1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже


Курс жумысын рәсмийлестириўге қойылатуғын талапларды үйрениў



Download 1,39 Mb.
bet75/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

3.Курс жумысын рәсмийлестириўге қойылатуғын талапларды үйрениў


3.1.Курс жумысына қойылатуғын тийкарғы талаплар
Курс жумысын жазыў ҳәм рәсмийлестирилиўге қойылатуғын тийкарғы талаплар текстти баян етиўдеги илимий тил ҳәм сораўлар ортасындағы өз-ара тығыз байланыстың болыўы есапланады. Курс жумысының структуралық дүзилиўи изертлеўдиң тийкарғы мазмуны ҳәм мақсетин жарытыўға қаратылған болыўы зәрүр. Курс жумысының сораўлары ортасындағы логикалық избе-изликти бузатуғын, оның улыўма мазмун ҳәм нәтийжелерине байланысы болмаған мағлыўматлар курс жумысының текстине киритилмейди. Айырым жағдайларда курс жумысында үлкен әҳмийетке ийе болмаған ямаса жумыстың көлемине тәсир ететуғын дерек ҳәм мағлыўматлар қосымша етип бериледи. Курс жумысының улыўма көлеми 30-40 беттен ибарат болып, қолда ямаса компьютерде жазылған болыўы керек.
Курс жумысында жаңа пикирлерди сәўлелендиретуғын текстлер абзацтан жазылады. Егер текстте шет тилдеги сөзлер, атамалар ямаса гәплер болса, олар тийкарындағыдай етип туўры ҳалда толығынша жазылыўы зәрүр.
Курс жумысында санлай сәўлеленетуғын мағлыўматлар кесте көринисинде бериледи. Мазмуны жағынан олар аналитикалық ҳәм жумыс кестелерине ажыратылады. Аналитикалық кестелер курс жумысында берилген, әлбетте, оған үйренилип атырған машқаланы жарытыўшы анализли жуўмақлар ямаса түсиндирмелерди талап етеди. Курс жумысында аналитикалық кесте мағлыўматларынан көплеп пайдаланылыўы, талабаның алып барылып атырған изертлеўин терең, беккем билиўинен дерек береди. Статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыў текстте бар болған материалды түсиндирип бериў ушын ғана ислетиледи. Баспадан шығарылған кестелерди туўрыдан-туўры көшириў арқалы ямаса алынған дереклерди көрсетпестен пайдаланыў мүмкин емес. Курс жумысында пайдаланылған кестелер жазылып атырған бетке сыймай қалып, кейинги бетке көширип өткерилген ҳалларда кестениң аты қайта жазылады ҳәм «___ - санлы кестениң даўамы» деп көрсетиў талап етиледи. Курс жумысының ҳәр бир сораўы таза беттен жазылады. Сораўдың аты өз алдына, тийкарғы тексттен ажыратылып жазылыўы керек.
Курс жумысы бетлериниң тәртип номери төменнен ортаға қойылады.
Курс жумысының титул бетин «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасында қабыл етилген үлгиге сәйкес рәўиште рәсмийлестириў талап етиледи.
Курс жумысын жақлаўда басшы тәрепинен сын берилиўи шәрт.
Курс жумысында көбинесе мазмунына байланыслы текстен тысқарыда жайласқан кестелер, көргизбели мағлыўматлар, сызылмалар, формулаларға алынған дәрегине силтеме (сноска) бериўге туўры келеди. Текстеги келтирилген сүўретлер, кестелер, бетлерде тәртип номериниң белгиси (№), яғный 3-сызылма, 2-кесте, 13-бет көринисинде жазыў талап етиледи.
Курс жумысында пайдаланылған мағлыўматлардың алынған дәрегин силтемеде сәўлелендириў мүмкин.
Силтемелер беттиң ең төменги бөлимине сызық тартып, абзацтан жазылады. Силтемелер ҳәр бир бетте өз алдына тәртип номери менен көрсетиледи. Кейинги бетте силтемелерге таза тәртип номери бериледи. Силтемелердиң текстеги номер белгиси егер силтеме айырым сөзге ғана тийисли болса, туўрыдан-туўры усы сөзден кейинги, егер пүтин гәпке тийисли болса, гәп ақырында көрсетиледи.
Курс жумысында талаба Президент мийнетлеринен, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел алымларының әдебиятларынан кең пайдалана отырып, олардың сөзлеринен үзинди келтирип өтиўи мүмкин. Бундай жағдайда изертлеўши үзинди келтирилген бетте силтеме берип өтиўи лазым. Силтеме беттиң төменги бөлиминде көрсетип өтилиўи керек.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish