Төлепберген қайыпбергенов қарақалпақ ДӘстаны


башсалдым, ўә қолум қойдум, ўә тамғам бастым. Мен Әшнийаз



Download 4,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/14
Sana16.06.2023
Hajmi4,37 Mb.
#951890
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   14
Bog'liq
Maman biy (толык)

башсалдым, ўә қолум қойдум, ўә тамғам бастым. Мен Әшнийаз 
ахун Байкочкар бий әмири илә хат салдым»
Шақыртылған бийлер менен жасаўыллардың алды келе баслады. 
Таяр аҳиднамалар оқып түўесилмей-ақ жыйнастырылды.
Тийисли адамлардың ҳәммеси келип болғаннан кейин Дмитрий 
Гладышев оларға ақ патша тәрепинен болған жаңалықларды 
хабарлады. Аҳиднамалардың көпшилиги менен танысқанын айтты. 
Олардың таярланыўына басшылық еткени ушын уллы дәрежели 
патшасы атынан Ақ патшаның кеңесшиси Иван Неплюев атынан 
Ғайып ханға алғыс айтты ҳәм усы аҳиднамалардың баслаўшысы 
қылып жаңа бир аҳиднама таярлаўды мәсләҳәт етти.
— Төремиздиң мәсләҳәт еткен аҳиднамасы сондай болыўы 
керек-ким, — деп Мансур дилмаш төресиниң айтқанларын 
түсиндирди. — Бунда халқыңыздың гүллән талабы, арзу-әрманы 
өз ифадасыны тапсынлар.
Бул ой барлығына унап қалды.


148
— Ақ патша Абылқайыр ханға Қутлумбат мырзадан сыйлықлар 
берип жиберген... Биз ҳештеңе талап қылмадық. Қылмаймыз 
да. Орыс патшасын төбемизге көтеремиз, — деди Ырыс қул бий 
биринши.
— Уллы дәрежели патшамыз Елизавета Петровнаның аты на усы 
гәпиңиз ҳәм жазыла берсин, — деди Гладышев. Оның шыны менен 
айтқаны отырысынан-ақ, даўыс толқынынан-ақ билинди. Бийлер 
ҳештеңе қыпсаламады. Ҳәр ким өз ойын ортаға салды. Қазақ 
бийлериниң неше мәртебе шабыўыл жасағаны да гәп болды. Орыс 
патшасының қол астына жиберилген саўдагерлердиң көпшилиги 
қайтарылмағаны ҳаққында айтылды. Қулласы, еллер арасында 
қандай өкпе-гийнелер болса ашықтан-ашық ортаға салынды. 
Гладышев айтылғанлардың ҳәммесин қалдырмай, жасқанбай 
қағазға түсире бериўди кеңес етти.
— Өрисимиз тар, — деп қойды Ғайып хан.
Бийлер тәрепинен болған тилеклердиң ҳәммесин Мурат шайық 
жазып отыр еди, ханның бул гәпи оған жақпай қалды. Гладышевқа 
да жақпағанын оның жүзинен байқады. Сонлықтан Маманға:
— Ханымыздың тилеги ақ патшаға тәнҳа айтылатуғын ақыллы 
тилек, ядлап ал, — деди,
Хан қарсыласпады.
Бул ант қағазларды Петербургқа ким әкетеди? Ақыры, жол алыс. 
Алты айлық жолға жетип қайтыў ушын қарыў күш, төзимлилик 
керек. Бул да аз. Патшаға дәдимәмиле айтқандай даналық керек, 
Маманның аты бурыннан аўызда бар ат. Оған дыррықшылық жоқ. 
Ишинен шулғып отырғанлар болмаса, сыртынан кимниң табаны 
Петербургқа тартып турғаны намәлим.
Маман, қасына Полат жасаўылды қосып берсе, әкететуғынын 
айтты. Полат жасаўыл бийлердиң алдына ийилип, халқының 
тапсырмасы ушын дүньяның қайсы буршына да пайыў-пияда 
кетиўге ҳәзирлигин айтып, бас ийди, — қуран өпти.
Бийлердиң кеўли толып отыр. Петербургқа әкетилетуғын 
антлардың бир-бир данасы Оренбургта Иван Неплюевке 
тапсырылыўы тийис екен. Оларды апарыў ушын Сүйиндик 
бийдиң иниси Сағындық баҳадыр, қытай руўының бас жасаўылы 
Шер жасаўыл, хаткерликке Мурат шайықтың ортаншыдан те-
те улы Маман шайық белгиленди. Егер Иван Неплюев керек деп 


149
тапса, Мурат шайық өз улы Маман шайықты аманатқа қалдырып 
кетиўине де келисим берди.
Аз ғана тарыс шығарған мәселе жуўмақлаўшы аҳиднамаға 
кимлердиң атын жазыў үстинде болды. Ғайып ханның атына ҳеш 
кимниң даўы жоқ. Бийлер аз ғана ўарра-ўаррадан кейин, Ғайып 
ханның изинен Мурат шайықтың ҳәм Ырысқул бийдиң атларын 
жазыўға келисти.
Пүткил халықтың тәғдири үстинде гәп болып отырғанда, ким 
көрсетип тирсекейлик қыла алсын? Уйқысы келген я шаршаған 
адам болмады. Ҳәмме йошлы, ҳәмме қуўанышлы.
Бундай салтанат ушын той берилиў керек!
Песиннен таң атқанша қозғалмай, көзгир алмай отырған 
бийлердиң арасынан бул усынысты ким жасағаны намәлим қалды. 
Лекин, ҳәммениң жүзинде үлкен иске ғамхорлықтың нышанларын 
ушқынлатты.
— Әлбетте, той берилсин!
— Пүткил ел бойлап той берилсин.
— Той қуданың ғәзийнеси, түтин түтеткен ҳәр бир шаңырақ 
той берсин...
Таўықтай, қараңғы түсиўден өли төсекке киретуғын Ғайып 
ханға шекем бүгин шаршадым демеди.
Дмитрий Гладышев қарақалпақ бийлеринде бундай аўызбир-
шилик бар деп ойламаған еди. Ҳәм таңланып, ҳәм қуўанып 
отырды. Ғайып ханды уйқылап қалмасын дей ме, ара-тура оны 
хошаметлейди.
— Бәри сизиң даналығыңыздан, Ғайып хан.
Той жөнинде ҳәмме усыныс көрсетип атырғанда, Маман бий 
куры қалмады, пайыттан пайдаланды. Әстен сөйлеп, Ай ғара 
бийдиң қызын елге келин қылып, тойды тойға уластырып жиберсе, 
шеп болмайды, деген тилек билдирди.
— Ығбалы артқан елдиң еки тойы бир болады, — деп қуўатлады 
бийлердиң бири.
— Еки бастан пүткил елимиз бойлап той берип, қәдирлесимиз 
Айғара бийлерди шақырмасақ той емес, — деп қойды екинши бий.
Бийлер бир-бирине қарсы келмеди. Бүгинги ақшам сондай 
бирлик ақшамы болды, ким не утты, нени уттырды, ол үстин де 
ойланбады. Илайым, соңынан да ойланбағай!


150
Жарқырап қуяш шықты. Бийлер атланды. Жаңакент қаласынан 
ҳәр ким өз аўылына тарқады. Той әнжамы көриледи, үлкен той 
басланады!
Мурат шайық Избасар Баҳадырға ябының бес-алты бийин 
қосып, Айғара бий аўылына атландырды. Олар Аманлыққа ке лин 
түсиреди ҳәм пүткил табын руўына қосып, Керей, Адай руўларын 
тойға шақырып қайтады.
Ғайып хан уйқыға жатты.
Дмитрий Гладышев пенен Маман суўық суўға жуўынып алып, 
ҳәр қайсысы бир атқа минди. Ҳеш кимге елеспесиз аўылларды 
аралаўға кетти.
* * *
Той тәтәрриги тутылмаған аўыл жоқ. Батыстан шығысқа, 
шығыстан батысқа, арқадан қублаға, қубладан арқаға атлы лар 
шабысыўда.
Айғара бий ерлепти. Жаўшыларды иркпей, қызын берип 
жиберипти...
Той Мурат шайық аўылынан жетим Аманлықтың келиншек 
түсириў тойынан саға алып, бир-бирине уласып кетти.
Уллы ис үстинде қазақ руўларынан шақыртылғанлар қалмай 
лөк келди. Пүткил Киши жүз азаматларының жартысы дерлик 
келди. Барлығы да ҳақ көкиреклерин ашып, дослық жүреклери 
менен келди. Ел мийман күтиўде де намысын қолдан бермеди. Ябы 
менен Жалайыр аўылларына жайласпағанлар Қоңырат, Кенегес, 
Маңғыт аўылларына бөлинди. Жигитлериниң өзлери ертип 
әкетти. Улыстың уллы күнлеринде ала көзлер орынларына түсип, 
ҳәттеки, душпаныңа да күлип қараўға туўра келеди екен. Жүз 
түйе тартқан Бухара, саўдагерлери келип қалды. Бурын олардан 
бажы өндирилетуғын еди, енди олардың ҳәр бири елдиң қәдирли 
мийманына айланды. Түйелерине, атларына жем алып, кеўип кеткен 
азық-аўқатын жаңа пискен азық-аўқатқа алмастырды, шаршаған 
кәрўан көклеп өзлерине ҳәм көликлерине дем берди. Тойдың 
ишинде бастан ақырына болып кетиўге иркилди. Сонлықтан, 
оларға да үйлер бөлинип, от жаққышлар бекитилди. Солай етип, 
аўылларда қонақсыз шаңырақ, хызметсиз жигит қалмады. Халық 
бириксе, бир жақсы, нәрсе ҳәммениң жүрегине тең орнықса, руўлар 


151
арасындағы өкпе-гийнелер теңизге түскен тастай бийбелги шүмеди 
екен. Ың-жыңлар, ўарра-ўарралар еситилмеди, алаўызлықлар 
сезилмеди. Барлық тирсекей пикирлер қуўаныш теңизине батып 
мантықты.
Гүллән тамашаны бир жерде — Жаңакент шәҳәри қасындағы 
алаңлықта өткериў белгиленип, халық ағысы солай бу рылды.
Ҳеш ўақытта болып көрмеген улыўма халықлық тойға 
таңлайын қақпаған, «пах!» демеген жан жоқ. Халық неге шебер 
болса, бәри исленди: ғобыз ба, доңызқабақ па, дуўтар ма, домбыра 
ма, сырнай ма, үшпелек пе, баламан ба.. — барлық саз әсбаплары 
жаңлады. Гүрес тутылды, қошқар дүгистирилди, көкмар берилди, 
айлаўға атлар қашырылды, қоразлар урыстырылды, түйелер 
жарыстырылды, қолда бағылған кийиклер жарысы өтти, қәлпелер 
қус ушырып аңлар алдырды, қысқасы, ертекке усап кетти бул 
тойлар.
Той тарқар күн — Маманларды жолға узататуғын қуяшлы, 
ҳәр қашанғыдан жақты, инабатлы күн туўды. Сан мың аламан 
Жаңакент шәҳәриниң дәрўазасының алдына келип топланды. Енди 
Маман жолға шығады, олар узатады, ҳақ жол тилеп қалады.
Дәрўазада балталы жасаўыллар көринди, демек, хан киятыр, 
үлкен салтанат пенен киятыр.
Журт силтидей тынған, көзлери дәрўазада.
Өзиниң ини-балалары, жасаўыллары қоршаўында Ғайып 
хан менен Дмитрий Гладышев алда, изинен Мурат шайық пе-
нен Ырысқул бийдиң ортасында Маман, олардың изинен бийлер, 
жасаўыллар, батыр-баҳадырлар топланыўы менен шығып киятыр. 
Түркмени қызыл нағыслы гилемлер менен жабылған қос өркешли 
нардан соң, дәрўазадан шыққан бенде болмады. Нардың үстиндеги 
ақ сәллели мелле шапанлы, жиңишке, арық адам Ешнияз ахун
дәрўазадан ийилмей тиккесине өтип, тоқтады. Хан оған қол 
силтеди. Ешнияз ахун сол қәлпинен еңкеймей, қолындағы 
шыйратыўлы қағазды алдына жайды.
Аламанның дыққаты Ешнияз ахунның жиңишке қолларында 
шытырлап желбиреген қағазға аўды. Аламан үстинде ахунның 
қырәәтке салынған даўысы ҳүкимдарлық етти:

Download 4,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish