Шөлкемлестириў илажлары


ХII-бап. Ток трансформаторы, электродлы қазанлар



Download 0,81 Mb.
bet31/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

ХII-бап. Ток трансформаторы, электродлы қазанлар,
электрофильтрлер.
§1. Ток трансформаторы.
246. Ток трансформаторының екилемши обмоткасында жалғанған шынжырды ажыратыў қадаған етиледи. Үзиў керек болып қалған жағдайда бул шынжырлар, шамаланған үзиў орнына шекемги тәреп орнатылған (ток трансформаторы тәрепине қарай) арнаўлы жалғағыш пенен алдын ала жерге жалғаныўы тийис.
Арнаўлы жалғағыш орнатылғанда изоляцияланған дәстели әсбаплардан пайдаланыўы тийис.
247. Ток трансформаторларда ямаса оның екилемши обмоткасында жалғанған шынжырла-рында жумыс ислегенде төмендеги қорғаныў илажларын сақлаў тийис:
екилемши обмотка қысқышлары оларға жалғанған шынжырлар монтаж тамам бол-ғанға шекем қысқа жерге жалғаныўда болыўы тийис. Орнатылған (смонтированный) шынжырлар ток трансформаторына жалғанғаннан соң қысқа жерге жалғағыш жақын жыйнаў қысқышларына өткерилиўи тийис ҳәм жалғанған шынжырлардың жалғаныў-ларының дурыслығы тексерилгеннен соң алынады;
полярлықты тексергенде бирлемши обмоткаға импульс тоги берилиўине шекем, әсбаплар екилемши обмотка қысқышларына жалғанған болыўы тийис.
Монтажлаў ҳәм кепсерлеў жумысларында бирлемши обмотка шиналарын ток өткериў-ши сыпатында пайдаланыў қадаған етиледи.
§2. Электродлы қазанлар.

248. Изоляцияланған қутыға орнатылған 1000 В кернеўгеше болған электродлы қазанлар-дың корпусы қулыпланып жаўылыўы шәрт. Қазаннан кернеў алып тасланғаннан кейин корпусты ашыўға рухсат бериледи.


249. Ислеп турған электродлы қазанға жалғанған трубапроводларда оны қорғаўшы жерге жалғағышын бузатуғын жумысларды ислеў қадаған етиледи.
250. Трубапроводты бөлеклеўден алдын электр кепсерлеўи жәрдминде бөлеклер арасында беккем металл контакт болыўын тәмийинлеў лазым. Байпас айланбасы менен үскене-ленген трубапроводларды бир-биринен бөлеклеўде бөлеклер арасында бундай контакт-ти тәмийинлеў талап етилмейди.
§3. Электрофильтрлер.
251. Электрофильтрлерди эксплуатация ислеўде төмендегилер қадаған етиледи:
жумыс басшысының нарядта ескертилген бөлек көрсетпесинен тысқары жағдайларда, адамлар электрофильтер ишинде болған ўақытта шаң қағыў механизмин жалғап қосыў;
электрофильтердиң бункер ҳәм секцияларында биргеликте бир ўақытта оңлаў жумыс-ларын алып барыў;
пайдаланыў агрегатларының блокировкалары насаз болғанда электрофильтрдиң сек-
ция тесиклери изолятор кетеклериниң ҳәм люкларының жабыўшы запорлары насаз ямаса жоқ болса электрофильтрлерге ҳәм оны жалғаўшы кабеллерге кернеў бериў.
252. Электрофильтр ҳәр қандай секцияда (электр майданында), аўысық шинада, секциялар-ды электроэнергия менен тәмийинлеўши ҳәр қандай кабеллерде (электр майданында) жумыслар исленгенде барлық тәмийинлеўши агрегатлар ҳәм басқа секция кабеллери (электр майданы) электр тармағынан өширилиўи ҳәм жерге жалғаныўы шәрт.
253. Электрофильтр секцияларына адамлар ислеўге рухсат бериўден алдын секциялар са-маллатылыўы ҳәм бункердеги күл алып тасланыўы шәрт. Ҳаўа жағдайы болса 330 С дә-
режеден аспаслығы зәрүр.
254. Электрофильтр өширилгеннен кейин оннан ҳәм оны электроэнергия менен тәмийин-леўши кабеллерден электроагрегатларды жерге жалғаў жолы менен олардан электо-стасистик заряд алыныўы зәрүр. Электрфильтрдиң жерге жалғанбаған бөлимлерине тийиў қадаған етиледи.
255. Электростанцияларда күл алып таслаўшы үскенелердиң дәрежелерин итибарға алған ҳалда электрофильтрлерге хызмет көрсетиў бойынша жергиликли көрсетпе ислениўи керек. Көрсетпеде бөлимлер арасындағы хызмет көрсетиў шегараларын белгилеўлерин итибарға алған ҳалда электрофильтрлерде ислеў ушын наряд бериў ҳәм ислеўге рухсат бериў тәртиби белгилеп қойылыўы шәрт. Көрсетпени ислеўде усы қағыйда ҳәм «Элек-тростанция ҳәм ыссылық бериў тармақларының механик үскенелерин эксплуатация ис-
леўде техника қәўипсизлиги қағыйдалары» талаплары есапқа алыныўы керек.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish