«... Бу антқа ант иштим: қарақалпақ йуртының йабы
урығының Әшмухамед, Ырысбай, Бердибай ясаўыл, Избасар
баҳадур, Әлий бий, Базар Аткетәр уғлы. Ошбу йазылғанлар
ҳәммемиз ақ ханға баш салдук ҳәм тамғаларымызны салдуқ.
Мен Әшнияз ахун бул кишилерниң әмири илә қолум қойдум».
137
Шайық қағазын алдына қойып, маңлайының терин сыпырды.
Жым-жыртлық. Ким пикир айтар екен деген қыял менен хан
сақалын сыйпалап, отырғанларды шолды. Шатырдың босағасында
отырған Дәўлетбай бий менен Убайдулла бийди көрип:
— Не айтасыз? — деди хан.
Еки бий тең түргелип ханға тәжим етти, Дәўлетбай бий жуўап
берди.
— Басын еситпей қалдық, ханымыз.
— Ақ патшаға — орыстың Елизавета Петровна исимли ақ
патшасына аҳиднама, — деди хан. — Ябы урығының бийлери
қуўаты йеткунчә патша ҳәмирине садық боларға, керегинде жан-
тәнини берерге аҳид етип қурап өфкен.
— Түсиндик, түсиндик, ҳәмме билән хатланурмыз, — деди
Убайдулла бий.
Хан олардың отырыўына, руқсат етти. Отырғанлар және самсаз
болысты. Шетиректегилерде өз ара мыш-мыш сыбырлы көтерилди.
Пайыттан пайдаланып Дәўлетбай бий Убайдул ла бийге сыбыр-
лады:
— Басқа бийлери еркли қол қойған шығар, ал Избасар баҳадыр
менен Әлий бий ат қуйрығына байланыўдан қорқса керек.
Убайдулла бий «әстен» дегендей ийек тиследи.
Сыбырлы ортаға өтти. Үлкен бийлер, жасаўыллар бир-бирине
қарасып бир нәрселер дескен болып атыр. Ғайып хан бул мыш-
мышларды шайықтың жақтырмай, шыдамсызлық пенен қабақ
шытып отырғанын көрип, «шиңк» етип күлди. Шайық бурылды,
ашыў менен бурылды. Ханның я түшкиригин, я күлгенин
абайламай қалғанлар да мыш-мышты тоқтатып, солай бурылды.
Шатырға кирген жерге биреў белин шаншып, басына қалпағын
қыстырған екен. Шайықтың көзи түсип:
— Әзизлерим, — деди жүдә зәҳәрли салмақ пенен. — Анаў
қалпаққа қараңлар. Биреў алмаса сол күйинде баз басып тура
береди. Даўыл турса, ушып кетеди. Сол қалпақтың күни туўмасын
десеңиз аҳиднаманы қуўатлаңлар. Пикир айтыңлар. Ҳәмме
бирикпесе, патша қабыл етпейди. Буннан он жыл илгери жазған
антты қабыл етпегенине қарағанда, алаўызлығымызды сезген.
Ийлеўи түспеген қамыр тандырға жабылмайды. Буны билемиз.
Сыртта жүрген жасаўыллардың бири Маманлар киятырғанын
хабарлады. Неликтен де шатырда жанланыў пайда бол ды. Өз
буйрығы бойынша питкен аҳиднамаға пикир айтпай, немқурайды
138
отырған Ғайып ханның көзлери әлле-пәлле болып кетти.
Сезиклениўиниң лекини бар еди: Жунғар ханы өз кеңесгөйинен,
Ғайып хан төменги қарақалпақларды жунғар қол астына өткерсе,
оның әўладының әўладларына шекем ханлық тахты мүнәсиплигине
гүўанама жазып беретуғынлығын айтып жиберген. Ғайып хан
буған бир нәўийе келисим берген еди. Сол ушын оны узатып
салыўға Маманларды алдырған еди. Себеби, ҳәзирги елде бас
көтерип киятырған жаслар сол екеўи; Жунғар кеңесгөйи Түркстан
қаласына барған соң бул екеўиниң кәрин етиўге ўәде етти;
олар елин жунғарларға қарай баслайтуғын болыўы тийис, оған
келиспесе, екеўи де тири қайтпаўы керек. Жунғар кеңесгөйи
қайтармайды! Ғайып хан Есенгелдиден де бетер Маманның бир
сөзлилигин биледи. Қалайынша оның демде келисим берип, аман-
саў қайтқанына исенбей ҳаўлықты. Оның үстине, Түркстанға жетип
қайтатуғын ўакты болған жоқ. Ҳәммеде бир қыйлы еркин қозғалаң
пайда болғанлықтан, ханның отқа күйген қызыл аўырықтай жүзине
урған өзгеристи ҳеш ким аңғармады. Керисинше, Маманның
Есенгелди менен дизилисип жүргенине таңланысты.
— Бәржай болды ма? — деди хан оларды есикте көриўден
отырғанша асығып.
— Бәржай болды, ханымыз, ойыңыздағыны иследик, — деди
Маман.
— Мениң ойымда не барын ким айтты? — деп сескенди хан.
— Өзлеримиз түсиндик, ханымыз. Ақыры, сиз кем сөзлисиз.
Тилиңиздиң төринде не барын билмесек, хызметкер-пуқара бо лыў
бизге дәркар емес. Есенгелди менен ым арқалы ойластық та, солай
иследик.
— Быжық болғанбысаң, қысқа сөйлесеш!
— Инансын деп оның геллесин әкелдик, ханымыз.
Хан қалақ басын қос қоллап қысып, орнына сылқ етип отырды.
Шот маңлайы дүңкийип, ишинен күйинди, тисленди.
— Не өзи, не? — деди шайық ҳаўлығып. Себеби, ол усылайынша
дыққат аўдармаса, ҳәммениң кейпин бақлап алып хан бир шеп
буйрық берип жиберсе, буздырыў қыйын.
— Жунғар ханының кеңесгөйи, — деди Маман.
— Жунғар!!! — Отырғанлар бул сөзди күтә жеркенишли ашыў
менен бирден айтты. Көпшиликтиң таңланыў сестинен Ғайып хан,
басына суўық суў қуйылған шала уйқыдағы адамдай селк етти.
Ырасынан келди:
139
— Аўа, жунғар ханының кеңесгөйи еди. Ол жақтағы қарақал-
пақлар сәлем айтып жиберген. Өзи сизлерге көриниўге қорқты.
Түйениң үстинде буққандай ханның көзкөреки келиспейтуғын
өтирик айтқанын биразлар түсинди, түсинген менен үндеспеди.
— Не себеп өлтирдиңиз? — деди шайық.
— Ханымыз түнде жиберген соң өлтир деген шығар деп
түсиндик.
Бийлер ерксиз ўаҳаҳаласты.
— Гелле қәне? — деди Ырысқул бий. Маман Есенгелдиге ым
қақты. Есенгелди жуўырып шығып шаршыға түйилген түйиншик
әкелип, Маманға берди. Маман түйиншикти жаздырып, қаны
қатып қалған адам геллесиниң сақалынан көтерип апарып, ханның
алдына қойды. Ҳәзир ғана күлисип, ыссыдан терлеп-тепшип отыр-
ған адамларда суўықлық пайда болды. Есик бетте Маман менен
Есенгелди еле тикейип турыпты. Маман ның жүзинде күлки изи
көринеди.
Ырысқул бий геллениң муртларын шөп пенен қыймылдатып,
сол шөби менен көзлерин түртти. Ғайып хан еле кирпидей
жыйырылып отырыпты.
— Жунғарлардың геллесин алмай, алтын арқалатып жиберсең-
әм кеўлиндегисин қыла береди. Гелле қылғаны жақсы болған,
ханымыз, — деди Ырысқул бий.
Мурат шайық өзин жеңил сезди. Адамлар «жунғарды өлтириў
саўап» десип шаўқымласты.
— Изи жаман, — деди хан.
— Қәдигиңиз болса, орыс патшасына антты тезлетейик,
ханымыз. Қоңырат ели аҳид етиўге тайын, — деди Ырысқул бий.
Ырысқул бийден усындай дурыслы өзгерислерди әлле қашан
күтетуғын Мурат шайық:
— Қоңыраттың бийи дурыс айтады, — деди ҳәм ханның
дыққатын күтип, еле тикейип турған Маманларға «отыра бериң»
деген белги берди. Олар мәрдана отырды. Усы гезде бийлердиң,
жасаўыллардың дыққаты және Маманға аўды. Маманның
жүзинен күлки жоғалып, суўық тартыпты. Бул суўықлық оларды
тоңдырғандай ма, я, керисинше, ысытқандай ма, түсиниў қыйын,
бирақ олардың ханнан бир аўыз сөз күтип отырғаны анық.
— Тезлетилсин! — деп салды хан.
— Жақсы шештиңиз, ханымыз, Мусылманның жан шыққан
аўзынан лебиз шығады, — деп бәнт басты шайық.
140
Бийлер де бурынғыдан кеўилли жанланыў пайда болды. Ханға
жақын отырып геллеге қолы жететуғынлардың бәри түрткилеп,
кими аўзына, кими көзине, сақалына, муртына түпиристи.
— Ханымыз, — деди Дәўлетбай бий. — Абылқайыр ханның
Маманға «шаң жутасаң» деген қорқытпай сөзинен қутылыў ушын
үлкен халық орыслар алдында бас ийип, аҳид етиўге тайынбыз.
Жаўырыншамыз қалың болсын.
Соңғы гезде онша сөйлей бермейтуғын болған Есим бий:
— Орыслардың жаўына жаў, елине ел болыў ушын аҳид етиўге
жалайырлар-әм тайын, — деди.
— Жунғар кеңесгөйиниң жүриси тегин болмаса керек.
Табжылмас таў орыс елине арқа сүйейик, — деди Убайдулла бий.
Буннан соң бийлер, жасаўыллар өз руўлары атынан «биз аҳид
етиўге тайынбыз... биз-әм тайын...» дести.
Ҳәзирше сақланып үндемегенлер де болды, бирақ көп даўыстың
астында олар елеспесиз қалды. Көпшиликтиң дүмпиўин Ғайып хан
жуўмақлады:
— Мурат шайық, Ешнияз ахунға адам жибериң, келсин, ҳәммеге
аҳиднама жазып берсин.
* * *
Жаңакент тақырлығының түни ҳәзлик. Гә дәрья таманнан, гә
теңиз таманнан ескен ызғарлы салқын самал, күни менен шаршаған
беденди тез буйықтырады. Сонлықтан ханнан басқалардың ҳәммеси
ашық ҳаўада жатып уйқылайды.
Үйрениспеген жерде биринши ақшам уйқылай алмай Ма-
манның жулдыз санап жатырғанын сезип, басқаларды оятып алмаў
ушын Мурат шайық әстен сыбырлады:
— Уйқыла, ақыллы балам. Усы сапарғы батыл қәдемиң де
қайырлы болды. Кесек геллени көрип ҳәммениң өз геллеси есине
түсти. Аҳиднамалар енди жүдә тезлетиледи.
Маман мыйық тартқан күйинде уйқылап кетти.
* * *
Байқошқар бийдиң Ырысқул бийге еле сол дүңкийиўи еди.
Ырысқул бий Сүйиндик бийлер менен бир шетте, Байқошқар бий
өз тәрепдарлары менен екинши шетте жатады.
141
Есенгелди түнде, Ырысқул бийлерден өз атасы таманға
қайтысын, шабылған жыңғылдай қатар жатырған көп адамлардың
қапталынан өтип баратырып, гүңкилдилерди қулағы шалды.
— Ата-бабамыз да әлимсақтан бери орысларға дос екен...
— Қайдан билдиң?
— Мурат шайықтың шәкиртлери сондай сөз таратып жүрипти.
— Есенгелди әкеси тәрепинде ме ямаса Ырысқул бий тәрепинде
ме?
— Тыныш! Бәримиз ушын хан менен бийлер биледи, — деди
бир ҳөктерек даўыс.
Есенгелди өзине тийисли сораўға жуўап болмай қалғанына
өкиниш пенен атасының қасына келип, төсекке кирди. Таң атқанша
кирпиги айқаспай сол сораўға өзи жуўап излеў менен жатты.
20
Еле бели беккемленбеген ел қыстың әнжамына кирисиўи
лазым. Сол ушын ызғырық басланыўдан аламанның тарқаўына
руқсат етилди. Жаңакент шала қурылып қалды.
Ғажжа-ғаж жумыс ислететуғын бийлерди үйирип отыра
бериўдиң кесенти есапқа алынып, аҳиднама жазыў бираз солғын
жүргизилген еди. Аламанды тарқатып Ғайып хан Маманды тәнҳа
шақырып алды, тапсырды.
— Аҳиднаманы даўамла. Желкесин қасығанды, гежирлерди
аяма! Гелле қыл, баҳадыр!
«...Гелле қыл баҳадыр!» Хан өз буйрығына. қандай астар
қойсын, нени мақсет етсин, әйтеўир, Маманның кеўлин тапты.
Өйтпесе, болмайды. Өз аўылына барған соң ҳәр ким өзинше
хан. Бүлдиргендей қарсылығы болмаған менен, өз ара ойласық-
кеңесигин шубалтатуғын бийлердиң табылатуғыны, сөзсиз. Бундай
жағдайда жеделлик, айбат көп нәрсе ислеп таслайды.
Жас жигитке «баҳадыр» лақабы да унады. Ишинен қуўанды.
Қыялы да йошты. Хан ҳәммеге «баҳадыр» демейди. Жунғар
елшисиниң геллесин көрип түйинген менен, сол думалақ геллениң
бийлерди қорқытып, қозғаў салғаны — ханның күйигине себилген
дәри болған шығар,
Ел шалғай. Аўыллар үзик-үзик. Руў баслықларының жасаўыл-
ларының, бийлердиң атынан аҳиднама жазыў қысы менен даўам
етти.
142
Ким қорқты, ким үгитке ерди, ким тынышлығын гөзледи,
ким Маманлар келетуғын күни пүткил аўылын бир үйге жыйнап
ата-бабасы орыслар менен бирге салған дослық гүзарының
батыл болып, енди, қайтадан, даңғыл жол болатуғынын айтып,
жас Маман баҳадырды марапатлады, ахун аҳиднаманы көширип
үлгерсе, руўдың мөри салынып, тамғасы басылыўы онша мүшкилге
түспейди.
Жазға қарай Жаңакенттиң қурылысы және қолға алынды.
Айнала қорған ишинде, жайлар тикленди. Ғайып хан гөне қыслаўын
таслап Жаңакентке көшти.
Қала журттың үмит арқаўы секилли. Қуўантты. Ал, тек
ханның ғана ҳәр күнги ишкен асы қарақан. Әлле қандай жаў
ке лип қалыў қәўпи тышқан қылып баратыр. Жунғар ханы
кеңесгөйин қарақалпақлар өлтиргенин еситсе, ҳәзирги қоныстың
асты үстине, үсти астына түседи. Оған қосымша «Абылқайыр хан
орыс патшасына өкпелепти-миш» деген гәп еситти. Бул оның өзи
ярым жүрегин муз қылды. Бас бийлерди мәсләҳәтке жыйнаўға
мәжбүр болды. Мәсләҳәттиң келген шешими: ҳәзирше таярланған
аҳиднамалар менен Орь қаласынан, Иван Неплюевтен, хабар
алыныўы тийис. Ол нени кеңес етсе, солай исленсин!
Асығыс түрде Маман баҳадыр менен Полат жасаўылға
аҳиднаманың үлгилери тапсырылып атларына мингизилди.
* * *
Мурат шайыққа белгили Маманның және бир минези — бир
айтқанын қайталамайды. Ойлаған адамға аўыры — бир сөзли
адамның өтинишин орынламаў. Себеби ,оның не ойлап жүргени
белгисиз.
Кейинги бир жылдың ишинде елдиң жәмленгенлиги бурынғыдан
анығырақ сезилди. Күшли, базда ҳәммеге қатал басшы керек екен.
Керегинде өз жақынын да аямай дуйым журттың кеўлинен шыққан
адамға көзкөреки ханның да қәҳәри кәр етпе еди. Ағысқа кеселеп
турыў — жығылыў, мантығыў.
Маманлар Оръ қаласына кеткен соң, Мурат шайық аўылына
барды. Аманлық кеселинен айығып, иске жарап кеткен еди Сонда
да, үйинен күндиз табылды. Ол есигин шайық ашады деп оңы
түўе, түсинде де ойлап па? Ҳәм қуўаныш, ҳәм таңланыў менен
қарындасы Алмагүлден де бурын ушып түргелди. Пүткил елге
143
ҳүрметли адамды, қай жерге отырғызарын билмей, албырағанынан
өзиниң жыртық қылқасын шешип, қапталдағы сабан төсектиң
үстине аўдарып жайды. Шайық гәрдиймеди. Үй ийеси көрсеткен
орынға жайласып отырды. Шайыққа бул сапары ул да, қыз да
әжайып сулыў, келискен адамгершиликли көринди. Ҳал жағдай
сорасты. Соңғы күнлери аҳиднама машқаласы менен Маманның да
келе алмай жүргенин ескертип, кеширим сорағанлықтың мәнисин
билдирди.
Алмагүл чай қайнатты.
Шайық Аманлықтың бабасынан берман қарай гәп қозғап
әкеси Дәнияр жылқыманның ақыллы адам болғанын қысқаша
тәрийиплеп, Аманлыққа өзи ат қойғанын, оның алдында биринши
рет мойынлады. Бул Аманлықтың әкесин қайта тирилткеннен кем
жаңалық болған жоқ. Бүккесине түсип Мурат ша йықтың геўишин
сүйди.
Мурат ақырынлап ғана Айғара бий жөнинде сорады. Аман лық
төмен қарап, шырт-шырт шөп сындырып отырып жуўап берди:
— Айғара бий ме, ата? Оның өз елинде теңи-тайы жоқ адам
шығар деп пәмледим.
— Қызы-ше?
Аманлық басын көтерди. Қойыў қара қаслары қыймылдап, қара
көзлеринде күлкиниң изи ушқынлады.
— Шайық ата, илаҳийда зор қыз.
Ол усылай десе де, шайық сумлық пенен сорап отырған
шығар, қыз алмаған балалары бар. Маманға қыянет ислеп, соларға
әпермекши шығар деген қәўип пенен, сағадан бөгет баспақшы
болып, жуўабын жалғастырды.
— Шайық ата, ол қызды Маман аға «аламан» деди. Ағалары
берермен болды.
Мурат шайықта екилениў пайда болды: сонда неге ол өзине
айттырмай, буған усынады? Ҳа, ҳа, Аманлықтың қаслары қыбырлап
көзлери ушқынлаўына қарағанда, қызда мейли бар, Маман, бәлким
усыны сезгенди.
Шайық көп отырмай туўрысынан келди.
— Маман Айғара бийдиң қызын саған әпериўди соранды,
балам.
Қуўаныштан ба, қорқыныштан ба, Аманлық Мурат шайыққа
тигилиўи менен лал болып, тастан жонған сүўреттей қыймылсыз
қалды. Ҳәттеки, кирпиклери де қозғалмады. Сырттан еки сексеўил
144
алып келген Алмагүл әжағасын көрип, ша йықтың аяғына жығылды.
— Атажан, әжағамды бәддиўа етпең. Соранаман, ата! Сорана-
ман!...
Мурат шайықтың өзи де аң-таң. Кесесиндеги суўып кеткен
чайын Аманлықтың бетине серпип жиберди. Ол шоршынып, өзине
келди. Басын силкти. Алмагүл шайықтың геўишине тамған көз
жасын алақаны менен сыпырып түргелди.
— Ырас айтып отырман, таңланба, балам, — деди шайық. Бул
сениң жораң Аллаярды өлтирип қойғаны ушын Маман ның өзине-
өз жазасы.
Бул түсиник шайықтың аўзына қайдан түсти? Өзи де аңғармай
қалды. Бирақ дурыс таўып айтқанын Аманлықтың дирилдегенинен,
әпшеринен, кемсеңлеген ийегинен сезди.
— Солай, балам. Маманның ўәдеси атылған оқ. Артқа теппейди.
Тәкирарлайман. Атыңды баға бер. Келеси жумаға Избасар баҳадыр
менен алып қайтасаң.
Шайық ылашықтан шықты. Аманлық я түси, я оңы екенин
түсинбей, бедениниң ҳәр мүшесин шымшып тартып, ылашыққа
сүйениўи менен шайықтың изинен қарап қалды.
21
Қыс айта қалғандай суўық келмеди: қарлы-бораны аз, қуяшлы
күнлери көп болды. Жалаңаш, жалпылықлар билинбеди. Жанға
жайлы бул қыс еки ел арасындағы кепсерди беккемледи: Айғара
бий Избасар баҳадырдың қулақ қағыс гәпине-ақ ийди. Қызын
беретуғын болды. Енди еки аўыл арасында да бурынғыдай мәзи
қатнас, ҳақыйқый келисим менен сүйек алысыўға тийкарланған
қудамдалылық басланды. Журт көриўге Айғара бийдиң
Мырзабеклери келип кетти. Өзине тәбия қатар-қурбылары менен
келди. Мурат шайық оларды өз үйине түсирип, ҳүрметли мийман
қылды. Заманабий күтти. Дараўара табақ, екеў ара гелле қойды.
Кыс онша суўық болмағаны ушын ба, бәҳәр ҳәр қашанғыдан
ерте кирди. Ҳәр бир атқан жаңа таңнан өмирге жақтылық күтип,
ҳәр күнги таң қуяшына жақсы үмит артатуғын халықты, бәҳәрдиң
дәслепки белгилери-ақ шексиз қуўандырды. Күнлер жыллы. Бала-
ларға шекем шад. Ушып келген бәҳәр қусларының жаңа түрлерин
көрип, алақанларын шаппатласады, қуслардың изинен жуўырысады.
145
Усы бәҳәрде бир өзгеше бир қус пайда болды. Бул қус аспанда
ушып келмеди. Жер менен келди. Орь қорғаны таманынан келди.
Буған қуўанып ҳәм таңланып аўыллары бойынша көзлери менен
узатып салмаған адам жоқ. Үйлер менен төлелердиң, ылашықлар
менен бастырмалардың есиклеринен бас шығарып, ҳәммениң
қараўына мәжбүр еткен бул бәҳәр қусы — Дмитрий Гладышев
минген күйме еди. Маман менен По лат жасаўыл ертип киятыр.
Қос ат жегилген күймедеги орыс адамын журтқа көз астынан
көрсетип, ақбоз атлы Маман күлип киятыр. Ийнеўлерге сүйенип
қараўшылардың үмит ушқынларын лаўлатып киятыр.
Күйме Жаңакент қаласына, Ғайып ханның отаўына келип
тоқтады.
Ертеңине таң азаннан аўыллар бойлап жасаўыллар, шабарманлар
атланды.
«Митрий төре туп-туўры ақ патшадан келген...» «Қара қалпақ
бийлериниң өткен сапарғы өтинишине уллы патшасынан лебиз
алып келген», «Төрт сан қарақалпақ елине патшаның
сәлемин алып
келген», «Әййемги дослықты тиклеўге кел ген»... «Ақ патшаға арзы
қылыў ушын адам әкетиўге келген» «Өзи менен әкетиўге келген...»
Усындай қуўанышлы уйғарыўлар Жаңакент қаласынан шыққан
ҳәр бир шабарманның аўзынан еситилди. Ҳәттеки, қаладан
көтерилип ушқан ҳәр бир бәҳәр қусының ҳәр муқамға салып
сайраўынан, кең қарақалпақ даласы үстинде пәлпеллеп қанат
қағыўынан да еситилди, аўыллар бойлап тарады.
Дмитрий Гладышев Маман бий менен ушырасқанда, аҳиднама-
ның бир үлгисин Иван Неплюев пенен бирге көрип шыққан
еди. Келген соң, қанша бий, қанша жасаўыл, қанша ақсақаллар
ақ патшаға ант таярлағанын Маман бийден еситкенине қарамай,
шақыртылған бийлер жыйланаман дегенше, Ғайып ханның
үйиндеги барлық аҳиднамаларды алдырды. Мансур дилмашынан
оқыўды өтинди.
Do'stlaringiz bilan baham: |