65
бойынша көрсетпе алыўлары, наряд бериўши, жуўапкер жумыс басшысы ҳəм жуўапкер
жумыс орынлаўшы ҳуқықы берилген хызметкерлер болса буннан тысқары схемалар
бойыншада көрсетпе алыўлары шəрт.
Хызметкерлер менен өткерилген көрсетпе эксплуатация ислеўши кəрханадағы
көрсет-пелрди есапқа алыў журналына белгиленеди.
532. Қурылыс монтаж шөлкемлериниң хызметкерлери ислеп атырған электр үскенелери ҳəм
электр линияларының қорғаў майданларындағы қурылыс жумысларын усы шөлкем
хызметкерлери тəрепинен белгиленген КМК «Қурылыстағы қəўипсизлик техникасы»да
белгиленген формадағы наряд-рухсатнама менен ислеўлери шəрт.
533. Электр үскенелерин өширип бериўши талап ететуғын ҳəмде кернеў астындағы электр
линиясының қорғаў майданларындағы жумысларға биринши мəрте ислеўге рухсат бе-риўди
эксплуатация кəрханасы тəрепинен таярланған ислеўге рухсат бериўши əмелге асырады. Ол
усы қағыйданың 80 ҳəм 544-бəндлери талапларына тийкар қурылыс мон-таж шөлкемлериниң
жуўапкер жумыс басшысы ямаса жуўапкер ислеўши ислеўине рух-сат береди.
534. Қурылыс монтаж шөлкеминиң жуўапкер жумыс басшысы ямаса жуўапкер жумыс
орынлаўшы исшилерине биринши мəрте ислеўге рухсат бериўде оған берилген наряд-тың
еки нусқасыда болыўы зəрүр. Ислеўге рухсат етиў нарядтың еки нусқасынада
рəс-мийлестирилгеннен соң оның биреўи ислеўге руҳсат бериўшиде, электр тармақлары-ның
жуўапкер хызметкерлерине жумыс тамам болғаннан соң ислеўге рухсат алған қу-рылыс
монтаж шөлкеминиң хызметкери бул ҳаққында хабар бериўи ушын қалдыры-лады.
535. Қурылыс монтаж шөлкеми жумысты тамам еткенлиги ҳаққында хабарды жазба түрде өзи
ямаса шабарман арқалы бериўи ҳəмде телефон ямаса радио арқалы бериўи мүмкин.
Хабарда нарядта көрсетилген жумыслар толық тамам болғанлығы, бригада жумыс ор-нынан
шығарылғанлығы, жумыс орны тексерилгенлиги (материаллар, əсбап үскенелер ҳəм басқалар
жыйналып алынғанлығы, қурылыс монтаж шөлкеми хызметкери қойған жерге жалғағышлар,
қоршаўлар, қорғаў плакатлары ҳəм белгилери) көрсетилиўи шəрт.
536. Эксплуатация ислеўши кəрхана жумыстың толық тамам болғанлығы туўрысындағы хабарды
алғаннан соң ислеўге рухсат бериўши тəрепинен қойылған жерге жалғағыш-лар, қоршаўлар,
қəўипсизлик белгилерин (плакатларын) алып электр үскенесин тар-маққа жалғаў ҳуқықына
ийе.
537. Қурылыс монтаж шөлкеми өз хызметкерине ҳукықларға ҳəм электр қəўипсизлиги бойынша
маманлық топарына туўры келгенлигине, жумыс жағдайы ҳəм мүддетинде орынланыўына
жумыс ўақтында қурылыс монтаж шөлкеми хызметкерлериниң қəўип-сизлик илажларын
орынлаўларына ҳəм ислеўге рухсат етиўшиниң жол-жорық бериўи ўақтындағы
көрсетпелериниң орынланыўларына жуўап береди.
Do'stlaringiz bilan baham: