Шөлкемлестириў илажлары


§ 2. Кабель ҳәм муфталарды қыстырыў ҳәм беккемлеў



Download 0,81 Mb.
bet34/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§ 2. Кабель ҳәм муфталарды қыстырыў ҳәм беккемлеў.
277. Ашылған муфта коробка ишинен алынып, брус ишине тахталар үстине орнатылған тахтаға сым ямаса трос жәрдеминде беккемленип қыстырылып қойылыўы зәрүр. Ко-робканың бир тәрепи алып қойылатуғын ҳәм минсиз беккемленетуғын болыўы керек.
Қазып алынған кабельди жабыўшы коробка үстине ескертиўши плакат ямаса қәўипсиз-лик белгиси қыстырылыўы шәрт.
278. Кабеллерди қыстырыў ушын қоңсы кабеллерден, трубопроводлардан ҳәм соған уқса-
ғанлардан пайдаланыў қадаған етиледи. Кабеллерди бир биринен қозғалтпастан қысты-рыў зәрүр.
§ 3. Муфтаны ашыў ҳәм кабелди кесиў.
279. Муфтаны ашыўдан ямаса кабелди кесиўден алдын, оңланыўы керек болған кабель ҳа-қыйқаттанда сол екенлигине, жумыс орынлаў ушын ол энергетика тармағынан үзилип қойылғанлығына ҳәм онда ислеўге рухсат бериў ушын керекли барлық техник илажлар орынлағанлығына исеним пайда етиў керек.
280. Оңланыўы керек болған кабелди жумыс орнында төмендегилерге қарай отырып анық-лаў керек:
кабель жер асты жоллары ҳәм коллекторлары, арнаўлы каналлар ҳәм басқа кабель
имаратлары ишинде жайласқан ямаса имарат дийуалларынан өткен болса, ол жағ-дайда кабель трасса бойлап гүзетиў арқалы, схема ҳәм сызылмалар бойынша кабел-лердиң орналасыў тәртибин салыстырыў ҳәм кабеллердеги биркаларға қарап анықла-ныўы кереқ;
кабель жерге көмилген болса оны жерге көмилиўи сызылмада көрсетилген жағдайы менен салыстырылып анықланады. Буның ушын кабель топламындағы ҳәмме кабель көзге көринетуғын етип кесесине тексериў траншеясы қазылады.
281. Кабелдиң бузықлық жери көринбейтуғын барлық жағдайларда ямаса рамкасы болған кабель қыдырыўшы әсбаптан пайдаланыў керек.
282. Кабелди кесиўден ямаса жалғаўшы муфтаны ашыўдан алдын арнаўлы әсбап жәрде-минде онда кернеў жоқлығын тексериў керек. Жер асты жоллары, коллекторлар, қудық-лар ҳәм басқада имаратларда әсбаптан пайдаланыў оны узақтан басқарылыў имканияты болғанда ғана рухсат етиледи. Әсбап кабелдиң боры хам қабығын ток өткизиўши фазаларына шекем тесип ямаса кесип бир бирине қысқа тутастырып оның жерге жалға-
ныўын тәмийинлениў зәрүр.
283. Кабель тесиўши әсбапларды жерге жалғаў ушын 0,5 метр шуқырлықта жерге қағылған жерге жалғаўшыдан ямаса кабель бронынан пайдаланыў мүмкин. Егерде жалғағышты кабель бронына хомут пенен беккемлегенде брон тазаланған болыўы керек.
Егер кабель броны тот басқан болса, жерге жалғағышты кабелдиң металл қабығына жалғаўға рухсат етиледи.
284. Кабелдиң бузықлықлығы нәтийжесинде ҳәмме ток өткериўши фазалар ашылып қалған болса, онда кернеў жоқлығын кабелди теспестен кернеўди көрсетиўши әсбаптың өзи менен тексериў мүмкин.
285. Егер исши изоляцион таяқшаға орнатылған ийне ҳәм кесиўши пышақтан пайдаланса, онда арнаўлы қорғаў экранынан пайдаланыў зәрүр.
Кабелди тексерип атырғанда диэлектрик қолғап ҳәм қорғаў көз әйнеклерин кийип, траншея үстине изоляцион резиналы гилемше үстинде турып тесилип атырған кабелден илажы болса узағырақта турыўы керек.
Кабелди тесиў жумысларын еки исши орынлаўы керек: жумысқа рухсат бериўши ҳәм жумыс басшысы; олардан бири кабелди теседи, екиншиси болса қадағалап турады.
286. Электростанция, жәрдемши станциядағы ишки кабель линиялары, кабеллердиң узынлығы ҳәм жайласыў тәртиби сызылмалардан, биркалардан, кабелди излеўши әсбаплар жәрдемин-де оңланыўы керек болған кабелди анық табыў имканын берсе наряд бериўшиниң им-канына қарай кесиўди ямаса бузылған муфтаны ашыўда кабелди тексерместен орын-лаўға рухсат етиледи.
287. Адын тексермей турып орынланатуғын кабель муфталарын ашыў ҳәм кесиў жумысла-рын диэлектрик қолғап ҳәм қорғаў көз әйнегин кийнен ҳалда изоляцион резиналы ги-лемше ямаса қорғаўшы тийкарда (основания) турып жерге жалғанған әсбап пенен орынлаў зәрүр.
Арнаўлы тесиўши әсбап пенен алдын ала тесилген кабелдеги операциялар жоқарыда
санап өтилген қосымша қәўипсизлик илажларсыз орынлаў мүмкин.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish