МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
53
Әдебиятлар:
1. 2017-жылдың 12-январь күни «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў систе-
масын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-
нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында» Өзбекстан Республикасының Президенти
Ш.М.Мирзиёевтың қабыллаған бийлиги.
РЕзЮМЕ
Мақала жасларды китап оқыўға қызықтырыў мәселесине арналады. Мақалада – айрым ата-
аналардың өз балаларын китап оқыўға қызықтырыў мәселеси бойынша илгери жыллардағы
тәжирийбелери, ҳәзирги ўақытлардағы гейпара ата-аналардың, оқытыўшылардың китапқа
болған қатнаслары салыстырмалы түрде сөз етилип, автор көз-қарасы шеңберинде пикирлер
билдириледи.
РЕзЮМЕ
Статья посвящена вопросам привития интереса чтения молодежи. В статье рассматри-
ваются опыти некоторых родителей по привитию интереса детей к чтению, сравнивантся
отношение некоторых родителей и учителей к чтению книг, высказывается мнение автора по
отношению к данной проблеме.
SUMMARY
The article is dedicated to the question of increasing interests reading among the youth. In this
article the author compares his|her past experiences, when the parents make the children read books
and attitude of some parents and teachers to the reading habits nowadays.
Алланиязов И.
Қ РПКҚТҚАИ доценти
ЖАСлАРдың РуўХый дүНЬяСыН БАйыТыўдың
ПЕдАГОГиКАлыҚ әҳМийЕТи
Таянч сўзлар:
шахс, жамият, ижтимоий, меҳнат, педагогика, психология, маъ-
навият.
Ключевые слова:
личность, общество, социальный, труд, педагогика, психоло-
гия, духовность.
Key words:
personality, society, social, labor, pedagogy, psychology, spirituality.
Бүгин жәмийет үлкен ҳәм жаңа өзгерислерди басынан кеширмекте, булар өз
нәўбетинде жаңа мәнәўий көриниске ийе болған шахслардың қәлиплесиўин талап
етпекте.
Жәмийет шахсқа пайда болып атырған жаңа мүнәсибетлер ҳәм ол бәнт болған
мийнеттиң өзине тән өзгешеликлери арқалы тәсир көрсетеди. Өзгерип баратырған
социал жағдай инсан руўхыятына туўрыдан-туўры тәсир көрсетпейди, дәўир ҳәм
социал мүнәсибетлер олар мийнетине қарай өзгереди.
Жаңа социал мүнәсийбетлерге өтиў, турмыс нормалары, инсаный мүнәсибетлердиң
ҳәр түрли жаңаланыў процессиндеги руўҳый мүнәсибетлер, қарама-қарсылықлар
қурамалы жағдайлардың көбейиўине алып келмекте. Социал қарама-қарсылықлар
жеделлесип, шахстың бул процесске масласыўы бир нешше қыйыншылықларды
пайда етпекте. Бундай қыйыншылықлардың болмаўын тәлим-тәрбия процесси
жоғалтыўға ҳәрекет етпекте.
Жаңа шараятта ҳәр бир инсанның тәғдири, пәрўанлығы әўеле оның кәсиплик
шеберлиги, мәнәўий байлығы, раўажланып атырған базар экономикасы
мүнәсибетлерине байланыслы болады. Ойына келген ҳәр қандай исти ислей бериўге
Do'stlaringiz bilan baham: |