўи лазым. Кестедеги көрсеткишлер бир өлшемде көрсетилген болса, усы өлшем бирлиги кестениң жоқарғы бөлиминиң, оң тәрепинде, кестениң атының төменинде көрсетиледи.
Кестедеги ҳәр бир көрсеткиш анық тәртип бойынша баян етилиўи лазым. Көрсеткишлерди сәўлелендириўши номерлер кесте бағаналарында бирлик, онлық ҳәм тағы басқа избе-изликте жазылыўы талап етиледи.
Мәселен:
Тийкарғы қуралларға туўры сызықлы усылда амортизация есаплаў төмендеги формула бойынша есапланады:
Тозыў суммасы
|
|
Дәслепки баҳасы - сапластырыў баҳасы
|
|
10 000,0-1000,0
|
|
|
=
|
|
=
|
|
=
|
1800
|
|
Күтилип атырған хызмет мүддети
|
|
5 жыл
|
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |