Шөлкемлестириў илажлары


XХ-бап. Автомобиллер, жүк көтериў машиналары, механизмлер



Download 0,81 Mb.
bet52/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

XХ-бап. Автомобиллер, жүк көтериў машиналары, механизмлер
ҳәм зәнгилерден пайдаланып исленетуғын жумыслар.
491. Ислеп турған электр үскенелеинде жүк көтериў кранлары жәрдеминде жумыс исле-генде, жүклерди кранлар менен көшириўде жумысты қәўипсиз шөлкемлестириў бойын-ша жуўапкер IV-топарға ийе болған инженер-техник хызметкер болыўы шәрт. Бул хыз-меткер ўазыйасы наряд бериўшиге ямаса жумыс басшысына жүклениўи мүмкин.
Айырым жағдайларда «Саноатконтехназорат» Мәмлекетлик инспекциясы менен кели-силген ҳалда жүклерди кранлар менен қәўипсиз көшириўди бақлап барыў наряд пенен жумыс алып барыўшыға тапсырылыўы мүмкин. Бундай шахстың тайынланғанлығы туўрысындағы жазыў нарядтың «бөлек көрсетпелер» қатарына жазылыўы шәрт.
492. Энергетика кәрханалары штатында болған ҳәм ислеп турған электр үскенелеринде ислейтуғын айдаўшы ҳәм машинистлер электр қәўипсизлиги бойынша II-топарға ийе болыўы зәрүр.
Бийтаныс мекеме крановщиклери «Жүк көтериў кранларының дүзилиси ҳәм қәўипсиз эксплуатация ислеў қағыйдасы» талапларына муўапық жумысқа қойылыўлары керек.
493. Ашық бөлистириў электр үскенелери ҳәм ҳаўа линиялары қорық майданларында авто-мобиллер, жүк көтериў механизмлер ҳәрекетине 491-бәндте еслетилген хызметкерлер-диң биреўи бақлаўында ямаса IV-топарға ийе болған административлик-техник хызмет-кер бақлаўыда рухсат етиледи. Ашық бөлистириўши электр үскенелери майданында автомобиллер, жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлер ҳәректине нәўбетшиниң яма-са IV-топарға ийе болған тез-ара оңлаў хызметкерлеринен таярланған ислеўшилерге рухсат бериўшиниң бақлаўы астында рухсат етиледи.
494. Ашық бөлистириўши электр үскенелери ҳәм ҳаўа линиялары астынан өтип атырған жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлердиң жүкти көтериўши ҳәм қозғалтыўшы бө-лимлери жыйнастырылған транспорт жағдайында болыўы зәрүр. Жумыс орны шегара-сында тегис туўры жерде жүк көтериўши машиналарды ислеўге органларының жүксиз, қозғалыўшы ҳәм жоқары көтериўши бөлимлери көтерилген ҳалда ҳәм ишинде адамсыз жүриўине рухсат етиледи. Бунда жүриў мүмкиншилигине усы механизмди ислеп шы-ғарған кәрхана көрсетпесиндей етилген болыўы ҳәм булл механизм кернеў астында болған шиналар ҳәмде ҳаўа линиялары астынан өтпейтуғын болыўы шәрт.
Ашық бөлистириўши электр үскенелеринде механизмлердиң ҳәрекет тезлиги жерги-ликли жағдайға қарап анықланады, бирақ тезлик саатына 10 км-ден аспаслығы шәрт.
Автомобиллер, жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлер ҳаўа линиялары сымлары-ның ең пәст илинген жеринен (бағанаға жақын жерден) кесип өтиўлери керек.
495. Стрелалы жүк көтериў механизмлериниң кернеў астындағы ҳаўа линиясы сымлары ас-тына орнатыў ҳәм ислетиў қадаған етиледи.
Жүк көтериў машиналарының (механизмлериниң) шығарылған бағаналарға орнатыў
ҳәм оны ислеўши органына транспорт жағдайынан ислеў жағдайына өзгериўди усы ме-ханизмди басқарыўшы машинист ислеўи зәрүр. Усы мақсетлер ушын басқа ислеўши-лерди ислетиў қадаған етиледи.
496. Автомобиллер, жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлерди өткизиўде, орнатыўда ҳәм ислетиўде олардың көтериўши ҳәм тартып шығаратуғын бөлимлери, строплар, жүк илиўши масламалар, жүклер менен кернеў астында болған ток өткериўши бөлимлер арасындағы аралық усы қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықтан кем болмаслығы шәрт.
497. Телескопик минаралар ҳәм гидроподъемник жәрдеминде жумыс баслаўдан алдын оларды көтериў ҳәм тартып шығарыўшы бөлими тексерилиўи, телескопик минараларда болса буннан тысқары механизмниң көтериў бөлими вертикал жағдайда орнатылыўы ҳәм беккемлениўи зәрүр.
498. Ҳаўа линиялары трассаларының бурылыў бөлимине орнатылған бағаналардағы изоля-тор ҳәм сымларды алмастырыў ҳәмде арматураларды оңлаў ўақтында телескопик минараны (гидроподъемникти) усы бағанаға келген сымлардан пайда болған мүйеш ишине орнатыў қадаған етиледи.
499. Ашық бөлистириўши электр үскенелери ҳәм ҳаўа линияларының қорғаў зоналарында-ғы барлық жумыс процеслеринде пневмодөнгелекте жүретуғын автомобиллердиң ҳәм механизмлердиң корпусы жерге жалғаныўы шәрт. Жерге жалғағыш орнатылмағанша автомобиллердиң (жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлериниң) корпусына тийиў, олардың жумыс органларын орнынан қозғаў, жүк илиўши әсбапларында ҳәм басқа тий-карғы деталларда қандай да жумыс ислеў қадаған етиледи.
Гусеницалы дөнгелекли жүк көтериў машина ҳәм механизмлер жерде турғанда оларды жерге жалғаў талап етилмейди.
500. Жүк көтериў машиналары ҳәм механизмлериниң ислеўи ўақтында көтерилип атырган жүк минара астында ҳәмде тартылып атырған сымлар (трослар), беккемлеўши қазық-лар, тиркеўишлер, ислеп турған механизмлердиң жанында (5 метрден кем аралықта) адамлардың турыўы қадаған етиледи.
501. Телескопик минарада (гидроподъемникте) турып ислегенде машина айдаўшысы менен
телескопик минара корзинасындағы исши бир-бирин көзи менен жақсы көриўи зәрүр. Булар бир-бирин көре алмаған жағдайда телескорик минара жанында корзинаны жоқары көтериў ямаса төмен түсириў туўрысындағы буйрықты айдаўшыға жеткизип турыўшы хызметкер турыўы шәрт.
Телескопик минарада (гидроподъемникте) хызметкер көрзина төменинде турып, сақлаўшы белбеўи менен корзинаға беккемленген жағдайда ислеўи зәрүр.
Телескопик минара корзинасынан бағанаға ямаса үскенеге өтиў ҳәм корзинаға қайтыў тек жумыс алып барыўшының рухсаты менен әмелге асырылыўы лазым.
502. Кран стреласы ямаса көтериў механизми карзинасы кернеў астындағы ток өткизиўши бөлимлерге тийип қалса, машинист дәрҳал усы контакты ажыратыўға ҳәрекет етиўи ҳәм механизмниң ҳәрекет етиўши бөлими ток өткериўши бөлимнен усы қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықтан кем болмаған аралыққа узақластырылыўы зәрүр.
Механизм (машина) кернеў астында болған жағдайда механизмнен (машинадан) жерге түсиў ямаса оның үстине шығыў ҳәмде жерде турып оған тийиў қадаған етиледи.
Машинист дөгерек әтрапындағы ислеўшилерди механизм кернеў астында екенлиги туўрысында дәрҳал ескертиўлери шәрт.
Кернеў астындағы автомобиллер, жүк көтериў машиналары ямаса механизмлер өртен-ген жағдайда айдаўшы (машинист) машинаны қолы менен усламастан аяқларын жуплап жерге секириўи зәрүр. Соң аяқларын бир-биринен ажыратпаған ҳалда табаны менен маши-надан 8 метр аралыққа шекем узақласыўы керек.
503. 220 кВ ҳәм оннан төмен кернеўли бөлистириўши электр үскенелеринде көшпели ме-талл зәнгилерден пайдаланыў қадаған етиледи.
504. 330 кВ ҳәм оннан жоқары кернеўли ашық бөлистириўши электр үскенелеринде көш-пели металл зангилерди пайдаланыў төмендеги шәртлер орынланған жағдайда рухсат етиледи:
зәнги горизонтал жағдайда жумыс алып барыўшының, нәўбетшиниң ямаса IV-топарға
ийе болған тез-ара оңлаў хызметкериниң үзликсиз бақлаўы астында бир орыннан екинши орынға алып барыў;
ислеп турған электр үскенелериниң тәсири астында зәнгиде пайда болған кернеўди жоғалтыў мақсетинде зәнгиге жерге тийип турыўшы металл шынжыр беккемленип асып қойылыўы зәрүр.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish