§ 6. Жер асты, имаратларындағы (сооружениелериндеги) жумыслар 297. Қәўипли газлар пайда болыўы мүмкин болған жер асты имаратларын көзден кешириў ҳәм ол жерлердеги тазалаў, кабеллерди бояў, қурылыс, оңлаў ҳәм басқа соған уқсаған жумыслар кеминде еки хызметкерден ибарат исшилер менен орынланыўы шәрт. Элек-тростанция ҳәм жәрдемши станциялардағы жер асты коллектор ҳәм түнеллерде III-то-пар бир персонал көзден кешириўи мүмкин.
298. Зәҳәрли газлар пайда болыўы мүмкин болған жер асты имаратларындағы жумыслар наряд пенен кеминде 3 хызметкер, олардан екеўи-қәўипсизликти тәмийинлеўши сыпа-тында ислеўи керек. Жумыс алып барыўшы IV-топарға ийе болыўы керек.
299. Ҳәр бир цехта (районда, бөлимде) қәўипли газ пайда болыў мүмкин болған жер асты имаратларының дизими болыўы ҳәм усы дизим менен жер асты имаратларына хызмет
көрсетиўши хызметкерлер таныстырылыўы шәрт.
Қәўипли газ пайда болыўы мүмкин болған барлық жер асты имаратлары сызылмада белгиленген болыўы зәрүр.
300. Жер асты имаратларында жумысларды баслаўдан алдын ҳәм жумысты алып барыў ўақ-тында тәбийғый ямаса мәжбурий самаллатыў үскенесиниң ислеўин тәмийинлеў шәрт.
Тәбийғый самаллатыў кеминде еки түсиў люкларын ашып олардың алдына самал бағытын бағытлаўшы арнаўлы әнжам арқалы әмелге асырыў зәрүр.
Мәжбүрий самаллатыў 10-15 минут даўамында вентилятор еки компрессор арқалы имарат түбинен 0,25 м бәлентликке түсирилген жуўан шланга жәрдеминде жер асты имаратларындағы ҳаўа толық алмасқанша әмелге асырылыўы зәрүр.
Самаллатыў ушын қысылған газли балонлардан пайдалаыў қадаған етиледи.
301. Жер асты имаратлары ишиндеги ҳаўаны қәўипли газлар менен патасланғанлық дәреже-син тексермей турып ол жерде жумыс баслаў қадаған етиледи. Ҳаўадағы қәўипли газды тексериўди тексериў әсбабын ислетиўди үйренген арнаўлы хызметкер ислеўи зәрүр. Усы хызметкер дизими кәрхана басшысы тәрепинен тастыйықланады.
Газлардың бар жоқлығын ашық от жағып тексериў қадаған етиледи.
302. Үзликсиз самаллатыў үскенеси менен үскенеленген коллектор ҳәм түнеллерде жумыс-ты орынлаўдан алдын жергиликли жағдайға қарап усы үскенелер белгили мүддетке ислетилиўи керек. Бунда қәўипли газ бар жоқлығын тексериўге болмайды.
303. Коллектор ҳәм түнеллер ишинде ислегенде персонал ҳәмме ўақыт ашық туратуғын еки люк ямаса есик арасында болыўы керек. Ашық люк алдында қоршаўлар орнатылған ямаса ескертиўши белгилер қойылған болыўы керек.
304. Қудықларды ашқанда ушкын шығармайтуғын әсбаплардан пайдаланыў ҳәм қудық қақ-пақлары люк шетине урылып кетпеслик илажлары көрилиў зәрүр.
Ашылған қудықлар әтрапына қоршаўлар қойылыўы ямаса ескертиўши белгилер қойы-лыўы шәрт.
305. III-топар бир хызметкерди страховка арқаны менен қорғаў белбеўин тағып қудық ишине түсириўге ҳәм ислеўине рухсат бериледи.
Қорғаў белбеўине қосымша желке белбеўин байлап оны арқа белиндеги кесискен жерге орнатылған металл кольцоға страховка арқанын байлаған болыўы керек.
Арқанның басқа ушы страховка етиўши персоналдың биреўи услап турыўы шәрт.
306. Қудықлар ишинде паяль лампаларын жағып пропан-бутан балонларын орнатыў, муфта ишине қуйылыўы керек болған араласпа ҳәм қатыспаларды еритиў қадаған етиледи. Муфтаға қуйыў ушын еритилген араласпа ҳәм қатыспа қудыққа металл тросқа карабин жәрдемиминде арнаўлы қақпақлы ыдысларда түсирилиўи керек.
От пенен исленетуғын жумысларды отқа шыдамлы оттың тарқалыўын шегералаўшы тосықлар қолланылыўы ҳәм от шығыўына қарсы илажлар көрилиўи шәрт.
307. Кабель жатқызылған коллектор, түнел, кабель ярым этажлары ҳәм басқа ханаларда пропан-бутаннан пайдаланылатуғын жумысларды орынлаўда ханада ислетилиўши балонлардың улыўма көлеми 3 литрден аспаслығы керек.
Жумыс тамамланғаннан соң газлы балонлар сыртқы шығарылыўы ҳәм ханалар самал-латылыўы шәрт.
308. Кабеллердиң бузықлық жерлерин күйдириў ўақтында, ислеўшилердиң қудықларда бо-лыўы қадаған етиледи.
Коллектор ҳәм түнеллерде болса тек еки ашық турған, сыртқа шығыў қудықлары орта-сында турыў мүмкин.
Кабелдиң бузықлық жерин күйдириў ўақтында кабеллерде ислеў қадаған етиледи.
Кабелдиң бузықлық жери болынғаннан соң өрт шығыўының алдын алыў мақсетинде кабеллерди әлбетте көзден кешириў шәрт.
309. Жумысқа рухсат бериўден ҳәм түнеллерди көзден кешириўден алдын оның ишин көзден өткериў, олардағы өртке қарсы қорғаў үскенелери автоматик ислеў режиминен узақтан басқарылатуғын режимге өткизилиўи ҳәм басқарыў гилтине «Жалғанбасын! Адамлар ислеп атыр» плакатын қойыў зәрүр.
310. Қудық, коллектор ҳәм түнеллердиң ҳәмде ашық люклер жанында шегиў қадаған етиле-ди.
311. Қудық, коллектор ҳәм түнеллерде узақ мүддетли жумысларды орынлап атырғанда олар
ишинде ислеўшилердиң болыў ўақтын, жумысты орынлаў шәртлерин, наряд бериўши хызметкер белгилейди.
312. Қудық, коллектор ҳәм түнеллерде газ пайда болып қалса жумыс дәрҳал тоқтатылыўы ҳәм газ шығып атырған жерди таўып, ол тамам болғанша ислеўшилерди қәўипли жер-ден шығарылыўы шәрт.
Жумыс орнында жыйналып қалған газди шығарып жибериў ушын мәжбүрий самал-латыў үскенесинен пайдаланыў зәрүр.