63
ҳəм ыссылық кəрханаларының ислеп турған электр үскенелеринде жумыс ислеўи ушын
жиберилген ҳəм усы кəрхана штат дизиминде болмаған хызметкерлер есапланады.
Ислеп турған электр үскенелеринде ислеў ушын жиберилген қурылыс
монтаж
шөлкем-лериниң хызметкерлери де хызмет сапарындағы хызметкер қатарына қосылады. Бул
хызметкерлерди хызмет сапарындағы хызметкерге теңлестириў туўрысындағы қарарды
электр үскенелерин эксплуатация етиўши кəрхананың бас инженери менен келисилген ҳалда
қурылыс монтаж шөлкеми баслығы қабыл етеди.
514. Хызмет сапарындағы хызметкердиң электр үскенелеринде ислеўге рухсат усы қағый-даға
муўапық əмелге асырылады. Хызмет сапарындағы хызметкерлерде
хызмет сапа-рына
жиберген кəрхана (шөлкем) тəрепинен берилген усы қағыйда бойынша билими тексерилген
ҳəм электр қəўипсизлиги бойынша маманлық топарына ийе болған рəсмий формадағы
гуўақнамасы болыўы шəрт.
515. Хызмет сапарына жиберилип атырған кəрхана, жумыс басшысы, жумыс алып барыў-шы,
бақлап барыўшы ҳəм бригада ағзалары етип таярланыўы мүмкин болған ҳызмет-керлерди
сондай-ақ узақ мүддетли жумысларға наряд бериў ҳуқықы берилген хызметкер-лерди жазба
түрде көрсетиўи зəрүр.
516. Ислеп турған электр үскенелеринде хызмет сапарындағы хызметкерлерге жумыс бас-шысы,
жумыс алып барыўшы ҳəм бригада ағзалары сыпатында ислеў ҳуқықын электр үскенелерин
эксплуатация ислеўши кəрхана басшысы хызмет сапарына жиберген кəр-хана хатында
көрсеткен көрсетпеси ямаса арнаўлы жазба көрсетпе менен рəсмийлес-тирилиўи мүмкин.
Наряд ҳəм бийлик бериў ҳуқықы болса электр үскенелерин экс-плуатация ислеўши кəрхана
басшысының жазба көрсетпеси менен рəсмийлестирилиўи шəрт.
517. Хызмет сапарындағы хызметкер, хызмет сапарына келген кəрханадағы жумыс ислеў керек
болған жайдағы элект үскенелериниң жағдайын есапқа алған ҳалда электр қəўип-сизлиги
бойынша көрсетпе алыўы шəрт. Наряд бериўши, жумыс басшысы ҳəм жумыс алып барыўшы
ўазыйпасын атқарыў ҳуқықы тапсырылған хызметкерлер усы электр үскенелериниң
схемалары бойынша көрсетпе алыўы зəрүр.
Көрсетпе, көрсетпелерди есапқа алыў журналында көрсетпе алған ҳəм жол-жоба бер-ген
хызметкердиң қоллары менен рəсмийлестириледи.
518. Хызмет сапарындағы хызметкерлерге көрсетпе эксплуатация ислеў кəрханаларының
V-топарға ийе болған ҳəкимшилик
техник хызметкерлери, IV-топарға ийе болған
нəў-бетшиси ямаса тез-ара оңлаў хызметкери бериўи лазым.
Көрсетпениң мазмуны орынланатуғын жумыс характерине қарай электр үскенелери-ниң
схемасына, жумыстың қурамалылығына ҳəм түрлерине қарай жол-жоба бериўши хызметкер
белгилейди.
519. Хызмет сапарына жиберген кəрхана хызмет сапарындағы хызметкерлердиң электр
қəўипсизлиги топарына ҳəм оларға берилген ҳуқықларға ылайық екенлигине ҳəм
хызметкерлер усы қағыйданы орынлаўларына жуўап береди.
520. Ислеп турган электр үскенелеринде хызмет сапарындағы хызметкерлер ислеп атырған
кəрхана электр тогинан зəрерлениўине қарсы ҳəм ислеп турған электр үскенелери тəси-ринен
пайда болатуғын кернеўден ислеўшилерди сақлаў ушын қəўипсизлик илажларын орынлаўға
жуўап береди.
521. Электр үскенелери арнаўлы оңлаў кəрхана бөлимлери тəрепинен турақлы эксплуатация
ислейтуғын кəрхана, кəрханалар менен келискен ҳалда оңлаў кəрханаларының бөлим
хызметкерлери энергетика кəрханалары ҳəм шөлкемлери хызметкерлери
менен жумыс-ты
шөлкемлестириў бойынша басшылық көрсетпесине тийкар таярланғаннан соң олар-ға тез-ара
оңлаў хызметкери ҳуқықын бериўи мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: