Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet51/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   152
Bog'liq
3-2017

Ключевые слова: 
книга, книголюбия, лежа на животе, недостаток времени, 
интерес к книге, вопросы, презентации. 
Key words: 
book, to be fond of reading, lack of time, to make the children read, 
questions, presentation.
2017-жылдың 12-январь күни «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў 
системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын 
арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында» Өзбекстан 
Республикасының Президенти Ш.М.Мирзиёевтың қабыллаған бийлиги ата-
аналардың ҳәм мектеп муғаллимлериниң алдына да жуўапкершиликли ўазыйпаларды 


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
51
жүклейди. Енди ҳәр бир ата-ана, ҳәр бир муғаллим китапқумарлық мәдениятын 
арттырыў мәселеси бойынша өзлери үлги көрсетиўге ҳәрекет жасайды. 
Жәрияланған бийликте «…мектепке шекемги ҳәм басланғыш тәлимде оқыў 
мәдениятын ҳәм оқыў көнликпелерин қәлиплестириў» зәрүрлиги атап өтиледи. Бун-
дай ибратлы ислерди әмелге асырыў ҳәр бир ата-ана ҳәм муғаллимнен оғада үлкен 
педагогикалық шеберликти талап етеди. Мысал ретинде, усы мәселеге байланыслы 
өзимниң басымнан кеширген ўақыяны қысқаша баян етип бериўди мақул көрип 
отырман. 
Мен үйде ең генже бала болғанлықтан кишкенелигимде өзиме жараса еркели-
клеримде ушрасып турған. 1958-1959-оқыў жылында Хожели қаласында мектептиң 
1-класына қәдем атладым. Әке-шешем кирилл жазыўын оқый алмайтуғынлар 
қатарынан болсада, мениң китап оқығаныма өзлеринше қуўанысып отыратуғын 
әдетлери бар еди. Ол ўақытларда свет жоқ, шыраның жарығында сабақ таярлап, китап 
оқыйтуғын едик. 
2-класымда, қыстың ахырларында әкем маған «Шәрьяр» деген китапты әкелип 
берди. Кеште аўқатты жеп болып, сабақларымды және бир мәртебе көзден өткерип 
болған соң апам «Бизлерге әкеңниң әкелип берген китабын оқып бер» деди. Менде 
дүстөмениме түсип дәстанды оқыўға киристим. Расын айтыўым керек, ол ўақытлары 
дәстан оқыў сабақлықты оқығаннан қыйынырақ екенлигин аңлап жеттим. Дәстанды 
бир саатқа шамалас иркинишлери менен даўыслап оқығанымнан соң, әкем «Енди 
демиңди алағой» деп, өзиниң узыннан-шубай пәтиясын берди.
Күнде кешки аўқаттан кейин китап оқыттырыў, соңынан пәтиясын бериў әдеткеде 
айланып кетти. Бир дәстанды болсам, екинши дәстан, оннан соң кейингилери, изли-
изинен дизилисип келе берди ҳәм кейин ала ертеклерге, роман ҳәм повестлерге 
айланды. Қараөзек совхозында жасаған ўақытларымызда, сол жердеги аўыллық 
китапханадағы қарақалпақ, қазақ, өзбек тиллериндеги китапларды да ата-анама 
оқып бергенмен. Өзимде дүканнан жаңа китап сатып алсам дәрҳал өкпемди қолыма 
алып үйге жуўыратуғын едим. Бул аўҳал 8-классты питкеремен дегенше даўам етти. 
Соңғылығында жаңа китапларды әке-шешеме оқып бермеген менен өзим изин үзбей 
китап оқыйтуғын әдетке ушырадым.
Буннан тысқары үйге ҳәр күни газета келсе, әкем сырт ел хабарларын оқып 
бериўди талап ететуғын еди. Енди ойлап қарасам әке-шешем мени китап, газета-жур-
налларды оқыўға кишкенелигимнен баслап қызықтырыў мақсетинде маған күнде-
кунде китап ҳәм газета-журналларды оқытып, өзлери «тыңлаўшы» болып отырған
екен-аў деген пикирдемен. 
Ал, ҳәзирше? Қайсы ата-ана өз балаларына китап оқытып, оны өзлери тыңлап 
отыр? Қайсы ата-ана балаларының көзинше өзлери үлги болып әдебий китаплар 
оқып жүр? Әлбетте, бул сораўларға үзил-кесил «Хешқайсы ата-ана» деп жуўап 
бериўден аўлақпыз. Дегенменен, өз балаларына әдебий китаплар әкелип берип, 
оны оқыттырып, өзлери тыңлап отыратуғын, өзлериде жийи-жийи әдебий китаплар 
оқыў менен шуғылланатуғын ата-аналардың азшылықты қурайтуғынлығын ишимиз 
сезеди, өкиништен бас шайқаўғада мәжбүр боламыз.
Айрым ата-аналар менен сәўбетлесип отырып қандай китаплар оқығанын сорап 
қалсаңыз, олардан «китап оқыўға ўақыт жоқ» деген тайын жуўапты алыўға ерисе-
сиз. Ал, енди сол ата-аналардан қандай сериалларды көргенлигин сорасаңыз, олар 
тәрепинен сериаллардың бирле-биреўин қалдырмастан көрип жүргенлигиниң гуўасы 
боласыз. Өзбекстан телевидениеси каналларынан берилетуғын рекламаларда да 
гейпара ҳаяллардың, әсиресе, балалардың аналарының сериалларға өш екенлиги 



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish