Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet52/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
52
көрсетиледи. Әлбетте, китап оқыўға ўақыт таппаған айрым ата-аналардың сериал 
көриўге ўақытларының жеткиликли екенлигине ҳайранда қаласаң. 
Бала шаңарақта ата-анадан көбирек үлги алады. Оларда да сериал көриўге болған 
ҳәўес оянады. Бар ықласы, ақыл-ойы, дыққаты сериал көриўге бағдарланған ата-ана 
өз балаларының пайыттан пайдаланып өзиниң бөлмесине кеткенлигин, ол жерде 
уялы телефон арқалы өзлерине мақул деп табылған қандай «сериалларды» көрип 
атырғанлығынан бийхабар қалады.
Халқымызда «Китап – билим булағы» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында 
да китап арқалы өзбетинше билим алыўға умтылған балалардың, ҳәр қандай 
тәжирийбели муғаллим оқытқаннан да зиятырақ саўатын ашатуғынлығын көзимиз 
бенен көрип жүргенимиз ҳеш кимге де сыр болмай қалды. 
Оқыўшыларды да, студентлерди де әдебий китапларды оқыўға қызықтырыў 
ислери тек ғана ата-аналар емес, ал олардың муғаллимлерине де байланыслы болады. 
Муғаллим, сабақ барысында өтип атырған темасына байланыслы мысалларды 
жаңадан жәрияланған әдебий китаплардан келтирип барса, әлбетте, оқыўшылардың 
сол китапты оқыўға болған қызыгыўшылығы артады. Мәселен, мениң өзим 
пединституттың тәбияттаныў ҳәм физика-математика факультетлеринде «улыўма 
педагогика» пәнинен сабақ беремен. Тәлим ҳәм тәрбияға байланыслы мысалларды 
жаңадан жәрияланған әдебий китаплардан аламан. Студентлеримде бес-алты рет-
тен мысалларды жаңа әдебий китаплардан еситкеннен кейин, сол китапты жазған 
жазыўшы менен ушырасыў өткериўди соранады. Олардың өтинишлерине муўапық 
жазыўшы Ш.Уснатдиновтың «Дәў кемпир», М.Нызановтың «Ашық болмаған 
ким бар…», «Ҳаўа кемесиндеги екеў», Б.Худайбергеновтың «Оқылмаған хат» 
шығармалары бойынша, жазыўшылардың өзлериниң қатнасыўында презентация-
лар өткерилди. Презентация өткерилемен дегенше олар сол жазыўшылардың соңғы 
жазған әдебий китапларын таўып алып оқып, жазыўшыларға беретуғын сораўларында 
таярлап қойды. Нәтийжеде ҳәр бир ушырасыў жүдә қызықлы ҳәм кеўилли болып 
өтти.
Дегенменен, жақында белгили бир жазыўшының китабы институты-
мыз факультетлериниң биринде презентация исленгенде жазыўшыға берилген 
сораўлардың дерлик жоқтың қасында екенлигине ҳайран қалғанман. Кейнинен 
сорастырып қарасам 400 ге шамалас студенти бар бир факультет ишинен тек ғана 24 
адам, анығырағы бир муғаллим ҳәм 23 студенттиң усы китапты сатып алғанлығын 
анықладым. Бизиң пикиримизше факультет деканы бул исте жанкүйерлик етип, сту-
дентлерди жаңадан шыққан әдебиятлар менен таныстырып, керек болса, презентация 
ислеўди өзлери шөлкемлестирип турғанында әлбетте, ўақыялар бундай түс алмаған 
болар еди дегимиз келеди. Себеби, Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевта 
өз бийлигинде «…билимлендириў мәкемелеринде, китапханаларда, мәҳәллелерде 
китап авторлары менен дөретиўшилик ушырасыўларды системалы түрде 
шөлкемлестириў…» зәрүрлигин уқтырған еди.
Жуўмақлап айтқанда «Қус уясында көргенин ислейди» деген даналықтың 
орынлы айтылғанлығының гуўасы болып жүрмиз. Олай болатуғын болса китап 
оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў мәселесин, бизлер, ата-аналар 
ҳәм муғаллимлер дәслеп өзлеримизден баслағанымыз ҳәм жасларымызға үлги 
болғанымыз мақул деген пикирдемен. Әлбетте, пикирлеримиз ис жүзинде әмелге асы-
рылса жасларымыз арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў 
ислеринде сөзсиз өзиниң унамлы нәтийжесин береди.



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish