МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
57
Тәлим-тәрбия: Тәрбия шахсты мақсатке муўпық қәлиплестириў ушын
уйымластырылған педагогикалық процесс болып, тәрбияланыўшының шахсқа
турақлы ҳәм системалы тәсир етиў имканиятын береди. Тәрбия бул ҳәр тәреплеме
ҳәм узақ мүддетли процесс болып, тәрбия процессиниң өзгешеликлерине үзликсиз
итибар қаратыўды талап етеди. Тәрбия түсиниги илимде, шаңарақларда, мектеплерде,
жәмәәт арасында көплеген қарама-қарсылықлардан ибарат. Соның ушын тәрбияда еки
тәреплеме байланыс процесси (шаңарақ, мектеп) күшли болса көплеген жетискенли-
клерге ериўге болады. Тәрбия усылларында социаллық сананы қәлиплестириў усул-
ларын түсиндириў, сәўбет ҳәм өрнек көрсетиў бөлимлерине көбирек итибар бериў
керек. Хошаметлеў услубында қандайда бир фактордың тәрбияланыўшыға тәсирин
күшетириў ҳәмде тәрбияланыўшының шахсы, ис-ҳәрекетлерин активлестириў
мақсетинде қоллап оларда қызығыўщылық оятыў. Мәселен оларда айтайлық харак-
тери аўыр яки болмаса кирисимлилик жоқ, тағыда агрессивлилик күшли болыўы
мүмкин. Ўсындай жағдайларда итибар менен, абайлап оларға озлериниң жағдайын
сездирместен мүнәсебет билдирилип, ўазыйпалар берип тәрбияланып барылса жақсы
нәтийжелерге ерисиўге болады.
Тәлим-тәрбияда мақтаў хошаметлеў усылыныңда орны болек. Мақтаў
тәрбияшының айырықша алынған шахс өзгешеликлерине унамлы баҳа бериўидир.
Оқыўшының тәрбияланыўында мақтаўдың орны әҳмийетли. Мақтаў шахсты
унамлы қәсийетлериниң жүзеге шығарыўына жәрдем береди. Бирақ мақтаўда
оқыўшы сезимлериниң раўажланыўын тезлестирип жиберип нәтийжеде менменлик,
арқайынлық сыпатларды келтирип шығараўына жол қойылмаўы керек.
Жазалаў усулы:Топар оқыўшының әдеп-икрамлылығынан оның жумысқа
мүнәсебетинен, қарым-қатнасынан кеўли толмаса, шахстың өз қулқын дүзетип
алыўында жәрдем көрсетиў ушын жаза усылларынан пайдаланады. Мақтаўға уқсап
жазалаўда оқыўшының өзин қолайсыз сезиўге, уялыўға мәжбүр етеди.
Тәрбия процессинде оқыўшы өз-өзин тәрбиялаў, яғный өз үстинде ислеў, актив
жумыс алып барсағана тәрбияны нәтийжели деп айтыў мүмкин. Буның ушын ата-ана
яки болмаса оқытыўшы хызмет мотивациясын жақсы оята алса, келешекте оқыўшы-
жасларға бахытлы өмир кешириўине, кәсибинен камал таба алыўна көплеген имкани-
ятлар есигин ашып бериўи мүмкин.
Әдебиятлар:
1. Г. С Абрамова «Практическая психология», Екатеренбург. 1998 г.
2. М. Г.Давлетшин «Умумий психологияa», T., 2000й.
РЕзЮМЕ
Ушбу мақолада ўқувчи-ёшлар билан ишлашнинг ва улар билан мулоқотни тўғри ташкил
этиш ҳақида фикрлар келтирилган. Бунда асосий эътиборни бола тарбиясининг қайси томон-
ларга қаратиш кераклиги ҳақида ва яна ўқувчи-ёшларнинг ота-оналари томонидан бўладиган
эътрозларига ҳам айрим маслаҳатлар берилган.
РЕзЮМЕ
В данной статье говорится о работе с учащейся молодежью и правильной организации
коммуникации. Основное внимание уделено здесь, на что необходимо обратить внимание, чем
родители должны руководствоваться при воспитании своих детей
SUMMARY
This article is about the works with youth and correct communication organizations. The basic
attention is paid here, that parents should work with children upbringing.
Do'stlaringiz bilan baham: |