61
497. Телескопик минаралар ҳəм гидроподъемник жəрдеминде жумыс баслаўдан алдын оларды
көтериў ҳəм тартып шығарыўшы бөлими тексерилиўи, телескопик минараларда болса буннан
тысқары механизмниң көтериў бөлими вертикал жағдайда орнатылыўы ҳəм беккемлениўи
зəрүр.
498. Ҳаўа линиялары трассаларының бурылыў бөлимине орнатылған бағаналардағы изоля-тор
ҳəм сымларды алмастырыў ҳəмде арматураларды оңлаў ўақтында телескопик минараны
(гидроподъемникти) усы бағанаға келген сымлардан пайда болған мүйеш ишине орнатыў
қадаған етиледи.
499. Ашық бөлистириўши электр үскенелери ҳəм ҳаўа линияларының қорғаў зоналарында-ғы
барлық жумыс процеслеринде пневмодөнгелекте жүретуғын автомобиллердиң ҳəм
механизмлердиң корпусы жерге жалғаныўы шəрт. Жерге жалғағыш орнатылмағанша
автомобиллердиң (жүк көтериў машиналары ҳəм механизмлериниң) корпусына тийиў,
олардың жумыс органларын орнынан қозғаў, жүк илиўши əсбапларында ҳəм басқа тий-карғы
деталларда қандай да жумыс ислеў қадаған етиледи.
Гусеницалы дөнгелекли жүк көтериў машина ҳəм механизмлер жерде турғанда оларды
жерге жалғаў талап етилмейди.
500. Жүк көтериў машиналары ҳəм механизмлериниң ислеўи ўақтында көтерилип атырган жүк
минара астында ҳəмде тартылып атырған сымлар (трослар), беккемлеўши қазық-лар,
тиркеўишлер, ислеп турған механизмлердиң жанында (5 метрден кем аралықта) адамлардың
турыўы қадаған етиледи.
501. Телескопик минарада (гидроподъемникте) турып ислегенде машина айдаўшысы менен
телескопик минара корзинасындағы исши бир-бирин көзи менен жақсы көриўи зəрүр. Булар
бир-бирин көре алмаған жағдайда телескорик минара жанында корзинаны жоқары көтериў
ямаса төмен түсириў туўрысындағы буйрықты айдаўшыға жеткизип турыўшы хызметкер
турыўы шəрт.
Телескопик минарада (гидроподъемникте) хызметкер көрзина төменинде турып, сақлаўшы
белбеўи менен корзинаға беккемленген жағдайда ислеўи зəрүр.
Телескопик минара корзинасынан бағанаға ямаса үскенеге өтиў ҳəм корзинаға қайтыў тек
жумыс алып барыўшының рухсаты менен əмелге асырылыўы лазым.
502. Кран стреласы ямаса көтериў механизми карзинасы кернеў астындағы ток өткизиўши
бөлимлерге тийип қалса, машинист дəрҳал усы контакты ажыратыўға ҳəрекет етиўи ҳəм
механизмниң ҳəрекет етиўши бөлими ток өткериўши бөлимнен усы қағыйданың №2
қосымшасында көрсетилген аралықтан кем болмаған аралыққа узақластырылыўы зəрүр.
Механизм (машина) кернеў астында болған жағдайда механизмнен (машинадан) жерге
түсиў ямаса оның үстине шығыў ҳəмде жерде турып оған тийиў қадаған етиледи.
Машинист дөгерек əтрапындағы ислеўшилерди механизм кернеў астында екенлиги
туўрысында дəрҳал ескертиўлери шəрт.
Кернеў астындағы автомобиллер, жүк көтериў машиналары ямаса механизмлер өртен-ген
жағдайда айдаўшы (машинист) машинаны қолы менен усламастан аяқларын жуплап жерге
секириўи зəрүр. Соң аяқларын бир-биринен ажыратпаған ҳалда табаны менен маши-надан 8
метр аралыққа шекем узақласыўы керек.
503. 220 кВ ҳəм оннан төмен кернеўли бөлистириўши электр үскенелеринде көшпели ме-талл
зəнгилерден пайдаланыў қадаған етиледи.
504. 330 кВ ҳəм оннан жоқары кернеўли ашық бөлистириўши электр үскенелеринде көш-пели
металл зангилерди пайдаланыў төмендеги шəртлер орынланған жағдайда рухсат етиледи:
зəнги горизонтал жағдайда жумыс алып барыўшының, нəўбетшиниң ямаса IV-топарға
ийе болған тез-ара оңлаў хызметкериниң үзликсиз бақлаўы астында бир орыннан екинши
орынға алып барыў;
ислеп турған электр үскенелериниң тəсири астында зəнгиде пайда болған кернеўди
жоғалтыў мақсетинде зəнгиге жерге тийип турыўшы металл шынжыр беккемленип асып
қойылыўы зəрүр.
Do'stlaringiz bilan baham: