Мақола ва тезислар номи


Paydalang’an a’debiyatlar dizimi



Download 27,31 Mb.
Pdf ko'rish
bet167/585
Sana19.02.2023
Hajmi27,31 Mb.
#912981
1   ...   163   164   165   166   167   168   169   170   ...   585
Bog'liq
1ITS - 2021 To\'plami

Paydalang’an a’debiyatlar dizimi: 
 
1.
E. G’oziyev “Umumiy psixologiya” Tashkent – 2002
2.
M.E.Zufarov “Umumiy psixologiya” O’zbek faylasuflari milliy jamiyati nashiryoti. 
Toshkent -2010 
3.
Sagindikova “Psixologiyada ijtimoyiy masulyatning o’rganilishi” maqalasi
4.
www.psychologos.ru 
5.
www.ziyonet.uz 
6.
www.google
.uz
 
 
 
 
 
 
 
 
 


210 
ЖОКАРЫ ОКЫУ ОРИНЛАРЫ ПЕДАГОГ ХИЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ ТӘЛИМ –
ТӘРБИЯ СИСТЕМАСИНДА БИРГЕ ИСЛЕСИУ ТЕХНОЛОГИЯСИ 
Бектурсинова Г.Ж. 
Нөкис мәмлекетлик педагогика институти магистранти
Бирге ислесиўди оқытыў идеясы ҳәр қыйлы мәмлекетлерде, атап айтқанда, 
Америкадағы Ж. Хопкинс университети профессоры - Р. Славин (1990 ), Миннесота 
университети профессорлары - Р. Жонсон, Д. Жонсон (1987), Колифорния университети 
профессоры - Ч. Чарон (1988), тәрепинен ислеп шығылған. 
Америкалық илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған Бирге ислесиўде оқытыў, 
тийкарынан оқыўшыларда тәлим стандарты ҳәм пән программасында белгиленген билим
көнликпе ҳәм илмий тәжрийбелерди қәлиплестириў, Израйл ҳәм Европа илимпазлары 
тәрепинен усыныс етилген Бирге ислесиўде оқытыў, жоқарыда белгиленгениндей, көбирек 
оқыўшылар тәрепинен оқыў материалын қайта ислеў проектлаў искерлигин раўажландырыў, 
оқыўда тартыслар өткериўди нәзерде тутады.Усы идеялар бир-бирин толдырады, дидактик 
тәрептен байытады ҳәм бир-бирин талап етеди. Бирге ислесиўде оқытыў идеясы дидактикада 
1970 жылларда пайда болған. Бирге ислесиўде оқытыў технологиясы Уллы Британия, 
Канада, Германия, Австралия, Нидерландия, Япония, Израйл мәмлекетлери тәлим 
мәкемелеринде кең қолланыла баслаған.
Бирге ислесиўде оқытыўдың тийкарғы идеясы - оқыў тапсырмаларын тек ғана бирге 
орынлаў емес, бәлки бирге ислесиўди үйрениў болып табылады. Бирге ислесиў ҳәр бир 
оқыўшыны күнделик қызғын интеллектуал мийнетке, дөретиўшилик ҳәм өзбетинше ойлаўға 
үйретиў, шахс сыпатында саналылық, ғәрезсизликти тәрбиялаў, ҳәр бир оқыўшыда жеке 
қәдир қымбат сезимин пайда етиў, өз күши ҳәм қәбилетине болған исенимди беккемлеў, 
оқыўда жуўапкершилик сезимин қәлиплестириўди нәзерде тутады. Бирге ислесиўде оқытыў 
технологиясы ҳәр бир оқыўшының анализ қылыўдағы жетискенлиги топар жетискенлигине 
алып келиўин сезе отырып өзбетинше ҳәм шынкеўилден интеллектуал мийнет етиўге, оқыў 
тапсырмаларын толық ҳәм сапалы орынлаўға оқыў материалын пуқта өзлестириўге, 
досларына хызметлес болып, өз-ара жәрдем бериўге таярлайды.
Бирге 
ислесиўди 
оқытыў 
технологиясында 
оқыўшыларды 
оқытыўды 
шөлкемлестириўдиң бир неше методлары бар: 
1. 
Командада оқытыў
(Р. Славин)да оқыўшылар тең санлы еки командаға ажратылады. 
Ҳәр еки команда бирдей тапсырманы атқарады. Команда ағзалары оқыў тапсырмаларын 
биргеликте атқарып, ҳәр бир оқыўшы темадан нәзерде тутылған билим, көнликпе ҳәм илмий 
тәжрийбелерди өзлестириўге итибарды қаратады. Бирге ислесиўди оқытыў технологиясы 
авторларынан бири болған Р. Славинниң атап өтиўинше, оқыўшыларға тапсырмаларды 
бирге ислесиўди орынлаўы ушын көрсетпе берилиўи жетерли емес. Оқыўшылар шын 
мәнистеги бирге ислесиў, ҳәр бир оқыўшының қолға киргизген жетискенликлеринен 
қуўаныў, бир- бирине шынкеўилден жәрдем бериў сезими, қолай социаллық-психологик 
орталық пайда болыўы зәрүр. Усы технологияда оқыўшылардың билимлерди өзлестириў 
сапасын анықлаўда оларды бир- бири менен емес, бәлки ҳәр бир оқыўшының күнделик 
нәтийжеси алдын қолға киритилген нәтийже менен салыстырылады. Сонда ғана оқыўшылар 
өзиниң сабақ даўамында ерискен нәтийжеси командаға пайда келтириўин сезе отырып 
жуўапкершиликти сезип, көбирек изертлеўге, билим, көнликпе ҳәм илмий тәжрийбелерди 
өзлестириўге умтылады. 
2. 
Киши топарларда бирге ислесиў
ди оқытыў (Р. Славин, 1986 ). Бул жантасыўда киши 
группалар 4 дана оқыўшыдан дүзиледи. Оқытыўшы алдын теманы түсинтиреди, кейининен 
оқыўшылардың өзбетинше жумыслары шөлкемлестириледи. Оқыўшыларға берилген оқыў 
тапсырмалары 4 бөлекке ажыратылып, ҳәр бир оқыўшы тапсырманың белгили бөлегин 
атқарады. Тапсырма жуўмағыда ҳәр бир оқыўшы өзи атқарған бөлим майданыдан пикир 
жүргизип, досларын оқытады, кейининен группа ағзалары тәрепинен тапсырма майданыдан 


211 
улыўма жуўмақ шығарылады. Оқытыўшы ҳәр бир киши группа информациясын тыңлайды 
ҳәм тест сораўлары жәрдеминде билимлерди қадағалап, баҳалайды. Оқыўшылардың киши 
группалардағы оқыў искерлиги ойын (турнир, жарыс) формасында, индивидуал тәрзде де 
дүзилиўи мүмкин. Оқытыўшы ҳәм оқыўшының бирге ислесиўдеги искерлигине тийисли 
изертлеўлерде тийкарғы итибар өз-ара мунасәбеттиң раўажланыўын үйрениўге қаратылады, 
оқытыўды группалы шөлкемлестириў процеси баянланады. 
Психолог А. В. Петровский жәмәәтдеги шахслараралық мунасәбетлер искерликтен 
келип шығыўын үйренип, тәлим процессиндеги оқытыўшының оқыўшылар менен 
хызметлеслигин шөлкемлестириў тек оларды байланысқа зәрүриятын қандырыў қуралы 
емес, бәлки оқыў материалын өзлестириўдиң де қуралы екенлигин айтып өткен еди. Өз-ара 
бирге ислесиўдиң зәрүрли факторы ҳәм оқыўшылардың өз-ара мунасәбети айрықшалығын 
белгилейтуғын тийкар оқытыўшы менен оқыўшы хызметлеслигиниң формалары болып 
табылады. Бирге ислесиўдеги оқыў искерлиги оқытыўшы ҳәм оқыўшы мунасәбетлериниң 
ҳәм биргеликте жүрис-турысларының бөлек тури, ол өзлестириў обьектин, билим 
искерлигиниң барлық бөлимлерин қайта қурыўды тәмийинлейди. Бирге ислесиўдеги оқыў 
искерлигиниң мақсети өзлестирилетуғын искерлик ҳәм бирге ҳәрекетлер, мүнәсийбет ҳәм 
байланыстың басқарыў механизмын жаратыў болып табылады. Бирге ислесиўдеги 
искерликтиң жемиси оқыўшылар илгери сүрген жаңа идеялар ҳәм өзлестирилип атырған 
искерликтиң мәнисине байланыслы мақсетлер ҳәм шерикликдеги шахс позитсиясын 
басқарыў тилеклериниң жүзеге келиўи болып табылады. Бирге ислесиўдеги искерлик усылы 
дегенде, оқытыўшы менен оқыўшының бирге ҳәрекетлериниң системасын түсиниў керек. 
Бундай жүрис-турыс оқытыўшының оқыўшыға көрсететуғын жәрдеминен басланады. 
Оқыўшылардың активлиги аз-аздан өсип барып, пүткиллей олардың өзи басқаратуғын 
әмелий ҳәм интеллектуал ҳәрекетине айланады; оқытыўшы менен оқыўшы ортасындағы 
мүнәсийбет болса шериклик позитсияси айрықшалығына ийе болады.
Педагогика - психология пәнинде бирге ислесиўдиң 8 формасы әмелде. Олар 
төмендегилерден ибарат: 
1. искерликке кириў;
2. өзбетинше ҳәрекетлер оқытыўшы менен оқыўшының бирге ислесиўи;
3. оқытыўшы ҳәрекетти баслап береди ҳәм оған оқыўшыны тартады;
4. еликлеў ҳәрекетлери (оқытыўшыдан өрнек алған оқыўшы тап сол үлги тийкарында 
ҳәрекет етеди);
5. жәрдем ҳәрекетлери (оқытыўшы оқыўшыға мақсетти ҳәм оған ерсиў усылларын 
таңлаўда жәрдем береди ҳәм соңғы нәтийжени қадағалайды);
6. өзин- өзи басқарыў ҳәрекетлери (оқытыўшы улыўма мақсетти көрсетиўде соңғы 
нәтийжени баҳалаўда қатнасады);
7. өзин- өзи көрсетиўши ҳәрекетлер;
8. өзин- өзи шөлкемлестириўши ҳәрекетлер. 
Интерактивлик - оқытыўшы ҳәм оқыўшының өз-ара тәсири. Бирге ислесиў 
искерлигиниң раўажланыў басқышына өтиў процессинде өз-ара тәсир өткериў ҳәрекетин 
баҳалаўдан өз-өзин баҳалаў дәрежесине өтилиўи жүз береди. Усы процесс бирге ислесиў 
динамикасынан дәрек беретуғын ең зәрүрли факторлардан бири болып табылады. 

Download 27,31 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   163   164   165   166   167   168   169   170   ...   585




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish