МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
56
қулласы оқыўшы раўажланып жетилисиўи ушын бар имканиятларды иске салып атыр.
Деген менен бүгинги оқыўшы-жасларымыздың өмирге деген көз-қарасы анағурылым
өзгеше. Оларға тәрбия бериўде, олардың минез-қулқындағы айырым өзгерислерди
айтып ескертсе оқыўшылардың қабыл етиўиде бираз қыйын. Биз тәрбияны қалай
беремиз яки болмаса қандай жол менен тәрбиялап атырмыз. Бул жерде тәрбияның
түрлерине бираз тоқтап өтиў орынлы деп есаплайман.
Тәрбия түрлери: Ақылий тәрбия, әдеп-икрамлық тәрбия, экологиялық тәрбия,
ҳуқықый тәрбия, эстетикалық тәрбия, физикалық тәрбия, мийнет тәрбиясы, жыны-
сый тәрбия.
Мине усы тәрбия түрлери менен таныс екенбиз неге бул сыпатламаларды оқыўшы-
жасларымызда дерлик аңлаўымыз қыйнарық болып атыр. Анығырақ айтатуғын
болсақ көрмей атырмыз. Усы сыпатламаларды оқыўшыларымызда толығырақ
қәлиплестириў ушын нелерге итибар қаратыўымыз керек. Буның ушын илимий дере-
клерде көплеген алымлардың пикирлери танысып шығып, тийкарғы итбарды қай
жерге қаратыў кереклигине және бир мәртебе исенимим кәмил болды.
Булар: Нәсил. Дөгерек-әтирап. Тәлим-Тәрбия. Хызмет мотивациясы (активлиги)
факторлары .Мине усы тәсир етиўши факторлардың нәтийжесинде келешек әўлад
қәлиплесеп раўажланып барады. Биринши «Нәсил» факторына тоқталып өтетуғын
болсақ шаңарақта ата-аналардың тәжирийбелериниң жетерли болыў кереклиги
үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бүгинги күнде бизге мүрәжәәт етип атырған ата-
аналардың басым көпшилиги баласындағы өзгеристиң тийкарғы себеби неде екен-
лигине дыққат аўдармайды, аўдара алмайдыда. Тек жәрдем сорайды. Қандай етсем
балама жәрдем бере аламан, яки болмаса балама түсиндире алмайман, (булжерде
баланың жас өзшелигине дыққат қаратылып атырған жоқ улыўма ата-аналардың усы-
нысы сыпатында қарап көрейик). Изертлеўлерде көрсетилиўинше балалардың 90%
ата-анадағы сыпатларды көриў, еситиў, бирге орынлаў, еликлеў арқалы өзлестирип
атырғанлығы дәлийлленген. Демек, ата-ана бала өзлигин аңлап, жәмәәтшиликке
араласып болғаннан кейин оның бойынан, ойынан, камалынан жақсы сыпатларды
излейди. Тилекке қарсы сиз излеген сыпатлар онда жоқ. Себеби бала нағыз тәрбия,
адамгершилик сыпатларын сизден үйренетуғын ўақытта бизлердиң ойымызға
оларды избе-излик пенен, сабырлылық пенен үйретип барыў кереклиги келебер-
мейди. Ҳәзирги ўақытта заман соны талап етеди. Буның ушын ата-ана өзлерин пер-
зент көриўге таярлаў керек. Ата-ананың нийетлери қаншелли сап ҳәм таза болса,
оны перзентелириниң камалында көре алады деб жазылған ҳәдислерде. Егер ата-
ана руўҳый бай болса ол шаңарақтағы балардың тәрбиясында ҳеш қандай кемшилик
көре алмайсаң. Себеби нәсилинде унамысыз қәсийетлер қәлиплеспеген, тәрбиялы,
инсаныйлық сыпатлары жоқары. Ата-анадағы жақсы пазыйлетлерди көрип, бир-
биреўге деген мүнәсебетлерди көрип үлкейген балада көплеген жақсы қәсийетлер
раўажланып барады. Ертеңги келешегине үлкен жетискенликлер алып келеди.
Орталығына жақсы тәсир көрсетип баслайды. Дослары арасында ҳүрмети артады
себеби минез-қулқы жаксы адамды ким ҳүрметлемейди. Оған орталығындағы досла-
рыда талпынады. Себеби көпшилик жасларда усы жақсы сыпатлар жетерли дәрежеде
емес. Олар усы шаңарақларға ҳәўес пенен қарайды. Өз ата-аналарынан сондай
мүнәсебетлерди күтеди. Бирақ бул излеген мүнәсебетлер оларда жоқ. Соның ушында
көплеген ата-аналарға мәсләҳәт бериў ўақтында балалардығы унамсыз характерди
кандай етип жоқ етиўге болады деген сорўларына «Сиз өзгериң» деген мәсләҳәтти
беремиз.
Do'stlaringiz bilan baham: |