Шөлкемлестириў илажлары


§4. Трассаларды тереклерден тазалаў



Download 0,81 Mb.
bet40/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§4. Трассаларды тереклерден тазалаў.
358. Тереклерди жығыўдан алдын жумыс орны тазаланыўы керек. Қыс мәўсиминде жығы-
лып атырған терек астынан тез қашыў мақсетинде оның қулаўына қарама-қарсы тәре-пине қарап қардан тазаланған 5-6 метр узынлықта еки жол ашылыўы керек. Кесилип атырған ямаса пышқыланып атырған тереклер үстине шығыў қадаған етиледи.
359. Жумыс алып барыўшы барлық бригада ағзаларын жумыс ислеўден алдын қулап атыр-ған тереклер, арқанлар, ҳаўа линиялары сымларына жақынласыў қәўпи барлығы туўры-сында ескертилиўи шәрт.
360. Тереклердиң сымлар үстине қулаўының алдын алыў ушын оларды кесиўден алдын тартқы менен тартып қойыў зәрүр.
361. Терек сымларға қулаған жағдайда ҳаўа линиядан кернеўди алмастан турып оған 8 метргеше аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
362. Қулап атырған теректиң қулаўының бағытын пышқылаўшылар басқа ислеўшилерге алдыннан ескертиўлери шәрт. Терек қулаўы мөлжелленген тәрепте ҳәмде оның қарама-қарсы тәрепинде турыў қадаған етиледи.
363. Теректиң мәлим бөлимин кеспестен ямаса пышқылаўдан алдын ҳәмде пүтинлей пыш-қылап қулатыў қадаған етиледи. Қыйсайған теректи ийилген тәрепке қулатыў зәрүр.
364. Кесилип атырған ямаса пышқыланып атырған тереклерди қулатпастан жумыстағы дем алыўға шығыў ямаса басқа теректи кесиўге өтиў қадаған етиледи.
365. Шириген ҳәм қурғаған теректи қулатыўдан алдын оның беккемлигин тексериў соннан соң жығыў ушын пышқылаўды баслаў зәрүр. Бул тереклерди кесип қулатыў қадаған етиледи.
366. Бир неше тереклерди алдыннан мәлим бөлимин пышқылап ҳәммесин бирдениге ҳәм бириниң үстине бирин жығыў жолы менен қулатыў қадаған етиледи. Биринши нәўбетте шириген, күйген ҳәм қурғаған тереклер қулатылыў зәрүр.
§5. Көзден өткериу ҳәм тексериў.
367. Ҳаўа линияларын ямаса өширип-қосыў пүнктлерин көзден өткериў ўақтында ҳеш бир оңлаў ҳәм тиклеў жумысларын ислеў, сондай-ақ бағаналарға ҳәм оның конструктив бөлеклерине шығыў қадаған етиледи.
Ҳаўа линия бағаналарына шығып тексериўлерге рухсат етилмейди.
368. Өтиў қыйын жерлерде (батбақ, суў тосыклары, таў, тоғай ҳәм басқада) ҳәм ҳаўа айны-ған ўақытларда ҳәмде күнниң қараңғы ўақытларында ҳаўа линияны көзден өткериў II-топарға ийе болған еки хызметкер тәрепинен әмелге асырылыўы керек. Қалған ўа-қытларда ҳаўа линияны қозден өткериў II-топарға ийе болған бир хызметкер тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.
Күнниң қаранғы ўақтында ҳаўа линияларын көзден өткериўде сымлар астынан жүриў қадаған етиледи.
Ҳаўа линияның насаз жерлери қыдырылып атырғанда көзден өткериўшиде өзи менен ескертиўши белги ямаса плакатлары болыўы зәрүр.
369. 1000 В кернеўден жоқары ҳаўа линияларының үзилип жерде жатқан сымларына 8 метр-геше аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
Бундай сымларға адамлар ҳәм ҳайўанлардың жақынласыўларының алдын алыў ушын қадағалаўшылар қойылыўы мүмкин болған жағдайларда ескертиўши белгилер ямаса плакатлар қойылыўы ҳәм усы ҳәдийсе туўрысында электр тармақлары кәрханасына хабар берилиўи зәрүр.
370. Егер темир-бетон бағаналы 6-35 кВ кернеўли ҳаўа линия изоляторларының насазлығы, сымлардың бағанаға тийип турғанлығы ҳәм басқа себеплер натийжесинде жерге ток өтиўлери сезилсе (яғный жерден ығалдың көтерилиўи, бағанада ҳәм бағананың жерге тийип турған жеринде электр дугасының пайда болыўы ҳәм басқа белгилер) кернеў астындағы бағанаға 8 метрден кем аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish