Шөлкемлестириў илажлары


§7. Бригадалар менен ўақтыншалық жоқары частоталы байланыс



Download 0,81 Mb.
bet50/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§7. Бригадалар менен ўақтыншалық жоқары частоталы байланыс
қураллары.
465. Көшпели жоқары частоталы байланыс қураллары үскенелерин орнатыў ҳәм жыйнас-тырып алыў еки адамнан кем болмаған бригада ағзалары тәрепинен әмелге асырылады. Бунда бириншиси IV-топарға, екиншиси болса III-топарға ийе болыўы шәрт.
466. Антенна 110 кВ кернеўгеше болған ҳаўа линиялары үскенелериндеги пәстки сымнан кеминде 3 метр аралыкта, 154 ҳәм 220 кВ кернеўли ҳаўа линияларындағы пәстки сым-нан болса 4 м аралықта орнатылыўы зәрүр. Антенна сымларының асылыўы ҳаўа линиясы сымынаның асылыўынан бослаў болыўы керек.
467. Антеннаны илдириўден алдын пост пенен биргеликте антенна орамы 1-1,5 м бәлент-ликте бағанаға беккемленип жерге жалғап қойылыўы зәрүр.
Антенна сымының постқа киретуғын ушы усы пост ишиндеги дроссел арқаны ҳәмде дроссел менен параллер жалғанған жерге жалғағыш пышағы арқалы жерге жалғаныўы эәрүр. Дроссел менен параллел 1 кВ кернеўли разрядник жалғаныўы шәрт.
Антеннаны әсте-ақырын силкитпей тартыў зәрүр.
468. Антеннаны көтериў ҳәм түсириў ўақтында еки бағана аралығындағы трассаның ше-тинде турған бир хызметкер антенна сымын кернеў астындағы ҳаўа линия сымына 466-бәндте көрсетилген аралықтан кем аралыққа жақынласпаслығын бақлап турыўы зәрүр. Көтерилип атырған антенна сымы астында турыў қадаған етиледи.
469. Антеннаны жығыўдан (қулатыўдан) алдын оны жерге жалғағыш пышағы ямаса көш-пели жерге жалғағыш жәрдеминде жерге жалғаў зәрүр.
§8. Диспетчерлик ҳәм технологик басқарыў қуралларының аппарат ханалары.
470. Электростанция ҳәм жәрдемши станция электр үскенелериниң аппарат ханаларына ор-натылған байланыс үскенелеринде ислеў, оларды тармаққа жалғаў ҳәм тармақтан үзиў ҳәм сондай-ақ телефон байланысы, радиотрансляция аппаратларының оңлаў жумыс-лары III-топарға ийе болған бир хызметкер тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.
471. Ҳаўа ҳәм кабель байланыс тармақлары жалғанған ҳәм оларды жалғаў-сынаў стойкала-ры, узақтан басқарылатуғын дерек стойкалары, кернеўди автоматик басқарыў стойкасы, ток бөлистириў стойкасы алдындағы жерге резиналы диэлектрик гилемше төселген ямаса изоляцион тахта сыпа қойылған болыўы шәрт.
472. Узақтан басқарылатуғын деректен электр тогин алып атырған үскенелер чехолларына олар кернеў астында екенлигин ескертиўши қорғаў белгилери бояў менен сызылған болыўы шәрт.
473. Қыдырыў контактлерин ҳәм релелерин жуўыў тек олардан кернеў алынғаннан кейин ислениўи зәрүр.
474. Үскенелерди тазалаўда металл менен оралған щеткалардан ҳәмде шаң тартыўшы аппа-ратларының ушы металдан исленген шлангалардан болса пайдаланыў кадаған етиледи.
475. Аппаратлардағы лампаларды тек олардан кернеў алынғаннан кейин алмастырыў керек. 250 В кернеўгеше болған лампаларды кернеў астында қорғаў қуралларынан пайда-ланып алмастырыўға рухсат етиледи.
476. Кириў-сынаў стойкаларына ямаса кросстың қорғаў шегарасына жалғанған байланыс тармақларында 42 В тан жоқары бийтаныс кернеў пайда болса (электр линиялары, узақ-тан басқарылатуғын дерек аппаратурасы ҳәм басқалар арқалы), нәўбетши хызметкер бундай тармақты қорғаў қураллары жәрдеминде өшириўи ҳәм изоляция етип қойыўы шәрт. 42 В тан жоқары бийтаныс кернеў пайда болғанлығы туўрысында усы кәрхана нәўбетшиси ямаса ол жоқ болған жағдайда жоқары шөлкем нәўбетшисине хабар етили-
ўи керек.
Разрядниклер ҳәм сақлағышлар усы аппаратлардан бийтаныс кернеў алынғаннан кейин алмастырылыўы мүмкин.
477. Ҳаўа линиялары ҳәм өзгермели ток пенен ислейтуғын электрлестирилген темир жол тә-сирине түсетуғын байланыс тармақлары аппаратларындағы жумыслар, тармақ қорғаў үскенелерин алмастырыў диэлектрик қолғапта (ямаса изоляцион дәстели клещти ис-летип) ҳәм қорғаў көз әйнегин тағып изоляцион диэлектрик гилемше төсеп ислениўи шәрт.
478. Жергиликли телефон станциясы коммутаторы ҳәм автоматика телефон станциясының жалғаў столындағы телефонистлердиң жумыс орны акустик удардан шеклегиш пенен қорғаў исленген болыўы зәрүр. Гүлдирмама ўақтында телефонистлар микротелефон гарнитуры орнына микротелефон трубкасынан пайдаланыўлары керек.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish