Изертлеў нәтийжелериниң апробациясы. Изертлеў нәтийжелери 7 илимий-әмелий конференцияларда, соның ишинде 4 халықаралық ҳәм 3 республикалық илимий-әмелий конференцияларда апробациядан өткизилген.
Изертлеў нәтийжелериниң жәрияланыўы. Диссертация темасы бойынша жәми 15 илимий жумыс, Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестация комиссиясының диссертациялар тийкарғы илимий нәтийжелерин баспадан шығарыўға усыныс етилген илимий басылымларда 8 мақала, соннан 5 республика, 3 шет ел журналларында жәрияланды.
Диссертацияның дүзилиси ҳәм көлеми. Диссертация кирисиў, үш бап, жуўмақ ҳәм пайдаланылған әдебиятлар дизиминен ибарат. Жумыстың көлеми 144 беттен ибарат.
I БАП. «ЖӘҲАН
ША» ДӘСТАНЫНЫҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДӘРЕКЛЕРИ
«Жәҳанша» дәстанының жазып алыныўы, жәрияланыўы ҳәм изертлениўи тарийхынан
«Жәҳанша» ‒ қарақалпақ дәстанлары арасында жанрлық, идея-тематикалық, көркемлик өзгешелиги, баянлаў стили бойынша өзине тән өзгешеликлерге ийе дәстанлардан бири есапланады. Дәстанның Қурбанбай жыраўдан жазып алыныўы Қарақалпақстанда фольклористика илими иргесиниң қаланыўы дәўири менен тығыз байланыслы.
1931-жылы Республикада ең дәслепки илим изертлеў орайы ‒ Комплексли илим изертлеў институтының ҳәм оның қурамында әдебият бөлиминиң шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ жергиликли фольклортаныўшы кадрлардың жетилисип шығыўы қарақалпақ халық аўызеки әдебиятының үлгилери, соның ишинде халық дәстанларын жазып алыў, баспадан шығарыў ҳәм илимий изертлеўлер объектине тартыўға кең жол ашып береди. Нәтийжеде 1930‒1970-жыллар аралығында қарақалпақ бақсы-жыраўларынан көплеген халық дәстанлары, солардың арасында М.Сейтниязов тәрепинен 1956-жылы атақлы қарақалпақжыраўы Қурбанбай жыраў Тәжибаевтан «Жәҳанша» дәстанының бир варианты жазып алынады. Дәстанның қолжазбасы ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлиминиң Фундаментал китапханасының Қолжазбалар бөлиминде сақланады12. Қолжазбаның улыўма көлеми 8000 зыят қосық қатарынан ибарат болып, дәстан тексти кирилл алфавитинде жазылған.
«Жаҳанша» дәстаны ең дәслеп 1990-жылы ӨзССР ИА ҚҚФ Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының Қарақалпақ фольклоры секторы алымлары А.Каримов, К.Мамбетназаров, Т.Нийетуллаев ҳәм К.Ерназаровлар тәрепинен баспаға таярланып, ХХ томлық«Қарақалпақ фольклоры»жыйнағының ХХ томында жарық көреди.
Дәстанның Қурбанбай жыраўдан жазып алыныўы ҳәм баспадан шығыў ўақты қарақалпақ фольклористикасының дәслепки раўажланыў басқышы ҳәм сол дәўирдеги илимий қарасларда фольклорлық үлги текстиниң илимий изертлеў ушын ең зәрүрли материал сыпатында қараў, оны баспаға таярлаўда текстологиялық анализ қағыйдаларына әмел етиў сыяқлы ислер еле бой көрсетпеген дәўирге туўра келеди. Усының менен бирге, сол дәўирдеги илим ҳәм мәденият тараўында мәдений естеликлерди, әсиресе фольклорлық мийрасқа класслық көз-қарастан баҳа бериў тенденциясы күшли еди. Бул тенденция сол дәўирде қарақалпақ жыраўшылық өнерин дүньяжүзилик көлемде танытқан, көркемлик дәрежеси жоқары, жыраўшылық өнериниң уллы ўәкили сыпатында тән алынған Қурбанбай жыраў ҳәм оның репертуарындағы «Жәҳанша» дәстанын да шетлеп өтпеген. Дәстанның кейинги баспасын таярлаўда дәстан текстологиялық анализлердиң нәтийжелери бойынша 1990-жылғы басылымында баспаға таярлаўшылар тәрепинен дәстандағы қаҳарманлардың көплеген монолог ҳәм диалоглар тексти қысқартылғаны, қосық қатарларын жазба әдебиятнормаларына салып қайта ислеў, әсиресе дәстандағы персонажлардың портретин сол дәўир идеологиясында ҳүкимлик еткен класслық көз-қарас тийкарында қайта ислеў сыяқлы негатив жағдайлар орын алған. Нәтийжеде дәстан тексти көплеген өзгериске ушырап, ондағы Қурбанбай жыраўдың атқарыўшылық өнерине тән болған поэтикалық стиль өзиниң ҳақыйқый көринисин жоғалтқан. Өз гезегинде, миллий дәстанымызға болған бундай қатнас XIXәсир қарақалпақ жыраўшылық дәстүрлерин үйрениўдиң ҳәр қыйлы аспектлерин анықлаўда ҳәм тийисли илимий жуўмақлар шығарыўға кесент келтириўи сөзсиз.
Екинши мәртебе 2012-жылы 100 томнан ибарат «Қарақалпақ фольклоры» сериясының 43-томында жәрияланды. Бул баспа Қурбанбай жыраўдан жазып алынған түп нусқа фольклорлық текстлерге текстологиялық анализ ислеўдиң барлық қағыйдаларын сақлаў арқалы әмелге асырылған.
Дәстан тийкарынан аз вариантлы дәстанлар қатарынан орын алды. Ол тек Қурбанбай жыраў репертуарына тийисли болып, жыраўдың жеке импровизаторлық шеберликлерин ҳәм халықлық дәстан дөретиў усылларының өзгешеликлерин анықлаўда үлкен әҳмийетке ийе.
«Жәҳанша» дәстанын илимий изертлеў объектине тартыў тийкарынан 1970-жылдың екинши ярымында басланып, дәслепки илимий бақлаўлар тийкарынан дәстанды қарақалпақ халық дәстанлары қатарында белгилеў менен шекленеди. Бундай мазмундағы дәслепки пикир Н.Жапақовтың «Жәрияланбаған дәстанлар» мақаласында келтириледи. Мақалада Н.Жапақов дәстан сюжетиниң композициясын қураўшы ўақыялар ҳәм олардың бир-бири менен байланысына кең түрде тоқтап өтеди. Ол дәстанның бас қаҳарманы Жәҳанша образына айрықша итибар берип, бул образдың сол дәўирдеги қарақалпақ халқының эпикалық дөретпелерге, жаңа эстетикалық идеалға болған талабы нәтийжесинде жүзеге келгенин ҳәм буның Қурбанбай жыраў репертуарында өз көринисин тапқанын айтып өтеди. Н.Жапақов фольклористика илиминде дәстанның тарийхый дәреклери, генезиси бойынша буннан кейинги изертлеўлерге түртки болатуғын,илимий тийкарға ийе болған төмендеги концепцияны алға сүреди: «Дәстан алдына еки мақсетти қояды. Бир жағынан адамды, жасларды билим алыўға өнерли болыўға шақырса, екинши жағынан татар (ноғайлылар) аўқамын беккемлеп, оның халқының абат болыўын, биргеликли ел болыўын әрман етеди.Усыған қарағанда, дәстанның дәслепки дөреў дәўири XV әсир болыўы итимал. Өйткени XV әсирдиң екинши ярымынан баслап, ноғайлылар аўқамының ыдырай баслағанын, соны қайта тиклеў ушын усы аўқамның басшыларының ҳәр қыйлы жоллар менен күш салғанын тарийхый дәреклер көрсетеди. Дәстанда «Ура төбедеги» Жәҳаншаның ели менен ноғай елиниң бурында бир ел, бир мәкан екени айтылады. Ал, дәстандағы «Қарақалпақ қайшылы урыўы» ҳәм «татар» деген атамалар соң қосылған болыўы керек. Себеби сол дәўирде ҳәзирги қарақалпақ халқы ноғайлылар аўқамында жасаған халықлардың бири екенлиги мәлим»13.Соның менен бирге, алым дәстанның көркем әдебий тили, екинши дәрежели образлар қурамы жөнинде де дыққатқа ылайық пикирлерди ортаға таслап, «Жәҳанша»ның баспада жәрияланыў мәселесин кешиктирип болмайтуғын мәселелерден бири екенин көрсетип өтеди.
Бул мақаладан кейин дәстанға дәрекли болған қунлы илимий пикирлер қарақалпақ қаҳарманлық эпосы, соның ишинде Қурбанбай жыраўдың өмири, дөретиўшилиги, жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстаны бойынша илимий изертлеўлер алып барған Қ.Мақсетовтың мақала ҳәм монографияларында жәрияланады. Илимпаздың «Қурбанбай Тәжибаев» атлы мақаласында усы жыраўдың қарақалпақ халық аўызеки әдебиятында қаҳарманлық эпос традициясы эволюциясындағы орны, дәстанды атқарыўдағы индивидуаллығы, жеке репертуары туўралы сөз ете отырып, оның еле баспадан шықпаған дәстанлары қатарында «Жәҳанша» дәстанын да тилге алады. Дәстан жөниндеги илимпаздың дәслепки илимий қарасларын оның Қурбанбай жыраўдың дөретиўшилигине арналған «Каракалпакский эпос» мийнетиниң «Неопубликованные дәстаны Курбанбая жырау» бөлиминде, сондай-ақ «Қарақалпақ жыраў-бақсылары» монографиясында ушыратыўға болады. Дәстанның жазып алыныўы, оның қысқаша мазмуны туўралы сөз ете отырып, Қ.Мақсетов дәстанды буннан былай изертлеўде әҳмийетке ийе болған пикирлерди ортаға таслайды. Атап айтқанда, дәстанның улыўма сюжетлик структурасы қарақалпақ халық эпикалық традициясына сиңисип кеткен, яғный усы традицияда өз орнына ийе дәстанлар қатарына киреди. «Жәҳанша» Қурбанбай жыраўға дейин басқа көплеген жыраўлардың репертуарларынан да орын алған ҳәм ол усы жыраўдың жеке индивидуал шеберлиги нәтийжесинде өзине тән өзгешеликке ийе болған вариантты пайда еткен. Дәстанда көплеген ертеклик сюжетлер, солардың арасында «1000 алтын тиллаға өнер үйрениў», «Шатраш ойнаў», «Қаҳарман қудықтан тилла алғаннан кейин оныңкәрўан басылар тәрепинен қудықта қалдырыўы» сыяқлы сюжетлер және қарақалпақ ҳәм басқа түркий-монгол халықлары эпосына тән болған перзентсизлик мотивлери қаҳарманның душпан менен жекпе-жек алысыўы, той, қыйын сапар орын алған. Илимпаз өз мийнетинде дәстанда баслы образ болған Жәҳанша образына айрықша тоқтап өтип, бул образдың басқа да қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлардагы образлардан өзгешелиги ҳәм улыўмалығы ҳаққында дыққатқа ылайық пикирлер келтиреди. Мысалы, Жәҳанша басқа қаҳарманлық эпос қаҳарманлары сыяқлы артықмаш физикалық күш, туўылған жерге болған муҳаббат, өзиниң алға қойған мақсетине қарай умтылыўшы қаҳарман болыўы менен бирге, билим ҳәм өнерди өзлестирген ҳәм оларды турмыста ақыллылық пенен пайдалана алатуғын образ сыпатында көринеди. Алым бул пикири менен Жәҳанша образын қарақалпақ қаҳарманлық эпосы традициясында жеке күш пенен билим, өнердиң қосындысын өзинде жәмлеген жаңа типтеги образ сыпатында баҳалайды. Соның менен бирге, автор дәстандағы Заўрия ҳәм Гулнәҳәр сыяқлы ҳаял-қызлар образларына да тоқтап өтип, олардың дәстан образлар системасындағы орны көрсетилип өтиледи14.
«Жәҳанша» дәстаны ҳаққындағы дыққатқа ылайық мақала дәстанның «Қарақалпақ фольклоры» көптомлығы ХХ томының алғы сөзинде келтириледи. Мақала дәстанды баспаға таярлаўшылар А.Каримов, К.Мамбетназаров, Т.Нийетуллаев, К.Ерназаровлар авторлығында жазылған.
Мақалада «Жәҳанша» дәстанында тийкарынан өнер үйрениў, билим алыў туўралы прогрессивлик идея сөз етилетуғыны, дәстанның сюжети сол идеяны раўажландырыўға қурылғаны, онда батырлықты тәрийплеўши моментлердиң басым екенлиги, сол себепли дәстанды жанрлық жақтан қаҳарманлық дәстанлар қатарына киргизиў кереклиги ҳаққындағы пикир келтириледи. Мақалада дәстанның тарийхый ҳақыйқатлыққа қатнасы мәселесине де тоқтап өтилген болып, авторлар дәстандағы сүўретленген ўақыялардың қайсы дәўирге тийислилиги мәселесине де тоқтап өтеди. Н.Жапақовтан парықлы рәўиште, авторлар дәстан сюжетинде тарийхый ўақыяларға салыстырғанда анаў ямаса мынаў дәўирге тийисли екенлигин анықлаў қыйын болған ертеклик сюжетлердиң көплиги дәстан ўақыяларының қайсы тарийхый дәўирге тийислилигин анықлаў имканын бермейтуғынлығын айта келип: «Жыраўдың дәстанда сөз еткен Ура төбе, Шын–Машын, татар еллери арасындағы қатнасықлар қайсы дәўирде болып өткенлиги белгисиз. Сонлықтан бул дәстанның ўақыясын конкрет мына дәўирде болған ўақыя деп айтыўға болмайды» деген жуўмаққа келеди15. Соның менен бирге мақалада дәстанның образлар системасы, идея-тематикалық бағдары ҳаққында да сөз етиледи.
Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейинги дәўирлерде қарақалпақ фольклористикасында миллий мийрасларды кең түрде үйрениў, әсиресе коммунистлик идеология басымы астында изертленген ҳәм баспадан шығарылған фольклорлық дөретпелерди қайтадан илимий изертлеў ҳәм баспаға таярлаў ислери қолға алына баслайды. 2000-жылларға келип, қарақалпақ фольклорының басқа жанрларға тийисли үлгилери қатарында қарақалпақ дәстанлары солардың арасында Қурбанбай жыраўдың «Жәҳанша» дәстаны да қайтадан баспаға таярланып, 2012 жылы Қарақалпақ фольклоры көптомлығының 43 томында баспадан шығады. Усы томның таярлаўшылары тәрепинен жазылған алғы сөзинде «Жәҳанша» дәстаны ҳаққында қысқаша мағлыўмат бериледи. Онда «Жәҳанша» дәстаннынын баспаға таярлаў менен байланыслы болған текстологиялық жумыслардың нәтийжеси ҳәм дәстанның буннан алдыңғы баспасына тән болған текстологиялық анализ методына қайшы келетуғын текстти қайта ислеў ҳәм қысқартыўлар ҳаққында сөз етиледи.
Жуўмақлап айтқанда, «Жәҳанша» дәстаны ҳаққында қарақалпақ фольклористикасында усы күнге дейин жарық көрген мийнетлер улыўмалық характерде болып, олар тийкарынан дәстанның қарақалпақ дәстанлары арасындағы орнын белгилеў, дәстанның идея-тематикалық өзгешелиги, образлар системасы, дөрелиў дәўири ҳаққындағы қысқаша пикир ҳәм шолыўдан ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |