Шөлкемлестириў илажлары


§3. Ислеп турған ҳаўа линияларының кесискен жерлеринде бағаналар



Download 0,81 Mb.
bet39/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§3. Ислеп турған ҳаўа линияларының кесискен жерлеринде бағаналар
аралығындағы ислеп турған ҳаўа линиясы тәсиринен пайда болған
кернеў астында болған тармақлардағы көп шынжырлы ҳаўа линия
өширилген бир шынжырындағы ҳәм ҳаўа линия фазаларындағы
жумысларды орынлаў.
340. Сымларды монтажлаў ҳәм алмастырыў ўақтында оны бир тегис силтеместен жайып оның тар-тыўшы арқанын сондай бағытландырыў керек онда асылып турған сым кернеў астында турған сымға жақынласпаслығы ҳәм илинбеслиги шәрт.
Асылып турған сымды алды ҳәм арқасына тартып турыўшы арқанлар өсимлик ямаса сентетик талалардан таярланған болып олардың узынлығы минимал ҳәм тартылыўы бос болмаслығы керек.
Ислетилип атырған лебедка ҳәм полат арқанлар жерге жалғанған болыўы керек.

  1. Сымларды асыў ҳәм алмастырыў ўақтында ҳәр бир барабандағы сымларды жайыўдан

алдын сым жерге жалғаныўы зәрүр. Сымларды тиккелей барабанда жерге жалғаў шәрт емес.
Телескопик вышкада (гидравлик көтергиште) турып сымларда жумыс ислеў ўақтында минарадан жумыс майданшасы потенциалын теңлестириўге мөлжелленген арнаўлы штанга жәрдеминде кесе кесими 10 мм2 тан кем болмаған жумсақ мыс сым менен сымға жалғаныўы керек, телескопик вышканың өзи болса жерге жалғаныўы шәрт. Онда ҳаўа линия сымы жумыс орнына жақын турған бағана ямаса еки бағана аралығында жерге жалғаныўы керек.
Телескопик вышкадағы жумыс майданшасы менен сым бир-бирине жалғанғаннан кей-ин жерде турып минара корпусына тийиў, минара кабинасына кириў ҳәм оннан шығыў қадаған етиледи.
Металл арқанларды үзликсиз арқан сыпатында ислетиў қадаған етиледи.
342. Анкер бағанадағы сым түйинлерин сол бағанадан кейинги анкерли бағанағаша болған анкер аралығындағы сымларды илдириў менен байланыслы жумыслар тамамланғаннан кейин жалғаў керек.
110 кВ ҳәм оннан жоқары кернеўли ҳаўа линиялы анкерли бағаналардағы түйинлерди жалғаўдан алдын ол сымға ямаса тартып турыўшы изоляцион асылыўға ең көби менен төртинши изоляторға беккемлениўи, 35 кВ ҳәм оннан пәст кернеўли линияларда болса тек сымларға беккемлениўи шәрт.
343. Егер еки бағана аралығындағы сымлар кернеў астында болған басқа ҳаўа линиясы менен кесискен болса сол бағана аралығындағы сымларда жумыс ислеў ушын, жерге жалғағышты жумыс исленип атырған бағанаға орнатыў зәрүр.
Егер усы бағаналар арасында таза сымлар илдирилсе (асылса) ямаса ескиси алмасты-рылса ол жағдайда кесискен жердеги тазадан илдирилип атырған ҳәмде алмастырылып атырған сымлар ҳәр еки тәрепинен жерге жалғанған болыўы керек.
344. Ҳаўа линияға хызмет көрсетиўши хызметкерлер усы электр тармағы өширилгеннен соң кернеў астындағы қоңсы электр тармақтың тәсиринен пайда болатуғын кернеў астында болатуғын ҳаўа линия дизими менен танысқан болыўлары керек.
345. Өширилгеннен соң кернеў астындағы қоңсы электр тармағы тәсиринен пайда бола-туғын кернеў астында қалған ҳаўа линия сымларында жерде турып ҳәттеки сымды жер-ге түсирип сымларға тийип исленетуғын жумысларда электр қорғаў әнжамлары (қол-ғап, штанга) қолланылыўы ямаса бул сым потенциалын теңлестириўши сым менен металл майданшада турып ислеўи тийис.
Сымға тийип исленетуғын ҳәр бир жумыс орны жақынындағы жерге жалғағыш қойыў шәрти менен электр қорғаў әнжамларын ҳәм металл майданшасын пайдаланбастан жерде турып жумыс ислеўге рухсат етиледи.
346. Ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринен пайда болатуғын кернеў астындағы тармаққа сымларды монтажлаў ҳәм тартыўда исленетуғын полат арқанлар дәслеп тартыўшы меха-низмге беккемлениўи ҳәм потенциалларын теңлестириў ушын сымға жалғанған усын-дай сол жерге байлағышқа байланыўы керек. Соннан кейин полат арқанды сымға жалғаўға рухсат етиледи. Полат арқан ҳәм сым олардың потенциаллары теңлестирил-геннен кейин бир-биринен ажыралыўы мүмкин.
347. Ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринде пайда болатуғын кернеў астындағы ҳаўа линияның монтаж жумысларында (сымларды көтериў, тартыў, бағаналар арасын-дағы сымларды илинип турыўын өлшеў ҳәм сымларды узатыў роликлеринен қысқыш-ларға алып беккемлеў) сым жайылып атырған анкерли бағанада, тартылып атырған, сым өткерилип атырған ақырғы анкерли бағанада ҳәм сым илиниўи керек болған ара-лықтағы ҳәр бир бағаналарда сымлар жерге жалғаныўы керек.
Аралық бағаналардағы сымға қойылған жерге жалғағышлар жумыс тамам болғаннан кейин алыныўы мүмкин. Егер усы аралық бағанада сымға тийиў менен байланыслы жумыс даўам еттирилетуғын болса сол бағанадағы сымларға жерге жалғағыш қойыў зәрүр.
348. Ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринде пайда болатуғын кернеў астындағы ҳаўа линия сымларын узатыў роликлерден услап турыўшы қысқышларға өткериўди сымлардың тартыў бағытына тескери орынлаў зәрүр. Сымларды қысқышларға өткериў-ден алдын өткерилиўи керек болған тәрептеги анкерли бағанаға беккемленген сымда жерге жалғағыш қалырылып, қысқышқа өткериў басланатуғын тәрептеги анкерли бағанадан жерге жалғағыш алып тасланады.
349. Ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринде пайда болатуғын кернеў астындағы сымларды монтаж ислеўде қойылған жерге жалғағыш сымды қысқышларға өткерген-нен кейин ҳәм усы бағанада жумыс тамамланғаннан соң алып тасланыўы мүмкин.
Сымларды қысқышларға өткериў ўақтында алдын исленген еки анкер арасындағы сымларды қысқышларға өткерип болынған ҳаўа линия бөлимин қоңсы электр узатыў тармағы тәсиринен пайда болған кернеў астындағы тармақ деп есаплаў зәрүр. Усы тармақта сымларды туўрыдан туўры услап исленетуғын ҳәмме жумысларды ислеў ушын жумыс орнына жерге жалғағыш қойылғаннан кейин рухсат етиледи.
350. Ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринде пайда болатуғын кернеў астындағы тармақларда кәрханалар оларды (бөлистириў қурылмадан) өширилген ҳәм тармақтың басы ҳәмде ақырына жерге жалғағыш қойылған ўақытта сымларда ислеп турған қоңсы тармақты ең көп исши токи өтип атырған пайытта сымдағы потенциял 42 В тан жоқары болған тармақларды анықлап алыўлары зәрүр.
Усы ҳаўа линиядағы сымларға туўрыдан-туўры тийкарғы электр қорғаў әнжамларсыз услап исленетуғын хамме жумыслар ислеп турған электр узатыў тармағы тәсири нәтий-жесинде жумыс орнындағы сым потенциалы 42 В тан пәст болыўын тәмийинлеўши жерге жалғағышларды орналастырыў илажлары көрсетилген технологиялық карта ямаса жумыс ислеў жойбары менен әмелге асырылыўы керек.
Егер ислеп турған қоңсы электр тармағы тәсиринде пайда болатуғын кернеў астында-ғы өширилген тармақта (шынжырда) потенциалды 42 В ғаша кемейтиўдиң илажы бол-маса жерге жалғағышты тек бир жумыс исленетуғын баганадағы ямаса еки қаптал тәрептеги сымларға қойып ислеў шәрт. Бунда ҳаўа линияны (шынжырын) бөлистириў-ши электр үскенесинде жерге жалғаў қадаған етиледи. Жумыс тек сымлары жерге жалғанған бағанада ямаса еки бағана аралығында ислеў мүмкин.
Жумыслар еки ямаса оннан көп бағаналар аралығында (үскенелерде) ислениўи керек болған жағдайларда электр узатыў тармағы (шынжыры) анкерли бағанадан сымлары түйинлерден үзилип өз алдына бөлеклерге ажыратылып қойылыўы керек. Ҳәр бир сондай ажыратылған бөлимде тек бир бригада ғана жерге жалғағыш қойылған жерде ислеўи мүмкин.
351. Бир-бирине үстме-үст жайласқан көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжы-рында тек усы шынжыр кернеўи астында қалған шынжырдан пәсте жайласқан тәғдирде ғана ислеў мүмкин. Бунда өширилген шынжырдағы сымды алмастырыў ҳәм оны регулировкалаў қадаған етиледи.
352. Кесесине жайласқан көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжырында жумыс ислегенде бағананы кернеў астында қалған шынжырлар тәрепинен қызыл байрақшалар илдирилиўи керек. Байрақшалар жерден 2-3 метр бийикликке, жумыс ислеўши менен бирге III-топарға ийе болған бригада ағзасы илдиреди.
Бағананың кернеў астында қалған шынжыры тәрепинен миниў ҳәм усы шынжырды услап турған траверске өтиў қадаған етиледи. Егер бағанада степ болтлар болса, оларды қайсы шынжыр астында екенлигинен қаттый нәзер одан көтерилиўге рухсат бериледи. Бағанадағы степ болтларды кернеў астында болған электр узатыў тармағының кернеў астында қалған тәрепинде жайласқан тәғдирде бағанаға жерде турған жумыс алып ба-
рыўшы ямаса III-топарға ийе болған бригада ағзасы бақлаўында шығыў зәрүр.
353. Бағанада турып көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжырында жумыс исле-генде жерге жалғағышты жумыс алып барылып атырған бағананың ҳар бирине қойыў зәрүр.
354. Ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаўда өширилген фаза сымын бөлистириўши электр үскенеде жерге жалғаў қадаған етиледи. Сым тек жумыс орнында жерге жалға-ныў зәрүр. 35 кВ кернеўден жоқары ҳаўа линияның бир фазасында ямаса избе-из ҳәр-бир фазасындағы жумысларды ислеўде жерге жалғағышты тек жумыс исленип атырған фазаға ғана қойыў мүмкин. Бунда кернеў астында болып жерге жалғанбаган басқа фазаларға усы қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықтан кем аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
355. Ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаў ўақтында жерге жалғағыштың исенимлили-гин асырыў ушын қосалақ еки бөлек-бөлек бир-бирине параллель орнатылған жерге жалғағыштан пайдаланыў зәрүр.
Орнатылған жерге жалғағыштан 20 метргеше сымда ислеўге рухсат етиледи. Бир неше бригада бирдениге жумыс алып барғанда өширилген сым электр тоги менен байланыс-лы болмайтуғын етип ажыратып қойылыўы зәрүр. Ҳәр бир бригадаға бөлек бөлим ажыратылып бир дана қосалақ жерғе жалғағыш орнатылады.
356. 110 кВ кернеўден жоқары ҳаўа линиялардың бөлек фазаларындағы оңлаў жумысла-рында сымға жерге жалғағышты орнатыўдан ямаса оны алып таслаўдан алдын электр дугасы тарқалмаслығы ушын дуга өшириўши қурылмасы болған арнаўлы штанга менен сым жерге жалғаныўы керек. Бул штанга тек көшпели жерге жалғағыш қойылғаннан (ямаса алынғаннан) кейин ғана алыныўы шәрт.
357. Фазалары кесесине жайласқан ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаў ўақтында кер-неў астында қалған сым услап турыўшы фазалар траверсине өтиў қадаған етиледи.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish