Шөлкемлестириў илажлары


XV-бап. Электр узатыў хаўа линиялары



Download 0,81 Mb.
bet37/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

XV-бап. Электр узатыў хаўа линиялары.
§1. Бағаналарда жумыс ислеў.
313. Ҳаўа линия сымларында ҳәм бағаналарда демонтаж жумыслары хәмде бағаналардағы элементлерди алмастырыў технологиялық карта ямаса жумыс алып барыў жойбары (ППР) менен жумыс басшысы қатнасында алып барылады.
314. Тек бағананың беккем ҳәм шыдамлы болыўына исеним пайда етилгенде банағаға шығыў ҳәм оның жоқарсында ислеўге рухсат етиледи. Бағаналардың бекем турғанлығына исеним пайда етилгенде (бағаналарды жерге белгиленген тереңликте көмилгенлиги, топырақтың жумсақ ҳәм бослығы, ағашлардың ширигенлиги, бетонның жарылғанлығы, уныраўы ҳ.т.б.) оларды беккемлеў зәрүрлиги ҳәм усылын жумыс алып барыўшы ямаса жумыс басшысы жумыс орнында белгилейди.
Бағаналарды тартып байлаўшы жәрдеминде беккемлеў жумыслары, бағанаға шықпас-тан бурын яғный телескопик вышка ямаса басқа адамларды көтериўге арналған механизмлерди бағана жанына орнатып, яғный бул жумысларды бағаналарға шықпастан орнатылатуғын арнаўлы қурылмалардан пайдаланып әмелге асырылыўы керек.
Бағана беккемленгеннен кейин оған көтерилиўге рухсат етиледи.
315. Сым ҳәм тросларды бир тәреплеме тартылыўына арналмаған бағаналар ҳәм ўақтынша усындай тартылыўы мүмкин болған жағдайда олардың қулап кетпеслиги ушын ал-дыннан бекемленген болыўы шәрт.
Аралықтағы бағаналарды алдын ала беккемлемей оларға тартылған сымларды үзиў
ҳәм сымларды ажыратыў қадаған етиледи.
316. Бағанаға шығыў төмендеги бригада ағзаларына рухсат етиледи:
III-топарға - ҳәмме түрдеги жумысларды ислеў ушын бағананың жоқарсына шекем шығыў;
II-топарларға - өширилип қойылған ҳаўа линияларының барлық бағаналарының жоқарсына шекем шығып орынланатуғын жумысларға, өширилмеген ҳаўа линияла-рында бағананың ең төменги сымынан ислеп атырған хызметкердиң басына шекемги аралық 2 метр қалғанша, бағананың ток өткермейтуғын бөлиминде орынланатуғын барлық жумысларға. Бағаналарды бояў менен байланыслы болған жумыслар буған кирмейди (усы қағыйданың 328-бәнди);
I-топарларға – жер бетинен 3 метргеше болған бийикликтеги (хызметкердиң аяғына шекем) барлық түрдеги жумысларға.
Жоқарыда орынланатуғын айырым түрдеги жумыслар усы қағыйдада жазылғаны бойынша усы жумысты орынлаў ушын электр қәўипсизлиги топарына ийе болған хызметкерлер тәрепинен орынланыўы керек.
317. Ағаш ҳәм темир бетон бағаналарға миниўде қорғаў белбеўин, аспа арқаны ағаш бағана артынан айлантырып өткерип алыўы, темир бетон бағаналарда бағана арқасынан ай-ландырып өткизиўи ямаса бағанаға бекемленген зәнгиге беккемлениўи керек.
Бурылыўларға орнатылған штирли изоляторлы бағаналардың ишки мүйеш тәрепинен миниў ҳам ислеў қадаған етиледи.
Бағаналарда жумыс ислегенде қорғаныў белбеўинен пайдаланыў ҳәмде еки түрли монтёр когтасын (лазын) қолланылғанда оған минип ислеўи шәрт.
Бағананың тийкарғы тик турған бөлиминде ислегенде сондай орналасыў керек, бунда кернеў астында болған ең жақын турған сым итибардан қашпаслығы зәрүр.
318. Бағананың айырым бөлеклерин алмастырыў ўақтында бағананың қулаўына ямаса орнында қозғалыўына жол қоймаслық керек.
319. Бир ямаса еки тирепбердили П ямаса АП типиндеги бағаналардың түбине қосымша бир ямаса екеўден орнатылған приставкаларды алмастырыў ушын бир ўақытта еки тирепбердиниң түбин қазыў қадаған етиледи. Дәслеп бир бағана түбине қосымша орна-тылған приставка алмастырылып, бандаж бенен беккемленип, жер тығызланып басыл-ғаннан кейин екинши бағана түбине қосымша орнатылған приставканы алмастырыўға кирисиў мүмкин.
Бағана түбине екеўден орнатылған приставкалар избе-из алмастырылыўы керек.
Приставкаларды қазылған шуқырдан алыў ҳәм түсириў ўактында ислеўшилердиң қазылған шуқырда болыўы қадаған етиледи.
320. Бағаналарды қулатыў ҳәм тикейтиў усылын, қыйсайып кетиўине қарсы оның исе-нимлик усылларын ҳәм оның зәрүрлигин жумыс басшысы, егер ол таярланбаған болса наряд бериўши белгилейди.
321. Крюклы тартыўшыны пайдаланған жағдайда, крюк әлбетте қорғаў қулпы менен тәмийинленген болыўы шәрт.
322. Изоляциялаўшы асылыўларда ислеў ўақтында бир ямаса көп шынжырлы (еки ямаса оннан көп гирлянлы) аспа ҳәм көп шынжырлы тартыўшы изоляторлар асылыўлары бойлап ҳарекет етиўге рухсат бериледи.
Бир шынжырлы тарттырыўшы изоляциялаўшы асылыўда дене тең салмақлылығын сақлаў ушын арнаўлы әнжамлар ислетип ямаса оның үстине жатып ҳәмде аяқлар менен траверсаға асылып ислеў мүмкин.
323. Изоляциялаўшыда асылып ислеген ўақтында қорғаныў белбеўиниң аспа арқаны траверс-ке беккемлениўи шәрт. Егер қорғаў белбеўиниң аспа арқаны келтелик етсе, белге беккемленген еки страховка арқанынан пайдаланыў зәрүр. Арқанның биреўи траверске беккем байланады, екиншиси болса алдыннан траверс арқалы өткерилип страховка етиўши бригада ағзасы услап, керек ўақытта тартып ямаса босатып қойып турады.
324. Тартып турыўшы изоляциялаўшы усылларында ислегенде қорғаў белбеўи аспа арқан траверске ямаса усы мақсетке мөлжелленген масламаға беккемлениўи шәрт.
325. Аспа ҳәм тартып турыўшы көп шынжырлы изоляциялаўшы усылларда қорғаў белбеўи-ниң аспа арқанын изоляторларда жумыс алып барылмай атырған изолятор гирлянды-ның биреўине беккемлеўге рухсат бериледи. Қорғаў белбеўиниң аспа арқанын жумыс орынлап атырған гирлядқа беккемлеў қадаған етиледи.
326. Изоляциялпаўшы асылыўларда бөлекленип кетиўине алып келетуғын бузықлықлар анықланса, жумыс сол ўақытта тоқтатылыўы керек.
327. Сымлар ҳәм тросларды траверске көтериў (ямаса түсириў) ҳәмде оларды тартыў ўақ-тында траверсте ямаса бағананың траверси астында турыў қадаған етиледи.
Жүк көтериў сызылмаларын таңлаўда ҳәм көтериў блокларын орнатыўда сондай есап- китап етиў керек, бунда бағанаға зәрер жеткеретуғын күш туўылмасын.
328. Бағанаға көтерилип оның үстинги бөлимине шекем бояў жумысларын II-топарға ийе болған бригада ағзасы орынлаўы мүмкин. Бағана боялғанда бояўдың сымларға ҳәм изоляторларға тамызбаў илажлары көрилиўи зәрүр.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish