|
§2. Электр өлшеў клещлери ҳәм өлшеў штангалары
|
bet | 43/69 | Sana | 18.07.2022 | Hajmi | 0,81 Mb. | | #821367 |
| Bog'liq 2 5402436682131707811
§2. Электр өлшеў клещлери ҳәм өлшеў штангалары
менен орынланатуғын жумыслар.
400. 1000 В жоқары электр үскенелеринде электр өлшеў клещлеринен пайдаланып орын-ланатуғын жумыслар бийлик пенен еки адам қатнасында орынланыўы зәрүр, бунда хызметкердиң биреўи IV-топарға, екиншиси III-топарға болыўы шәрт. Әсбапқа ийилип оның көрсеткишин көриў қадаған етиледи. Жумыс диэлектрик қолғапта орынланыўы керек.
401. 1000 В дейинги электр үскенелеринде III-топарға ийе болған бир адам диэлектрик қол-ғапсыз электр өлшеў клещлери менен ислеў мүмкнн.
Бағанада турып электр өлшеў клещлери менен ислеў қадаған етилди.
402. Электр өлшеў штангалары менен жумыс кеминде еки хызметкер қатнасында орынла-ныўы зәрүр, бунда хызметкердиң биреўи IV-топарға, қалғанлары болса III-топарға ийе болыўы шәрт. Бағаналардың конструкцияларына ямаса телескопик вышкаға шығыў ҳәмде оннан түсиў штангасыз орынланыўы керек. Штанганы жоқарыдағы хызметкерге арқан жәрдеминде узатыў ҳәм түсириў зәрүр. Штанга менен жумыс орынлағанда диэлектрик қолғаптьан пайдаланыў шәрт емес.
§3. Ҳаўа линияда импульс өлшеў әсбабы менен
орынланатуғын жумыслар.
403. Импульс өлшеў әсбабын тек өширилген ҳәм жерге жалғанған ҳаўа линияларын жалғаў-ға рухсат етиледи. Жалғаў төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы зәрүр:
жалғаўшы сымды дәслеп импульс өлшеў әсбабының жерге жалғанған сымына, соң қорғаў штангасы жәрдеминде ҳаўа линиясының сымын жалғаў керек. Жалғаўшы сым ҳаўа линиясын жалғаған штанга менен линияда қалдырылыўы шәрт. Штага жәрдеминде жумыс орынланғанда диэлектрик қолғаптан пайдаланыў зәрүр;
импульс өлшеў әсбабы ҳаўа линиясының қайсы линиясына жалғанған болса сол тә-рептеги жерге жалғаўшы алыныўы керек. Керек болған жағдайда тексерилетуғын ҳаўа линияның басқа тәрепине қойылған жерге жалғағышты алыўға рухсат етиледи. Ҳаўа линиясының жерге жалғағышлары алынғаннан кейин жалғаўшы сым қорғаў үскенеси ҳәм оған жалғанған сымда кернеў бар деп есаплаў керек ҳәм оларға тийиў қадаған етиледи;
импульс өлшеў әсбабына жалғанған сымнан жерге жалғағыш алынады.
404. Импульс өлшеў әсбабы сымын изоляцион штанга жәрдеминде ҳаўа линиясын жалғаў жумысларын IV-топарға ийе болған нәўбетши ямаса нәўбетши қадағалаўшы бақла-ўында лаборатория хызметкери орнатыўы зәрүр.
Импульс әсбабының стационар алдыннан жалғанған сымын хаўа линиясына стационар коммутацион аппарат арқалы косыў ҳәм өшириў жумысларын нәўбетши хызметкердиң бир өзи ямаса бийлик пенен IV-топарға ийе болған лаборатория хызметкери орынлаўы мүмкин.
405. Жалғаў жумыслары тамам болғаннан соң ҳаўа лииясы және жерге жалғаныўы, тек соннан кейин изоляцион штанга сымы менен дәслеп ҳаўа линиясын кейин импульс өлшеў әсбабы сымынан ажыратыў зәрүр.
406. Жоқары кернеўли импульс генераторы болмаған импульс әсбабы менен өлшеў жумыс-ларын алып барылғанда ислеп атырған бригада ҳаўа линиясынан шетлестирилиўге рухсат етиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|