58
Антеннаны əсте-ақырын силкитпей тартыў зəрүр.
468. Антеннаны көтериў ҳəм түсириў ўақтында еки бағана аралығындағы трассаның ше-тинде
турған бир хызметкер антенна сымын кернеў астындағы ҳаўа линия сымына 466-бəндте
көрсетилген аралықтан кем аралыққа жақынласпаслығын бақлап турыўы зəрүр. Көтерилип
атырған антенна сымы астында турыў қадаған етиледи.
469. Антеннаны жығыўдан (қулатыўдан) алдын оны жерге жалғағыш пышағы ямаса көш-пели
жерге жалғағыш жəрдеминде жерге жалғаў зəрүр.
§8. Диспетчерлик ҳәм технологик басқарыў қуралларының аппарат ханалары.
470. Электростанция ҳəм жəрдемши станция электр үскенелериниң аппарат ханаларына
ор-натылған байланыс үскенелеринде ислеў, оларды тармаққа жалғаў ҳəм тармақтан үзиў
ҳəм сондай-ақ телефон байланысы, радиотрансляция аппаратларының оңлаў жумыс-лары
III-топарға ийе болған бир хызметкер тəрепинен əмелге асырылыўы мүмкин.
471. Ҳаўа ҳəм кабель байланыс тармақлары жалғанған ҳəм оларды жалғаў-сынаў стойкала-ры,
узақтан басқарылатуғын дерек стойкалары, кернеўди автоматик басқарыў стойкасы, ток
бөлистириў стойкасы алдындағы жерге резиналы диэлектрик гилемше төселген ямаса
изоляцион тахта сыпа қойылған болыўы шəрт.
472. Узақтан басқарылатуғын деректен электр тогин алып атырған үскенелер чехолларына олар
кернеў астында екенлигин ескертиўши қорғаў белгилери бояў менен сызылған болыўы шəрт.
473. Қыдырыў контактлерин ҳəм релелерин жуўыў тек олардан кернеў алынғаннан кейин
ислениўи зəрүр.
474. Үскенелерди тазалаўда металл менен оралған щеткалардан ҳəмде шаң тартыўшы
аппа-ратларының ушы металдан исленген шлангалардан болса пайдаланыў кадаған етиледи.
475. Аппаратлардағы лампаларды тек олардан кернеў алынғаннан кейин алмастырыў керек. 250
В кернеўгеше болған лампаларды кернеў астында қорғаў қуралларынан пайда-ланып
алмастырыўға рухсат етиледи.
476. Кириў-сынаў стойкаларына ямаса кросстың қорғаў шегарасына жалғанған байланыс
тармақларында 42 В тан жоқары бийтаныс кернеў пайда болса (электр линиялары, узақ-тан
басқарылатуғын дерек аппаратурасы ҳəм басқалар арқалы), нəўбетши хызметкер бундай
тармақты қорғаў қураллары жəрдеминде өшириўи ҳəм изоляция етип қойыўы шəрт. 42 В тан
жоқары бийтаныс кернеў пайда болғанлығы туўрысында усы кəрхана нəўбетшиси ямаса ол
жоқ болған жағдайда жоқары шөлкем нəўбетшисине хабар етили-
ўи керек.
Разрядниклер ҳəм сақлағышлар усы аппаратлардан бийтаныс кернеў алынғаннан кейин
алмастырылыўы мүмкин.
477. Ҳаўа линиялары ҳəм өзгермели ток пенен ислейтуғын электрлестирилген темир жол
тə-сирине түсетуғын байланыс тармақлары аппаратларындағы жумыслар, тармақ қорғаў
үскенелерин алмастырыў диэлектрик қолғапта (ямаса изоляцион дəстели клещти ис-летип)
ҳəм қорғаў көз əйнегин тағып изоляцион диэлектрик гилемше төсеп ислениўи шəрт.
478. Жергиликли телефон станциясы коммутаторы ҳəм автоматика телефон станциясының
жалғаў столындағы телефонистлердиң жумыс орны акустик удардан шеклегиш пенен қорғаў
исленген болыўы зəрүр. Гүлдирмама ўақтында телефонистлар микротелефон гарнитуры
орнына микротелефон трубкасынан пайдаланыўлары керек.
Do'stlaringiz bilan baham: