§4. Мегаомметр ҳәм электр өлшеў әсбаблары менен орынланатуғын жумыслар. Изоляция қарсылығын мегаомметр менен өлшеўде, өширилген ток өткизиўши бөлим-лердеги электр заряды алдын жерге жалғаў арқалы алынғаннан кейин орынланыўы ке-рек. Ток өткериўши бөлимдеги жерге жалғағыш тек мегаомметр жалғанғаннан кейин алыныўы зәрүр.
Мегаомметр менен изоляция қарсылығын өлшеўде мегаомметрден шыққан сымды ток өткериўши бөлимге изоляцияланған штанга жәрдеминде жалғаў мүмкин. Кернеўи 1000 Вольттан жокары электр үскенелеринде буннан тысқары диэлектрик қолғаптан пайда-ланыў зәрүр.
Мегаомметр менен жумыс орынлаў процессинде мегаомметрге жалғанған ток өтке-риўши бөлимлерге тийиў қадаған етиледи. Жумыс тамам болғаннан соң ток өткериўши бөлимлердеги қалдық заряд, оларды қысқа ўақыт жерге жалғаў менен алыныўы зәрүр.
Мегаомметр менен изоляция қарсылығын өлшеў III-топарға ийе болған хызметкер орынлаўы мүмкин.
Егер изоляция қарсылығын өлшеў, усы электр үскенесинде орынланатуғын жумыс кө-лемине кирсе, наряд ямаса бийликте бул жумыс туўрысында еслетиў талап етилмейди.
411. Әсбапты жалғаў ҳәм ажыратыў 1000 В дейинги кернеў астында болған электр шын-жырын үзиўди талап етсе, бул жумысларды усы тармақтан кернеў алғаннан кейин орынлаўы керек. Әсбапты жалғаў ҳәм ажыратыў электр шынжырларын үзиўди талап етпесе бул жумысларды электр қорғаў әнжамларын қоллап орынлаў мүмкин.
412. Егер 1000 В дейинги кернеў астында болған электр үскенелериниң электр параметрле-рин өлшеў талап етилсе, ол жағдайда көшпели өлшеў әсбабының металл корпусы жерге жалғаныўы ямаса изоляцион рукояткалы жалғаўшы сым ямаса арнаўлы шуптан пайла-ныў зәрүр.
XVII-бап. Кернеў астында изоляторларды жуўыў ҳәм тазалаў. 413. Элект үскенелериндеги изоляторлар гирляндларын, бағана изоляторларын ҳәм форфор изоляторларын ток өткериўши бөлимнен кернеўди алмастан, ҳаўа линиялары ушын салыстырма өткизиўшенлиги 1430 мкСм/см болған ҳәм ашық бөлистириў электр үскенелери ушын 667 мкСм/см болған үзликсиз ағымлы суў менен жуўыў мүмкин.
Ағым узынлығы усы қағыйданың №8-қосымшасындағы көрсетилгеннен кем болмас-лығы шәрт.
414. Жуўыў ўақтында дәсте, телоскопик вышка ҳәм суўлы цистерна жерге жалғаныўы шәрт.
Телоскопик вышкада турып жуўыў ушын дәсте ҳәм оған кийдирилген суў бүркиў-шиниң кесе кесими кеминде 25 мм2 болған ийилиўши мыс сым жәрдеминде телескопик вышка корзинасы ҳәм автоцистерна рамасы менен бир бирине жалғаныўы зәрүр.
Жерде турып жуўыўда диэлектрик қолғаптан пайдаланыў зәрүр, телескопик вышкадан ямаса автоцистернаға орнатылған арнаўлы металл майданшада турып жуўыўда диэлек-трик қолғаптан пайдаланыў талап етилмейди.
415. Жерде турып жуўыў процессинде жуўыў ушын ислетилетуғын машина ҳәм механизм-лерге тийиў, усы машина кабинасына ямаса кузовына миниў ямаса түсиў қадаған етиледи.
Жуўыў ушын ислетилетуғын машина ҳәм механизмлерге бийтаныс адамлар жақынла-сыўына қарсы илажлар көрилиўи шәрт.
Суўлы шланганы басқа жерге көшириўге тек изолятор жуўып болынғаннан кейин рухсат етиледи.
416. Жабық бөлистириў электр үскенелери изоляторлары ток өткизиўши бөлимлерден кер-неўди алмастан изоляцион штангаға орнатылған арнаўлы щеткалар комплектинде иши тесик изоляциялаўшы штангаға кийдирилген насадкасы (суў бүркегиши) болған шаң жуўыў машинасы жәрдеминде тазалаў мүмкин.
Тазалаўды полда ямаса беккем тахта сыпада турып орынлаў мүмкин. Тазалаў про-цессинде диэлектрик қолғаптан пайдаланыў зәрүр.
417. Жумысты орынлаўдан алдын изоляцион штангалардың сыртлары шаңлардан тазала-ныўы шәрт. Штанганың ишки майданын ҳәр сапар жумыс ўақтында шаңнан тазалап турыў зәрүр.