62
505. Конструкция, бағана ҳəм басқаларға қорғаў белбеўин байлап ислеўдиң илажы болма-ған
жағдайда, конструкциялар ҳəм бағана деталлары ҳəм т.б. арқалы қоршаў өткизилген
сақлаўшы арқанларынан пайдаланыў зəрүр. Бул жумысларды еки хызметкер ислеўи, олардың
биреўи сақлаўшы арқанын əсте керек болғанда жибериўи ямаса тартыўы керек.
506. Төселме ағаш əсбап ҳəм қураллар менен ислеўде қəўипсизлик қағыйдаларына тийкар
ислениўи зəрүр.
507. Төселме ағашлар, ешек ағашлар ҳəм аспа зəнгилер төселмеси жерден ямаса жайдан 1,3
метр ҳəм оннан жоқары орнатылған болса қоршаў менен қоршалған болыўы шəрт.
Қоршаў менен қоршалған ҳəм төсемели ағаш ҳəм ешек ағаш қойыўдың илажы болмағанда
ямаса улыўма мақсетке муўапық болмаса ҳəмде үскенелер үстинде жумыс алып барғанда ҳəр
бир жумыс ушын қəўипсизлик илажлары технологиялық карта, жумыс ислеў жойбары ямаса
басқа ҳүжжетлер менен анықланады.
508. Төмени кернеў астында болған ток өткериўши бөлимлер жайласқан конструкцияларда
ислегенде оңлаў қураллары менен əсбапларының түсип кетпеслиги ушын оларды байлап
қойыў талап етиледи.
509. Электр ҳəм газ кепсерлеўшилер металл шынжырлардан исленген аспа қарғаў бел-беўинен
пайдаланыўы зəрүр.
Егер жумыс орны ҳəм оған келетуғын жол əтрапы қоршаўлар менен оралмаған кернеў
астындағы ток өткизиўши бөлимлер үстинде жайласқан болса ҳəмде жоқарыда ислеп
атырған хызметкерлердиң қорғаў белбеўиниң аспа металл шынжыры хызметкер ийил-ген
ўақтында шынжыр менен ток өткизиўши бөлим арасындағы аралық усы қағыйда-ның
№2-қосымшасындағы аралықтан кем болса, жумыс ток өткизиўши бөлимлерден кернеўди
алып таслағаннан кейин ислениўи керек.
510. Конструкция ямаса үскенелер үстиндеги деталлардың кейни таўсылмайтуғын арқан ямаса
шыйратылған жип жəрдеминде шығарып берилиўи шəрт. Төменде турған исши арқанның
тербелип кетиўин ҳəм ток өткизиўши бөлимге жақынласыўының алдын алыў ушын услап
турыўы зəрүр.
511. Порталлар, конструкциялиялар, бағаналар ҳəм басқаларда ислеп атырған хызметкер-лер
жумысқа кесент етпейтуғын кийимлерден пайдаланыўы керек.
Жеке əсбаплар арнаўлы сумкада сақланыўы шəрт.
512. Көпирли кран арбашасында турып машина залы ҳəм қазанхана шифтларындағы
жақ-тыландырыў арматураларында исленетуғын жумыслар еки нəўбетши хызметкер ямаса
наряд пенен оңлаў хызметкери тəрепинен əмелге асырылыўы лазым.
Хызметкердиң биреўи ислеп атырған исшиниң жанында турып оның қəўипсизлик
техникасы қағыйдаларын саклаған ҳалда ислеўин гүзетип турыўы зəрүр.
Арбашада ўақтыншалық төселген ағаш, зəнги ҳəм басқаларды қойыў қадаған етиледи.
Арбаша ишинде турып ямаса турақлы орнатылған ағаш ешекте турып ислеў лазым.
Арбашаға көтерилиўден алдын көпир кран, контакт сымынан (троллей сымынан) кернеў
алып тасланыўы зəрүр. Жумыс ўақтында қорғаў камерадан пайдаланыў лазым.
Көпир кран ямаса арбашаны тек жумыс алып барыўшының буйрығы менен кран
ай-даўшысы жүргизиўи керек. Көпир кран ҳəрекети ўақтында ислеўшилер кран
кабина-сында ямаса көпир төселмелеринде турыўлары зəрүр. Ислеўшилер арбашада турған
ўақтында көпир кранды ҳəм арбашаны бир орыннан екинши орынға жүргизиў қадаған
етиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: