№1 Лабораториялық жумыс.Лабораторияда ислеў қағыйдалары. Кислота, тийкар, дузлар менен ислеў қағыйдалары. Биринши жәрдем көрсетиў.
Химиялық тәжирийбелерди орынлаўда төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў керек.
1.Тәжирийбе өткеретуғын лаборатория столында тәртип ҳәм тазалықты сақлаў, артықша затлардың болыўына жол қоймаў керек.
2. Патас ыдыслар менен ислеўге болмайды.
3. Затлардың дәмин татып көриўге болмайды. Затларды ийискелегенде заты бар ыдысты беттен узақ аралықта услап, пуў ямаса газдың ағымын қол ҳәрекетлери менен өзиңе бағдарлаў керек. Күшли ийисли ҳәм зәҳәрли затлар менен арнаўлы тартыўшы шкафларда ислеў керек.
4.Қайнап атырған суйықлығы бар ыдыс үстинен, сондай-ақ, суйықлықлары араластырылып атырған ыдыс үстинен басыңды ийип қараўға болмайды. Шийше ыдыстағы реакциялардың жүрип атырғанлығын оның дийўалы арқалы бақлаў керек.
5.Кислоталарды суў менен суйылтырғанда, суўға кислотаны қуйыў керек (әсиресе, күкирт кислотасы жағдайында), керисинше ислеўге болмайды, лекин дуз кислотасы ҳәм азот кислоталары менен ислескенде бундай қылыў шәрт емес. Сонда-да, бул қағыйданы барлық кислоталар ушын есте сақлаў керек, себеби сол жағдайда ғана суў менен кислоталарды араластырыў қағыйдаларын орынлаў барысындағы бахытсыз жағдайлардан сақланыўға болады.
Суйықлықларды (әсиресе кислота, силти ямаса нашатыр спирти) аўызы үлкен ыдыстан аўызы киши ыдысқа шаршар арқалы ғана қуйыў керек, ал күшли ийисли затларды қуйғанда тяга астында ислеў керек.
6.Ыссы суйықлықты дийўалы қалың шийше ыдысқа қуйыўға болмайды, себеби ол сыныўы мүмкин. Ыссы затларды тек ғана асбест картонының үстине қойыў керек.
Приборды жыйнаў барысынлда пробиркаға газ өткериўши трубкасы бар резиналы пробканы қойыўда пробирка сынып кетпеў ушын оң қол менен пробканы, ал шеп қол менен пробирканың аўыз бөлегин услаў керек. Пробка әсте ақырын айландырыў ҳәрекети менен қойылады. Бунда, пробка 1/3 бөлегине шекем пробиркаға тығыз кириў керек.
7. Егер, прибордан газ шығып атырған болса, оның шығыўына ҳеш зат кесент бермеўине итибар бериў керек яғный газ өткериўши трубка тесиги тығылып қалмаўы керек, себеби приборда күшли басымның жыйналыўы ыдысты сындырыўы мүмкин.
Егер, қыздырып атырған ыдыстан шығып турған газ өткизиўши трубка суўға түсирилген болса, онда қыздырыўды тоқтатыўдан алдын трубканы суўдан шығарып алыў керек, себеби суў қыздырып атырған ыдыстың ишине өтип кетиўи мүмкин.
8. Қымбат баҳалы ҳәм зәҳәрли реактивлер менен ислесип болғаннан кейин, оларды раковинаға қуйыўға болмайды. Бундай реактивлерге гүмис, сынап бирикпелери бар еритпелер ҳәм т.б. киреди. Оларды арнаўлы ыдысларға қуйып қойыў керек. Қағаз, сынық шийше ҳәм ыдысларды арнаўлы ыдысқа салып қойыў ямаса мусорға таслаў керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |