Шөлкемлестириў илажлары


§2. Кабель байланыс линиялары



Download 0,81 Mb.
bet46/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§2. Кабель байланыс линиялары.
422. Кабель байланыс линияларын жоқары кернеў менен сынаў ўақтында сыналыўшы бөлим шекленген болыўы зәрүр. Кабель байланыс линияларының сыналмаған бөлимлеринде сынаў кернеўи пайда болыўының алдын алыў ушын сыналып атырған бөлим менен сыналмай атырған бөлим аралығындағы ҳәмме жалғаўшы сымлар сынаў ўақтында алып қойылған болыўы шәрт.
423. Изоляциялы электр исенимлилигине сынаў ўактында кабель байланыс линияларын ҳәр еки тәрепте турған хызметкерлер арасында өз-ара байланыс болыўы зәрүр.
424. Кабель байланыс линиясының екинши тәрепине орнатылған телефон аппаратын сынаў жумысларын орынлаўдан алдын, ажыратыў конденсаторы (сыйымы 0,1 мкФ ҳәм жумыс кереўи 5-6 кВ) арқалы байланыс ушын арналған жуп байланыс сымының ҳәр бирине жалғанған болыўы керек. Телефон аппараты ҳәм конденсаторларды қудық ямаса ойық сыртында диэлектрик резиналы гилемше төселген тахтайдан исленген сыпа үстине қойылыўы зәрүр. Телефон арқалы сөйлесиўди тек жумыс басшысынан шақырыў алған ўақытта кабелде сынаў кернеўиниң жоқ болған жағдайында әмелге асырыў керек. Кабель байланыс линиясын сынаў ўақтында телефон аппараты ҳәм оған жалғанған сымларға тийиў қадаған етиледи.
425. Сынаў ўақтында жумыс басшысының телефон аппараты байланыс линиясынан үзилген болыўы керек, оны жалғаў болса сынаў ислери тамам болғаннан кейин ҳәмде кабель-ден электр заряды алынғаннан кейин орынланыўы зәрүр.
426. Кабельге сынаў кернеўлигин бериўден алдын жумыс басшысы телефон арқалы бригада ағзаларын сынаў жумыслары басланғанлығы туўрысында ескериўи зәрүр.
427. Сынаў ўақтында бокста хәм кабелдиң ажыратылған ушларындағы сымларды қайта жал-ғаў жумысларын орынлаў ҳәм кабелге тийиў қадаған етиледи.
428. Кабель байланыс линияларында көшпели өлшеў әсбаплары менен өлшеў жумысларын кеминде 2 ислеўши биреўи IV-топарға, басқасы III-топарға ийе болған ислеўшилер әмелге асырыўлары тийис.
429. Хаўа линиялары ҳәм өзгермели электр тоги менен электрлестирилген темир жолдың қәўипли тәсирине ушырайтуғын кабель линиясындағы электр өлшеў жумысларын қорғаў әнжамларын қоллап орынлаў тийис.
430. Кабеллерди тот басыўға қарсы қорғаў қурылмаларына ҳәм дәйди (белгисиз) ток дерек-леринен қорғайтуғын үскенелерди жалғаў ҳәмде катод үскенелеринде кернеўликти ал-май исленетуғын жумыслар электр қорғаў әнжамларынан пайдаланып ислениўи тийис.
Дренаж үскенелериндеги оңлаў жумыслары бул үскене контакт линиясы тәрепинен ҳәм кабель өширилгеннен кейин ҳәмде дренаж кабели менен электрлестирилген темир жол ямаса трамвай контакт линиясы тәрепинен жерге жалғанғаннан кейин ислеўге рухсат етиледи.
431. Кабелди турақлы ҳаўа басымы астында сақлап турыўшы компрессор-сигнал үскенеле-
рин эксплуатация ислеў басым астында ислейтуғын ыдыслардын дүзилиси ҳәм қәўип-
сиз эксплуатация ислеў қағыйдаларына тийкарланып алып барылыўы шәрт.
432. Компрессор-сигнал үскенелерин эксплуатация ислеў III-топарға ийе болған хызметкер-лерге рухсат етиледи.
433. Компрессор-сигнал үскенелериндеги ҳәмме жумыслар үскенени өширип кернеў алынғаннан кейин бийлик пенен орынланыўы мүмкин.
434. Компрессор-сигнал үскенелерин кептириў ҳәм автоматика блокларын алды, арқа ҳәм қаптал тарепиндеги панеллерди алып жумыс баслаўға үскенелерден кернеў алынғаннан соң 15 минуттан кейин рухсат етиледи.
Кептириў ҳәм автоматика блоклары алдында ҳәмме жумысларды резиналы диэлектрик гилемшеден пайдаланып ислеўи зәрүр.
435. Кабель байланыс линияларында узақтан басқарылатуғын нәўбетшисиз күшейтириў пунктлериниң турақлы ҳәм өзгермели ток дереклери төмендеги жумысларды исленген-де өшириледи:
кабеллерди басқа жерге көшириў, алмастырыў ҳәм тазасына монтажлаўда;
бузылған телефон байланыс линиясын онлаўда;
кабель параметрлерин өлшеўде.
436. Нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлерин узақтан басқарыў дереги, диспетчерлик ҳәм технологиялық басқарыў әнжамлары хызмети нәўбетшисиниң нәўбетшиси болған кү-шейтириў пүнкти баслығы ямаса нәўбетши атына берилген талапнамаға тийкарланып өшириледи. Талапнамада кабель аты, жумыс орнының характери ҳәм бөлими, жумыс-ты баслаў ҳәм тамамлаў ўақты, узақтан басқарыў дереги түри, жумыс басшысының фамилиясы көрсетиледи.
437. Нәўбетшисиз күшейтиргиш пүнкитиниң узақтан басқарыў дереги, нәўбетшиси болған күшейтиргиш пүнкти басшысы ямаса нәўбетши тәрепинен оған жуўапкер ўәкил рухсаты менен күшейтиргиш пүнкти дерегинен өшириледи.
Узақтан басқарыў дерегиниң өширген гилти ҳәм кнопкаларына «Жалғанбасын! Линияда жумыс исленбекте» деген плакат асылыўы шәрт.
Узақтан басқарыў дереги шынжырында аппаратура конструкциясына қарай усы тар-маққа тийисли дужка (сым тутқасы) сақлағыш ямаса басқа элементлер алынып үзилиў жерлерин пайда етиў керек. Бул жумысларды орынлаўда диэлектрик қолғаптан пайдаланыў зәрүр.
438. Узақтан басқарыў дерегин өшириў менен бирге кабелден телебасқарыў ҳәм сигнализа-ция үскенелерине берилетуғын кернеўде алыныўы ҳәм олардың платасына «Жалған-басын! Линияда жумыс исленбекте» деген плакат асылыўы зәрүр.
439. Нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлеринде жумыс ислеўге рухсат алынғаннан кейин жумыс басшысы оңлаў ушын мөлжелленген кабелди анықлаўы, онда кернеў жоқлығын тексериўи ҳәм электр зарядын алыў керек. Бул жумыслар қорғаў көз әйнеги ҳәм диэлектрик қолғаптан пайдаланып ислениўи зәрүр.
440. Нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлериндеги кабеллерде қәўипсиз ислеўди тәмийинлеў ушын узақтан басқарыў деректен келетуғын шынжырда қосымша үзилиў жерлерин пайда етиў керек. Симметрик узақтан басқарыў деректен көзге көринерли ажырым пайда етип өшириў ушын бокслардан еки жуплы вилька алыныўы зәрүр.
Коаксаил жуплардан ибарат кабеллерде көзге көринерли ажырым пайда етиў ушын фильтр ҳәм автотрансформатор аралығындағы платадан тийисли дужкалар алыныўы симметрик жупларда болса қосымша бағаналарда жайласқан бокслардағы дужкалар ҳәм алыныўы керек. Алыўға мөлжелленген дужка ҳәм вилькалар бир-биринен парықлы бояў менен ажыралып турыўлары керек.
441. Нәўбетшисиз күшейтириў пүнктлериндеги кабеллерде бригаданың ислеўине рухсат бериў 440-бәндтеги илажлар орынланғаннан кейин жумыс басшысы тәрепинен әмелге асырылады.
Кәрханаларда узақтан басқарыў дерегинен ислеўши үскенелер дизими болыўы шәрт. Дизим менен үскенелерди эксплуатация ислеўши барлық хызметкерлер таныстыры-лыўы зәрүр.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish