Бахытсызлық жағдайларында биринши жәрдем бериў шаралары Лабора-торияда бахытсызлық жағдайларда биринши жәрдем көрсетиў ушын бәрҳә тайын болып турыў керек.
Реактивтиң, әсиресе силти ямаса кислотаның териге тийип кетиўинде дәрҳәл сол жерди көп муғдардағы суў менен жуўыў керек. Әсиресе, бул көз ушын әхмийетли. Ең жақсысы, көзди дәрҳал көп муғдардағы таза (дистилленген) суў менен жуўыў керек. Соңынан нейтраллаўшы затлар яғный силти тамған жағдайда бор кислотасының күшсиз еритпесин, ал кислота қуйылған жағдайда ишимлик содасының күшсиз еритпесин қолланыў керек. Силти ямаса кислота кийимге тамған жағдайда, сол жерде дәрҳал нейтраллаў керек, соңынан суў менен жуўылған жағдайда да тесик үлкейип кетпейди.
Химия лабораториясында биринши жәрдем ушын керекли болған медициналық аптечка болыў керек: ыссы менен күйгенде пайдаланылатуғын (марганцовканың концентрленген еритпеси ҳәм вазелин), өрт болған жағдайда (брезент, қум, от өшириўши ҳ.т.б.) қолланылатуғын затлар болыўы керек.
Жайда зыянлы газлардың жыйналып қалған жағдайында, оны тез-арада мүмкиншилиги болса еки тәреплеме етип шамаллатыў керек. Газлар менен зәҳәрленген жағдайда тез арада таза ҳаўаға шығарыў ҳәм соңынан зәҳәрлениўге қарсы шараларды қолланыў керек. Күшли зәҳәрленген жағдайда врачқа хабарласыў керек. Соны ядта сақлаў керек, көпшилик бахытсызлық жағдайлары жумыс орнының сабаққа таяр болмаўынан келип шығады. Керекли инструмент, ыдыслардың болмаўы нәтийжесинде оқыўшылар оларды қәўип алып келиўши басқа нәрселер менен алмастырыўға урынады.
Жоқарыдағылар менен биргеликте оқыўшылар төмендеги биринши жәрдем көрсетиў шараларын билиўи керек.
1.Зәҳәрли ҳәм күшли ийисли затлар менен тәжирийбелер, сондай-ақ кислоталарды ҳәм ашшы еритпелерди парландырыў тяга астында өткериледи. Егер де усы жумыс ўақтында аммиак пенен күшли зәҳәрленсе, сол ўақытта сирке кислотасының пары менен дем алдырыў керек. Соң сүт, лимон соги ямаса аз муғдарда сирке кислотасының еритпесинен ишкизиледи.
Азоттың, күкирттиң оксидлери, метил спирти, күкиртли водород ҳәм көмирдиң сульфиди менен зәҳәрленген жағдайда таза кислород пенен дем алғызып, соң врачқа жибериў керек.
Бром пары менен зәҳәрленгенде аммиак пары менен әстен дем алғызылады ямаса күкиртли водород суўының ҳәлсиз еритпесин ийискелетиў керек. Бром менен қол ямаса бет жараланса, жараланған жерди натрий бисульфаты еритпеси менен жуўып, оған линолеин ямаса басқа ҳайўанат майын жағып байлаў керек. Йод пенен зәҳәрленген адамға крахмал клейстери ямаса бир процентли натрий бисульфаты еритпеси ишкизиледи. Сол ўақытта 100 мл, соң 10 минуттан асхана қасығы менен бир қасықтан ишкизиў керек. Егер де хлор менен уўланса таза ҳаўаға шығарып, шарап спирти менен араластырылған аммиактың ҳәлсиз еритпесин ийискелетиў керек. Соң врачқа жибериледи.
2. Тез жаныўшы затлар менен тәжирийбени оттан алыста өткериў керек. Қандай да газды ҳәм парды алдын-ала ҳаўа менен араласпа емес екенлигин билмей турып жағыўға болмайды, себеби ҳәр қандай жаныўшы газдың ҳаўа менен белгили муғдардағы араласпасы қопарылыс берип жанады. Газометрде водород, ацетилен, этилен, метан ҳәм басқа газларды сақлаў қадаған етиледи. Себеби, бул газлар ҳаўа менен гүркиреўик араласпа пайда етеди.
3. Литий, натрий, калий ҳәм кальций менен суўдан ҳәм өзиңнен алыста жумыс ислеў лазым. Егер де ығал териге, кийимге ямаса суўға тийсе бул металлар өз-өзинен жанып денеде аўыр жараны пайда етеди. Олар менен барлық жумыслар қорғаўшы көз әйнеги ҳәм қолғап пенен қурғақ таза орында алып барылады. Бул затлардың қалдықлары арнаўлы қалдықлар салынатуғын ыдыста керосин астында жыйналады. Оларды шелекке, раковинаға ямаса канализацияға таслаўға болмайды.
4. Күшли ийисли затларды ҳәм бөлинип шығып атырған газларды, қол менен өзиңе қарап бағдарлап желпип ийискелеў керек.
5. Сынап пенен жумыс ислеген ўақтында жүдә абайлылық талап етиледи. Егер де тосыннан сынап төгилген ўақытта тез жыйнап алыў ушын ваккум туўғызыўшы суў насосынан ямаса шаң тазалаўшы насостан пайдаланылады. Жыйналған сынапты канализацияға жибериўге болмайды. Жыйнап алыўға қолайсыз жерге төгилсе, үстине күкирт унтағын себиў керек. Егер де сынап ямаса сынап дузлары менен уўланған жағдайда уўланған адамды қустырыў керек. Врач келгенше аўырыўға сүт, мәйек белоги бериледи.
Сондай-ақ, абсорбциялаўшы көмир ямаса магний гидроксиди берилсе де болады.
6. Жоқары концентрациялы кислоталарды, әсиресе күкирт кислотасын суўыт-қанда суў үстине кислотаны әстелик пенен қуйыў керек.
Егер де дене кислота менен зыянланса суў менен жуўғаннан кейин 2 процентли ишимлик содасының еритпеси менен жуўыў керек.
Аўыз қуўыслығы силти менен зыянланса аўызды 3 процентли сирке кислотасының ямаса 2 процентли бор кислотасының еритпеси менен жуўыў керек, ал егер аўыз кислота менен зыянланса ишимлик соданың 5 процентли еритпеси менен жуўылады.
7. Ақ ҳәм қызыл фосфор қалдықлары бар шийше ыдысларды жуўыў ушын, оларды алдынан мыс сульфаты еритпеси толтырылған ваннаға салып қойыў керек. Егер де фосфордан денеге жара түссе, жараланған жерди 2 процентли мыс сульфаты еритпесине батырылған сийле менен таңыў керек.
8. Хлор, бром, күкиртли водород, көмир ҳәм азот оксидлери менен зәҳәрленгенде таза ҳаўаға шығарып тез врач шақырыў керек.
9. Силти еритпеси менен тери жараланғанда, сол жараланған жер суўдың көп муғдары менен жуўылып, соң танинниң, спирттиң еритпеси менен ямаса калий перман-ганатының 3 % еритпеси менен жуўылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |