Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet54/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
54
жәмийетлик талаплар, нормалар, қағыйдалар жол бермейди. Булар ҳәр бир инсанды 
сынаўдан өткизеди. Сол себептен де мәнәўий-руўхый жетилисиў, тиклениў мәселеси 
бүгинги күнниң ең тийкарғы машқалаларынан болып есапланады. Соны нәзерде 
тутыў керек, жаслар тез қабыл етиўшеңлиги ҳәм жаңалықты сезиўлери менен жаңа 
шараятларға тез масласады, ересеклер болса буннан хабардар болады. Базы бир 
мәнәўий көз-қараслар бойынша жаслар ҳәм кекселер арасында ҳәр қыйлы қарама-
қарсылықлар пайда болмақта. 
Бирақ сондай инсанлар да бар, оларда жаңалықты тез аңлаў сезими сақланып 
қалады. Айырым жасларда өз тенқорларына салыстырғанда жаналықларға байла-
ныслы жоқары түсиниклер бар болып, олар өмириниң ақырына шекем сақланып 
қалады. Оларда сондай тез өзлестирип алыўшы инсанлар менен байланысқа кирисиў 
қызығарлы болады. Демек, турмыста инсанлардың руўхый-социал реформалар 
дәрежесин тезлестириў лазым. 
Мәнәўий реформаларды тезлестириў еки бағдарда әмелге асырылады: 1) ҳәр 
дайым өзбетинше билим алыў ҳәм өз-өзин беккемлеў; 2) зийреклигин әмелде қоллаў 
ҳәм камал таптырыў арқалы, неге адам өз зийреклиги топарларда яғный топарларға 
қарағанда ҳәмийше тезирек раўажландырыўға ҳәрекет етеди, бунда руўхый 
белсендиликтиң жоқары дәрежеси сақлап қалынады. Жоқары мәнәўиятқа умтылыў, 
мәнәўий-руўхый азықланыўдың улыўма көриниси, ишки ҳәм сыртқы көринисинен 
ибарат.
Жоқарыда айтылған пикирлерди улыўмаластырған ҳалда айтыў мүмкин, шахс 
мәнәўиятының өзеги ҳәм оның әмелде пайда болыўын өзлигин аңлаў, билиў ҳәм 
өз-өзин әдеп-икрамлық нормалары әтирапында басқарыўда көриў мумкин. Соның 
ушын биз төменде өзлигин аңлаў ҳәм өз-өзин басқарыўға үйретиўдиң базы бир 
тәреплерин көрип шығамыз.
Өзлигин аңлаўдың раўажланыўы өспиримлик (12-14 жас) ҳәм биринши 
балағат жасында (15-16 жас) жүдә анық пайда болады. Бул дәўирлерде өзлигин 
аңлаўдың раўажланыўы төмендегише кешеди: 12-14 жасларда өспиримде өзиниң 
ишки дүньясына қызығыўшылық оянады, кейин өзлигин билиў қурамаласып ҳәм 
тереңлесип барады, сол пайытта өзлигин аңлаўдың дифференциалласыўы ҳәм 
улыўмаласыўы күшейеди. Бул болса, өз нәўбетинде, биринши балағат жасында 
өзиниң анық шахс екенлиги ҳаққындағы ой пикирдиң пайда болыўына алып келеди. 
Мине сондай елеслеў тийкарында 16-17 жасларда «өзлигин белгилеў» атамасы 
менен жүритилиўши жаңа жеке шахс жүзеге келеди. Субъекттиң өзлигин аңлаўы көз-
қарасынан бул шахс өзин жәмийет ағзасы сыпатында аңлаў менен характерленеди 
ҳәм жаңа социал әҳмийетли басқышларда анықланады. Өзлигин аңлаў ҳәр қандай 
руўхый ҳәдийсе сыяқлы өзиниң үш ажыралмас тәрепи: когнитив (өзлигин билиў), 
эммоционал-сезим (өзине мүнәсийбет) ҳәм регулятор (тәртиплеўши-басқарыў) бир-
лигин өзинде бирлестиреди.
Өспиримлик дәўирин когнитив (өзлигин билиў) ҳәм интегратив процесслердиң 
раўажланыўы ҳәм тереңлесиўи дәўири сыпатында характерлеў мүмкин. Бирақ, 
бул пикирдиң әҳмийетин айдынластырыў бирқанша қыйын. Бизиңше бул жағдай 
еки тийкарғы себеп пенен байланыслы. Бириншиден, өзимизде ҳәм шет елде де 
өспиримлер өзлигин аңлаўдың когнитив бағдарларын анализ етиўге қаратылған. 
Оның басқа бағдарларына бир қанша кем итибар берилгенлиги себепли, өзлигин 
аңлаў процессиниң анықлығы ҳаққындағы билиў дәрежеси толық емес. 
Шахстың усы дәўирдеги қәлиплесиўи нызамлықларын түсинип жетиў ушын анық 
көринис пайда етиў зәрүр, тек сондай көринис тийкарында ғана индивидтиң сыпат 



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish