Ӛзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әжинияз атындағы


ТОПЫРАҚЛАРДЫҢ МЕЛИОРАТИВЛИК ЖАҒДАЙЛАРЫН



Download 7,55 Mb.
Pdf ko'rish
bet162/333
Sana09.07.2022
Hajmi7,55 Mb.
#760690
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   333
Bog'liq
5-секция Информацион-технология бойынша

ТОПЫРАҚЛАРДЫҢ МЕЛИОРАТИВЛИК ЖАҒДАЙЛАРЫН 
ЖАҚСЫЛАЎ – АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫН ТУРАҚЛЫ 
РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ ТИЙКАРҒЫ ДЕРЕГИ 
 
Қ.А.Қосназаров, Бердақ атындағы ҚМУ доценти 
Д.С.Садыков, Әжинияз атындағы НМПИ ассисенти 
Қ.Қ.Қосназаров, Бердақ атындағы ҚМУ ассисенти 
 
Қарақалпақстан Республикасының суўғарылып дийқаншылық пенен 
шуғылланатуғын кең аймақлары менен ол жерлерге жақын жайласқан 
егислик майданларында, соңғы, 45-50 жыл ишинде егислик жерлердиң 
топырақ - мелиоративлик аўҳаллары ҳәм гидрогеологиялық жағдайлары 


231 
кескин ӛзгерислерге ушырады. Соның себебинен, республикамыздың 
кӛпшилик егислик майданларында гидроморфлық ҳәм ярым гидроморфлық
ығаллы топырақлардың пайда болыў аўҳаллары келип шықты.
Әсиресе, жер асты изей суўларының қәдди 1-3 метр тереңликте 
жайласқан ҳәм олардың минерализациясы қурғақ қалдық бойынша 1-10 г/л 
аралығында болған топырақлардың аэрация зонасындағы ӛсимликлердиң 
тамырлары тарқалған қабатлардың кӛпшилик бӛлимлеринде (90-95% тен 
артық) интенцив ӛзгерислер ( топырақ структураларының бузылы
ӯ
ы, түрли 
дәрежеде шорланыўы ҳәм) жүз берди [1-122.]. 
Хожалықларда 
ҳәрекеттеги 
коллектор-дренаж 
системаларының 
техникалық жағдайлары қанаатландырарсыз аўҳалда болыўы, айырым
топырақлардың суў-дуз режимлерин басқарыў мумкиншилигине имканият
бермейди ҳәм бул кери тәсирлер ӛз нәўбетинде суўғарылатуғын жерлердеги 
топырақ қатламларының екилемши дузланыў аўҳалларын тезлестирди. 
Усындай экологиялық кери тәсирлер аўыл хожалығы егинлериниң
ӛзбетинше ӛсиўине, раўажланыўына ҳәм басқа да физиологиялық 
процесслерине күшли иркиниш жасайды ҳәм алынатуғын зүрәәттиң сан ҳәм 
де сыпат кӛрсеткишлериниң тӛмен дәрежеде болыўына тәсир жасады.
2008-2012-жыллардан 
баслап, 
республикамыздың 
аймақларында 
коллектор-дренаж системаларын қайта реконструкциялаў жумыслары кең 
кӛлемде әмелге асырылды. Нәтийжеде, суўғарылатуғын жерлердиң 
мелиоративлик аўҳаллары сезилерли дәрежеде жақсыланды ҳәм аўыл 
хожалығы ӛндирисиниң кӛпшилик тармақларында раўажланыўдың қолайлы 
оптимал имканиятлары жаратылды. 
Қарақалпақстан Республикасы аймағында шорланған топырақлардың 
шорларын 
жуўыўдың 
нәтийжелилигин 
арттырыў 
технологияларын 
жетилистириў ( топырақлардың шорланыў дәрежелерин есапқа алыў арқалы), 
киши ойлы-бәлентли топырақ қатламларын тегислеў, дренажлаўдың қолайлы
усылларын қолланыў, ӛсимликлерге тийисли болған агротехникалық
илажларды ӛз уақытында дурыс жолға қойыў алынған ӛнимлердиң сыпат 
кӛрсеткишлерин арттырады.
Әсиресе, егислик жерлерге қосымша жергиликли органикалық ҳәм 
минерал жыныслы тӛгинлерди бериў, алмаслап егиў (жоңышқа ҳәм басқа да 
собықлы егинлерди егиў) системаларын қолланыў, илимий инновациялық 
технологиялардың заманагӛй жетискенликлерин ен жайдырыў қосымша 
ғәрежет келтиреди. 
Улыўма, мәмлекетимизде аўыл хожалығы ӛндирисиниң барлық 
тараўларын турақлы раўажландырыў мақсетинде оның илимий тәриптен 
тастыйықланған ең прогрессив усылларын ӛндириске ендириўде исенимли 
тийкар салынады.
Солай етип, бул ислердиң турақлы даўам етиўи, халқымызды мол және 
сапалы азық-аўқат ӛнимлери менен тәмийнлеў машқаласын шешиўдиң
мәмлекетлик дәстүрлеринде белгилеп берилген ўазыйпаларды мақсетке 
муўапық орынлаўда дәслепки ҳәм ең исенимли кең адымлары басланды 
деген сӛз. 


232 

Download 7,55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   158   159   160   161   162   163   164   165   ...   333




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish