МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
49
гикасы менен жақыннан байланыста болып келмекте. Этнография халықлардың
материаллық ҳәм руўхый мәдениятын, олардың мәдений-тарийхый қарым-
қатнасларын изертлеп педагогиканы халықлардың турмысы, мәденияты, үрп-
әдети, салт-дәстүрлериниң өзгешеликлери туўралы қымбатлы материаллар менен
қуралландырады. Фольклор халық педагогикасынын негизги дереклеринен бири.
Биз жоқарыда илимий педагогика халық педагогикасы тийкарында пайда болған
деген едик. Ҳәзирги ўақытта миллий педагогикамыз жас әўладты ҳәртәреплеме
раўажландырыў машқалаларын үйренеди. Қарақалпак халық педагогикасы
үлгилерине тийкарланған миллий педагогикамыздың жасларды келешекке таярлаўда
үлкен әҳмийетке ийе. Халқымыздың жас әўладты тәрбиялаўдағы данышпанлық
ойлары ҳәм әмелий тәжирийбеси оның дөретпелеринде : дәстанларында , ерте-
клерде, нақыл-мақалларда, қосықларда, үрп-әдетлерде , дәстүрлерде , ойынларда,
жумбақларда, жаңылтпашларда, аңыз-әңгимелерде , әпсаналарда, ушырма гәплерде
, көркем өнеринде сәўлеленген. Сондай-ақ тарийхый ҳәм археологиялық естеликле-
ринде сақланған.Булардан келешек әўладты тәрбиялаў ислеринде пайдаланыў ҳәм
ен жайдарыў педагогикалық процессте жақыннан жәрдем береди. Мысал сыпатында
айтып өтетуғын болсақ, халық дәстанларында тәрбиялық үлгилер ҳәм тәжирийбелер
орын алған. Ҳәзирги күни жаслардың руўхый дүньясын байытыўда ҳәм олардын
әдеп-икрамлығын қәлиплестириўде пайдаланыў мақсетке муўапық болып табылады.
Халық дәстанларында жасларды келешекке таярлаў мәселелери сәўлеленген.
Қарақалпақ аўыз әдебияты ҳәр тәреплеме бай әдебият. Соның ишинде көлемлиси
ҳәм терең мазмунлысы халық дәстанлары болып есапланады.
Қарақалпақ халық дәстанлары үш топарға бөлинеди. «Алпамыс», «Қоблан»,
«Қырық қыз», «Қурбанбек», «Ерзийўар», «Жаз келен», «Мәспатша», «Гөруғлы»,
«Аўезхан», «Қырмандәли», «Бәзирген» қаҳарманлық дәстанлары болып, «Ғәрип
ашық», «Саятхан-Ҳамра», «Ашық-Нәжеп», «Ҳүрлиха-Ҳамра», «зуҳра-Тайыр»,
«Ләйли-Мажнун», «Юсуп-зилийха», «Гүл Санаўбар» ашықлық дәстанлары болып
«Едиге», «Дәўлетиярбек», «Ершора», «Шәрьяр» тарийхый дәстанлары болып сана-
лады.
«Алпамыс» дәстанының бас қаҳарманы батыр жигит Алпамыс. Батырлыққа тән,
ер жүрек, азаматлыққа тән барлық жақсы қәсийетлер оның өз бойынан табылады.
Оның батырлығы жас ўақтынан ақ мәлим болады. Өз қатарлы балаларына қарағанда
күшли, палўан денели болып өседи. Оның батыр бала болып өскенлиги дәстанда`
«Алпамыс Байсынның елатында он төрт жасына келди, нардай күшине толды, ерже-
тип, жигит болды» – деп сүўретленеди. Алпамыстың екинши батырлық белгиси` ол
14 жасында булақтан суў ишип атырған асаў Буйшубар атының қуйрығынан услап
тоқтатады ҳәм асаўды қолына үйретеди. «Ат жигиттиң қанаты» дейди халқымыз.
Сол айтқандай өзине жолдас, қанат болатуғын тулпар атты мың жылқының ишинен
таныўы ҳәм оны қурықсыз, тутаўсыз услаўы Алпамыстың жаслайынан билгиш, зий-
рек, ғайратлы блоып жетилискенинен дәрек береди.
Алпамыстың батырлығы Дәрбент жолда Қаражан менен ушырасыўда анық
көринеди. Қаражан қалмақ елиниң даңқы жайылған батыры. Ол ашыўы келгенде
Қалмақ патшасы Тайшаханға ерегисип, оның 18 мың әскерине қарсы қылыш көтерип,
шығып жүрген адам. Соның менен гүреске түсип, Алпамыс жеңип шығады.
Қаражан қанша күшли батыр болғаны менен «күш атасын тыңламас» дегендей
Алпамыстың батырлығы, күши оннан асып түседи. Алпамыс жығып, қынабынан
қанжарын алып, тасқа қайрап, шалып өлтирмекши болып атырғанда Қаражан оған
«өлтирмегил дос болайық Алпамыс, мендей қайсар палўаныңның арзы бар» – деп
Do'stlaringiz bilan baham: |