Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


-сҥўрет. Жыйналмалы темирбетон конструкцияларды омборларға жайластырыў



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet126/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   290
Bog'liq
ОМК

16.8-сҥўрет. Жыйналмалы темирбетон конструкцияларды омборларға жайластырыў 
а-фундамент блоклары; б-балкалар; в-қабатлар аралық плиталар;
г-лесница маршлары 
Темирбетон буйым ҳәм конструкцияларды тасыў, складларға жайластырыў ҳәм монтаж 
ушын кӛтериўде қәўипсизлик техникасы қағыйдаларына қатаӊ әмел қылыў керек. 
16.4 Монолит темирбетон конструкциялар 
Раўажланған мәмлекетлер қурылыс комплексинде имарат ҳәм иншаатларды монолит 
темирбетон тийкарында тиклеў актуал мәселе есапланады. Монолит қурылыс системасы 
темирбетон буйым ҳәм конструкцияларды алдыннан таярланған қәлеген формадағы 
унификацияластырылған жыйналмалы қәлиплерге қуйыў менен характерли. 
Монолит усылда имарат ҳәм иншаатлар қурылғанда қурылыс ўақты қысқарады, 
монтаж жумыслары кескин кемейеди, имараттыӊ беккемлиги артады, қурылыс 
майданындағы омборхонаға зәрүрлик болмайды. 
Ҳәзирги күнде аўыр металл қәлиплер орнына жеӊил пишиқ металл ҳәм 
шийшапластиклерден жыйналатуғын универсал қәлиплердиӊ ислетилиўи монолит қурылыс 
системасыныӊ жәнеде раўажланыўына себеп болмақда. 
Монолит темирбетон конструкциялар тийкарынан аўыр ҳәм геўек толтырғышлардан 
таярланады. Турақжай имаратлары дийўаллары ячейкалы бетонлар тийкарында қурылыўы 
мүмкин. Арнаўлы сооружениелер монолит қурылысында жүдә аўыр, ыссылыққа шыдамлы, 
агрессив орталықларға шыдамлы ҳәм басқа түрдеги бетонлар ислетиледи. 
Монолит темирбетон ушын арматура заводда ямаса тиккелей қурылыс майданы 
жақынындағы арматура цехында ири каркас блоклары ҳәм торлары кӛринисинде 
таярланады. 
Бетон араласпасы темирбетон заводында ямаса қурылыс майданындағы бетон қарыў 
орайында таярланады. 
Заводда таярланған бетон араласпасы автобетоновозлар, аралық қысқа болғанда 
автосамосвалларда 
тасылыўы 
мүмкин. 
Бетон 
араласпасы 
тасылып 
атырғанда 
қатламланбаслығы, атмосфера орталығы факторлары тәсиринде қурамы ӛзгермеслиги шәрт. 


120 
Әсиресе, Ӛзбекстанныӊ қурғақ ыссы ықлымында бетон араласпасын тасыўда 
суўсызланыўыныӊ алдын алыў актуал мәселе. 
Ҳәзирги ўақытта қурылыс системасында бетон араласпасын қурғақ ҳалда тасылып ҳәм 
тиккелей объекттиӊ ӛзинде суў менен араластырылып ислетиў жүдә жақсы нәтийжелер 
бермекте. 
Қурылыс майданында бетон араласпасын узатыў кран, транспортер, бетоннасос ямаса 
қысылған ҳаўа жәрдеминде ислейтуғын трубалар арқалы әмелге асырылады. 
Қысылған ҳаўа жәрдеминде ислейтуғын труба тәризли транспорт жәрдеминде бетон 
араласпасын 150 м ге шекем аралыққа узатыў мүмкин. 
Монолит темирбетон конструкциялар үзликсиз ямаса дәўирли усылда ӛз алдына 
блоклар ямаса бӛлмелер кӛринисинде қуйылады. Үзликсиз усыл имарат ҳәм иншаатда 
чоклар болмаслығы ҳәм бетон қурамына арнаўлы талаплар қойылғанда ислетиледи. 
Үзликсиз усылда арматурасы алдыннан керилген темирбетон конструкциялар, 
динамикалық күшлениўлер тәсиринде ислейтуғын фундаментлер ҳәм басқалар таярланады. 
Массив сооружениелер (тўғонлар, градирнялар, фундаментлер) жумысшы чоклар 
менен блокларға ажыратылады, себеби температура ҳәм киришиш тәсиринен пайда 
болатуғын деформацияланыў қурылыс тегислигине ямаса бирлигине зыян жеткизиўи 
мүмкин. 
Бетон араласпасы қатлам-қатлам ҳалда қуйылады ҳәм ишки титреткишлер жәрдеминде 
тығызластырылады. Бетон араласпасы қәлипке қуйылғаннан соӊ, тап бетон жойбардағы 
беккемликке ерискенге шекем парваришланади. Бунда цемент гидратациясы тәмийинлениўи 
ушын температура ҳәм салыстырмалы ығаллылықты зәрүр кӛрсеткишлерде услап турыў 
зәрүр. 
Монолит бетонлаў жумыслары жазда әмелге асырылғанда жаӊа қуйылған бетон бети 
кебиўинен ҳәм жаўын-шашыннан сақланыўы керек. Буныӊ ушын ығалды сақлайтуғын ағаш 
кепеги, қум, шлак порошогы себиў ямаса полимер пленкалар, каноп тоқымалар менен жабыў 
усыныс етиледи. Қәлиплер шешилгеннен соӊ бетонныӊ вертикал бӛлегине суў себилиўине 
рухсат етиледи. 
Ӛзбекстанныӊ қурғақ ыссы ықлым шараятында монолит бетон қуйыў айрықша 
илажларды әмелге асырыўды талап етеди. Бунда бетон араласпасын тасыў, қәлиплеў, әсиресе 
парваришлаш жумысларына айрықша әҳмийет бериў зәрүр. Автомобиль жоллары, аэродром 
қапламалары ҳәм сол сыяқлы бети үлкен темирбетон монолит конструкцияларды қурыўда 
бетонды парваришлаш ушын тӛсеме материаллар (полиэтилен, полипропилен пленкаси ҳәм 
т.б.) ямаса пленка пайда етиўши полимерлер (этинол лаки, гелполимерлер) ислетиледи. 
Монолит бетонлаш қысқы дәўирде орынланғанда бетон араласпасын ҳәм қатып 
атырған бетонды музлаўдан сақлаў тийкарғы мәселе. Монолит бетонды музлаўдан 
асыраўдыӊ түрли усыллары бар. Бетонды ыссылық изоляциясы материаллары менен 
ўақытша орап қойыў, бетон араласпасы қурамына суўдыӊ музлаў температурасын 
пәсейттириўши қосымшалар (натрий хлорид, калций хлорид ҳәм т.б.) киритиў, “термос” 
усылы солар қатарына киреди. Ыссылық изоляциясы материаллары сыпатында ярым бикр 
минерал плита, шийшапахта матлары (тӛсемелер), гидроизоляция қапламалы арболит, 
кселолит плиталары, геўек толтырғышлар ҳәм т.б. ислетиледи. Айрым жағдайларда 
ислетилетуғын “термос” усылына муўапық қуйылған бетон конструкцияға арнаўлы 
ийилиўшеӊ материаллардан жасалған “кӛйлек” кийдирилади ҳәм қапламаныӊ аралық 
бослығына қыздырылған пуў ямаса ҳаўа жиберип турылады. “Термос” усылы кӛп қаржы 
талап ететуғын ҳәм техникалық тәрептен әмелге асырыў қурамалы болған усыл есапланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish