|
XIХ-бап. Ыссылық автоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи
|
bet | 51/69 | Sana | 18.07.2022 | Hajmi | 0,81 Mb. | | #821367 |
| Bog'liq 2 5402436682131707811
XIХ-бап. Ыссылық автоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи
ҳәм қоғаў үскенелериниң электр бөлими.
479. Қағыйданың усы бабы ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи ҳәм қорғаў үскенелериниң электр бөлиминде ҳәм автоматика басқарыў системасының техник қу-
ралларында жумыс ислеў ўақтында пайдаланыў зәрүр.
480. Ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи пультлары, бөлистириўши шит ҳәм жыйнаўшы үскенелердиң коммутацион аппаратларындағы өширип-қосыў жумыс-ларын III-топарға ийе болған нәўбетши, егер наряд ямаса бийлик бериўши хызметкер нарядтың «бөлек көрсетпелер» бөлимине жазба түрде коммутацион аппаратларды өшириў ҳәм қөсыўды тапсырған тәғдирде: жумыс бийлик пенен исленетуғын болса, оны ислеў бийликти дизимге алыўда жазылған тәғдирде оңлаўшы бригаданың IV-то-парлы жумыс алып барыўшы тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.
481. Ыссылық электр қуўаттағы тәсир етиўши ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелериниң электр курылмаларын өшириў, станция смена баслығы ямаса технологик цех баслығы рухсатын (бийлигин) алғаннан кейин әмелге асырылыўы зә-рүр.
482. Ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелеринде ислеўге рухсат бе-риўден алдын технологик бөлимлерин таярлаў, технологик үскене қайсы цехтың тез-ара басқарыўында болса, усы цехтың нәўбетши хызметкери тәрепинен әмелге асырылады.
483. Сазлаў ҳәм оңлаў ўақтында жумыс алып барыўшының илтимасы менен регуляторлар-ды сынаў ушын ислетип көриўи технологик үскене тез-ара басқарыўында болған цех-тың нәўбетши хызметкери тәрепинен ислениўи керек.
484. Ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелердеги схемаларға өзгер-тириўлер кирғизиўдиң кереги жоқ болған ҳәм үскенени жумыс жағдайында өзгертир-местен исленетуғын оңлаў, тексерип көриў ҳәм сазлаў жумысларын бийлик пенен ислеў мүмкин.
485. Толық оңлаў ўақтында ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенеле-риниң айырым элементлери, схема бөлеклерге ямаса үскене бөлимлерин кернеў астын-да сынаў ҳәм тексерип көриў цех баслығының (нәўбетшинин) рухсаты менен төменде-ги шәртлерге әмел еткен ҳалда ислениўи мүмкин: оңлаў жумыслары тоқтатылыўы ке-рек, тексерип көрилетуғын үскенеден адамлар шетлетилиўи зәрүр, қорғаўшы жерге жалғағышлар, қоршаўлар ҳәм жумыс орнына илдирилген плакатлар болыўы шәрт.
Қоңсы бөлимдеги бригадалар жумыс орнынан кернеў алынған, тексерип көрилетуғын үскене менен жумыс орны арасында қоршаў қойылған ҳәм ислеп атырған хызметкер-лердиң қәўипсизлиги тәмийинленген жағдайда өз жумысларын даўам еттириўлери мүмкин.
486. Сынаў ўақтында электр үскенелерин бир неше мәртебе өширип-қосыў менен байла-ныслы болған жумысларды нарятта усы демалысларды рәсмийлестирместен турып ҳәр бир өшириў ҳәм қосыў алдыннан зәрүр техник шәртлерин орынлап әмелге асырыўға рухсат етиледи.
Электр үскенелерин өшириў ҳәм қосыў технолгик цехтың смена баслығы (нәўбетши-си) рухсаты менен ислениўи зәрүр.
Ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелеринде III-топарға ийе
болған жеке хызметкер бийлик пенен төмендеги жумысларды ислеўи мүмкин:
әсбапларды регулировка етиўши бөлимлерин сазлаў;
термопара, манометр (электр контактли манометрден басқа) дифманометрди алмасты-рыў;
басқарыў шитлериндеги теплотехника бақлаўы ушын орнатылған әсбаплардағы насаз-лықларды оңлаў;
автоматика басқарыў системасын есаплаў техникасы комплекс техник қуралларды оңлаў;
авторегуляторлардың электрон блокларын сазлаў, параметрлерин дүзетиў ҳәм тексе-риў;
зажим коробкасын тығызлаў;
датчиклер стентлери, басқарыўшы механизмлер, панеллер ҳәм басқаларды маркиров-калаў ҳәм олардың атларын жазыў;
панел ҳәм шитлерди қысылған ҳаўа менен тазалаў.
488. Ҳәр қыйлы цехлардағы ислеп турған электр үскенелери ҳәм олардың бөлистириўши қурылмаларында орнатылған ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үске-нелеринде исленетуғын жумыслар, жумыс ислениўи керек болған цехтың смена баслы-ғы (нәўбетшиси) рухсаты менен әмелге асырылыўы зәрүр.
489. Ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелеринде наряд пенен исле-нетуғын жумысларда ислеўге рухсат бериўши цехтың (бөлимниң) ыссылық автомати-касы бойынша смена баслығы (нәўбетшиси) болады.
Смена нәўбетши хызметкери жоқ ўақытта ҳәмме аймақ бойынша бир-биринен узақта жайласқан объектлерде наряд бойынша ислеўге рухсат бериўши тез-ара оңлаў хызмет-керлериниң исшилеринен бири болыўы мүмкин.
Бийлик пенен ислегенде ислеўге рухсат бериўши ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскелери цехының (бөлимининң) ямаса басқа цехтың (бөлимниң) нәўбетшиси ямаса тез-ара оңлаў хызметкери бийлигинде белгиленгенлигине тийкар әмелге асырылыўы мүмкин.
490. Көшпели жерге жалғағышты жумыс орнына қойыў ҳәм алыў ыссылық авоматикасы, ыссылық техникасы өлшеўи үскенелери цехының нәўбетшиси ямаса тез-ара оңлаў хызметкери тәрепинен орынланыўы зәрүр. Электроцех хызметкерлери хызмет көрсете-туғын ыссылық техникасы өлшеўи үскенелерин коммутацион аппаратура жәрдеминде өшириўде өширилген коммутацион аппаратларға жерге жалғағышты қойыў электроцех хызметкерлери тәрепинен ислениўи шәрт.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|