§3. Нәўбетшисиз күшейтиргиш пүнктлери аппаратлары. 442. Нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлериндеги барлық жумыслар қурамында IV-топарға ийе бол-ған жумыс алып барыўшы ҳәм ағзасы III-топарға болған бригада тәрепинен әмелге асырылыўы керек.
443. Турақлы самаллатыў қурылмалары болмаған нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлериниң ханаларында жумыс ислегенде олар жумыс алып барыўшыдан дәслеп ҳәм ислеў даўа-мында самаллатылыўы зәрүр. Жумыс ўақтында хана есиги ҳәмме ўақыт ашық болыўы шәрт.
Турақлы самаллатыў қурылмалары болған нәўбетшисиз күшейтиргиш пунктлериндеги барлық самаллатыў ханалары жумыс ўақтында ашық ҳалда болыўлары керек.
444. Узақтан басқарылатуғын дерек аппаратларын сынаўдан алдын барлық нәўбетшисиз күшейтиргиш пүнктлер ҳәм оларды дерек пенен байлаўшы нәўбетшиси болған күшейтиргиш пүнктлери арасында телефон байланысы шөлкемлестирилиўи зәрүр.
445. Узақтан басқарылатуғын дерек аппаратларынан айырым платаларын алыў жумыс басшысының рухсаты менен усы аппараттан кернеў алынғаннан кейин әмелге асы-рылыў зәрүр. Кернеў астында болған аппаратларды оңлаў қадаған етиледи.
§4. Ҳаўа байланыс линиялары. 446. Электрлестирилген темир жол, трамвай ҳәм троллейбуслардың контакт электр тармағы менен кесискен жерлериндеги ҳаўа байланыс линиялары сымларын оңлаў ҳәм тазасына алмастырыў, дүзетиў орынлаў жойбарына тийкар, контакт электр тармақлары бөлими ўәкили қатнасында усы тармақты өширип ҳәм жерге жалғанғаннан кейин ислениўи зәрүр.
447. Бөлек жасайтуғын хожалық көшелериндеги ҳаўа линиялары үстинен байланыс линия-сын тартыў ўақтында өтип баратырған хожалық ҳәм транспорты ескертип турыў ушын қолында байрақшасы болған сигнал бериўшилер қойылыўы шәрт.
448. Ҳаўа линиялары астынан кесип өтетуғын ҳаўа байланыс линиялары сымларын тартыў ҳәм өнлаў ўақтында усы қағыйданың 35,343-бәндлери талапларын сақлаў зәрүр.
449. Жумыс баслаўдан алдын ҳаўа байланыс линиялары сымлары менен жер аралығында 42В жоқары болған кернеў жоқлығын тексериў керек.
Ҳаўа байланыс линиялары сымларында 42 В жоқары кернеў барлығы анықланса усы кернеўдиң пайда болыў себеплери табылмағанша ҳәм оны 42 В қа кемейтириў илажла-ры көрилмегенше жумыс ислеў қадаған етиледи.
450. Кернеў тәсири астында болған ҳаўа байланыс линияларында жумыс ислеў ўақтында усы қағыйданың кернеў тәсири астында болған ҳаўа линияларында ислеўге ылайықлы XV-бап §3 талапларын пайдаланыў зәрүр.
451. Кернеў тәсири астында болған ҳаўа байланыс линиясы сымларын жерге жалғаў дре-наж орамлары арқалы көшпели жерге жалғаў үскенелерин орнатыўда исленетуғын штанга жәрдеминде орынланыўы керек.
452. Кернеў тәсири астында болған ҳаўа байланыс линияларына тартылып атырған ҳәмде асылыўы керек болған сым ушы ҳәм жумыс орны жерге жалғаныўы шәрт.
Жерде жатқан сымлардың селпилигин оңлаў ҳәм оны беккемлеў жумыслары исленген-нен кейин усы сым алынған бөлим сымларына жалғаўы зәрүр. Айырым бөлим сымларын бир-бирине жалғаўдан алдын сымларға ҳәр еки тәрептен көшпели жерге жалғағыш қойылыўы зәрүр.