Ӛзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әжинияз атындағы



Download 7,55 Mb.
Pdf ko'rish
bet165/333
Sana09.07.2022
Hajmi7,55 Mb.
#760690
1   ...   161   162   163   164   165   166   167   168   ...   333
Bog'liq
5-секция Информацион-технология бойынша

Әдебиятлар
1. Ережепов С.Е. Флора Каракалпакии, ее хозяйственная характеристика, 
использование и охрана. Т.: Фан.-1978.-300 с. 
2. 
Шербаев 
Б.Ш.Флора 
и 
растительность 
Каракалпакии. 
Н.: 
«Каракалпакстан», 1988.-304с. 
 
CALLYGONUM APHYLLUM НИҢ БИОМОРФОЛОГИЯЛЫҚ 
ӚЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 
 
Базарбаева Х., Отенова Ф., Даўлетбаева Ш. 
Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
 
Қандым 
(Callygonum) 
туўысы 
гречихагүллилер 
(Polygonaceae) 
туқымласына жатады. Қандымлар – Орта Азия шӛллериниң характерли 
ӛсимликлериниң биринен есапланады. Қандымлар қурғақшылық ҳәм 
ыссылыққа жүдә шыдамлы. Қандымлар топырақтың бираз шорланыўына 
тӛтепки береди. Бирқанша түрлери кебирли, щебенли ҳәм шағыл таслы 
топырақларда жақсы ӛседи, бирақ кӛпшилик түрлери ҳақыйқый 
псаммофитлер саналып, ақ сексеўиллер менен қосылып ӛсип, дӛңли-дизбекли 
қумлардың эдификаторлары есапланады. Бираз суўыққа шыдамлы. 
Қарақалпақстан Республикасы территориясында Ж.Сапарниязовтың
мағлыўматы бойынша қандымның 14 түри ӛседи, солардың ишинде 10 түр 
эдификатор (үстем) болып табылады. Бул ӛсимликтиң Арал әтирапы 
Қызылқумда туқым менен кӛбейиўи, биологиялық ҳәм геоботаникалық 
ӛзгешеликлери жоқарыда айтылған тәрепинен жақсы үйренилген [1]. 
Қызыл қандым (джузгун безлистный) – Callygonum aphyllum.
 
Бийиклиги 
1-2 м болған пута ӛсимлиги. Ареалы: Орта Азия (Арал әтирапы, Балхаш 
әтирапы, Қызылқум, Қарақум), ҒМДАның қубла-шығыс Европалық бӛлими, 
Арқа Кавказ, сийрек Батыс Сибирьде ушырасады. 
Қандым ӛсимлиги Арал әтирапы Қызылқумында, тийкарынан, Теңиз 
жағалық киши районда (4 ассоциация), Қарабайлы архипелагы атаўларында 
(2 ассоциация), Белтаў бәлентлигинде (3 ассоциация) ӛседи. 
Арал теңизиниң қубла жағалықларында қандымның характерли ӛсиў 
орынлары болып бийик тӛбешикли ҳәм кӛшпели қумлар (20-30 м) 


236 
есапланады. Олар бул жерде тығызланған, гейде үсти бети азлап дуз 
қатламлы. 
Белтаў бәлентлигиниң тегисликлеринде қызыл қандым кишкене тӛбешик 
қумларда ямаса тегисликтиң орайлық бӛлиминдеги шуқырлықлардың 
тӛбесиндеги 
үлкен 
барханларда, 
сондай-ақ 
бәлентликтиң 
арқа 
түсерликлериниң қумлы ҳәм шағыл қумлы жерлеринде тарқалған. 
Қызыл қандым (C.aphyllum) морфологиялық белгилери бойынша бийик 
ӛскен қандымның басқа формалары менен жүдә уқсас келеди. Ески 
шақаларының қабығы қызғыш-қоңыр түсте. Жас шақалары кӛк жасыл, 
дӛңгелек келип, ески шақаларының буўынынан 2-6 дана болып топланып 
шығады. Жапырақлары жетилиспеген, ярым дӛңгелек, үш бети азғана 
кеңейген, 3,5 мм узынлықта. 
Гүллери қолтықта жайласқан, әдетте 2, қос жыныслы, ақ-қызғылт реңде, 
диаметри 4-7 мм. Гүл аяқшасы 5 мм ге жақын узынлықта. Аталықлар саны 14. 
Аналықлары қызғылт реңде. 
Тамыр системасы күшли шақаланған. Мысалы, 4-5 жастағы түпте оқ 
тамыр (вертикальный) жақсы раўажланған, оның узынлығы 150 см, кӛбирек 
тереңлиги 180 см. Горизонталь (қаптал) тамырлары 17-20 данаға шекем 
болып, олардың жерге кириўи 10-140 см. Тамырлардың тийкарғы массасы 
100 см ге шекемги тереңликте жайласқан. Тамыр әтирапы зонасын арқадан 
қублаға қарап қазғанда – 470 см, шығыстан батысқа – 670 см аралықта болды. 
Шақаланыў характери қубла-батыс ҳәм арқа-шығыс тәреплерде бир қәлипте 
шақаланған. Горизонталь тамырлар – жиңишке, иймекленген, орташа 
тамырланған. Кӛбейиўи вегетатив ҳәм туқымы арқалы. 
Қызыл қандымның мийўелери шартәризли болып, диаметри 15-18 мм. 
Қарабайлы архипелагы атаўлары жағдайларында айырым мийўелериниң
диаметри 20 мм ге жетеди. Қанатлары перде сыяқлы, еки тәрепи 
дӛңгелекленген. 
Туқымының кӛгериў характери бойынша қызыл қандым жер үсти 
кӛгериў типине жатады, яғный гипокотили жоқарыға шығып ассимиляция 
етиўши туқым үлесин жер бетине алып шығады, бирақ туқым қабығы 
топырақта қалады. Тәбийий жағдайларда туқым менен кӛбейиўи жүдә тӛмен, 
топырақта туқымның кӛгериўшеңлиги 11% тен аспайды. Мийўелерин қысқы 
дәўирлерде қойлар жақсы жейди. 
Қандымлардың тәбийий шараятта ӛз-ӛзинен кӛбейиўи майдан
бирлигине, туқымның санына ҳәм оның топырақта тереңликке түсиўине 
байланыслы. Кандымның туқымлары самал жәрдеминде (онемохорлар) 
тарқалады. Самал менен ушқан туқымлар қандымлардың бир түби қасындағы 
ойларда 15 см қалыңлықта қумлар менен жабылады. 
Арал әтирапы Қызылқумы киши районларының экологиялық жағдай-
ларының ӛзгешеликлери қызыл қандым ҳәм басқа да эдификатор түрлердиң 
раўажланыўында фенологиялық фазалардың басланыў мүддетлеринде 
айырмашылықлар туўдырады. 
Кандымлар ушын ерте бәҳәрдеги вегетацияның басланыўы тән. Арал 
әтирапы Қызылқумында қандымның барлық түрлери вегетациясын марттың 


237 
II он күнлигинен баслайды. Айырым жыллары қолайсыз метеорологиялық 
жағдайларға байланыслы ол бирқанша кеш басланыўы да мүмкин. 
Арал әтирапы Қызылқумының ҳәрқыйлы районларында вегетация 
дәўириниң узақлығы биргелки болып келмейди. Қандымлар Арал 
әтирапындағы бәҳәрги суўықларға, топырақтың тоңыўына жүдә сезимтал. 
Топырақтың салқынлығынан вегетацияның кеш келиўи анық билинеди. Аз 
беккемленген қумларда ӛсимликлер, қәде ретинде ерте вегетациясын 
баслайды ҳәм вегетациялық дәўири бираз узақ келеди, ал Белтаў 
бәлентлигинде он күн кеш басланады. 
Кандымлар – қойлар менен түйелер ушын жақсы от-жем. Маллар оның 
жапырақларын, гүллерин, жас шақалары ҳәм мийўелерин жейди. Сондай-ақ, 
қандымлар қумларды беккемлеўши ӛсимликлер болып есапланады. Бул 
айтылған әҳмийетине байланыслы оларды мәденийлестириў керек. 

Download 7,55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   161   162   163   164   165   166   167   168   ...   333




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish