ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАПРЫНДА ӨЗБЕКСТАНДА ТАРИЙХ ПӘНИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
Реже:
Ғәрезсизлик дәўиринде тарийх илими.
Ғәрезсизлик дәўиринде шығарылған тарийхый шығармалар.
Өзбекстан Республикасында мәмлекет ғәрезсизлигин қолға киритиў менен өзбек халқы тарийхында түп бурылыс сәдир болды. Миллий ғәрезсизлик идеясы өзбек халкының өз ҳуқықлары, миллий өзлигин тиклеўге, социаллық-экономикалық ҳәм руўхый раўажланыўға жүз тутыўға шексиз имканиятлар жаратты. Социаллық-экономикалық раўажланыўға жол түп реформалар менен белгиленген болса, руўхый раўажланыўға миллий руўхыйлықты тиклеў ҳәм беккемлеў, илим мәдениятты раўажландырыў, ой-пикирге еркинлик бериў менен тийкарланды. Бул процессте тарийх, тарийхый ойлар да халыққа руўхый күш қуўат бағышлаўшы, оған руўхый азық бериўши зәрүр тактика сыпатында майданға шықты. Өзбек халқының ҳақыйқый тарийхын тиклеў ҳәм халықты сол тарийх пенен қуралландырыў зәрүрлиги күн тәртибиндеги актуал ўазыйпаға айланды. Ғәрезсизликке шекем, яғный бурынғы аўқам ҳүкимранлығы шараятында ҳақыйқый тарийхты тиклеў ҳәм оны халыққа жеткизиўге жол берилмеди. Себеби, бурынғы аўқам мәплерине хызмет еткен коммунистлик ойлар ҳәм оның сығымы астында болған совет тарийхтаныўшылығының методикалық, теориялық, идеялық тийкарлары ҳақыйқый тарийхты жарытыўға имкан бермейтуғын еди. Олар халық тарийхын емес, марксизм, ленинизм тәлийматын, класслық гүрес идеяларын ҳәм коммунистлик ойларын таргиб этишга бойсындырылған еди. Бул идеялар ҳәм акидалар жәмийет раўажланыў нызамларына, халықтың тәбиятына, реал ўақыяларға қарсы болып оларды тек ғана өмирден балким өтмиштен де излеў улыўма пайдасыз еди.
Соған қарамай, усы тәлиймат акидаларига ҳәм принциплерине тийкарланған совет тарийхтаныўшылығында тек ғана өзбек халқының бәлким жәҳән тарийхын да жүдә көп зәрүрли мәселелери улыўма натуўры бузып талқыланды. Нәтийжеде тарийхый ҳақыйқат жасырылып халық өз өтмишинен ҳәм демек, өзлигинен узақластырылды.
Бул үлкеге көре алмаслық ҳәм жаман көзи менен қараған мәрт халықты күш тәбийий захираларини өзиники қылыўға жан-жаны менен умтылған басқыншылар жүдә көп болған.
Бурынғы аўқам салтанаты жылларында ең әййемги дәўирлерден XIX әсир екинши ярымына шекем тарийхымыз қәлбекилестирилди.
Президентимиз И.Каримов бул ҳаққында «Өзбекстанның өзбек халқының бүгин кең халыққа жеткизиўге арзыйтуғын ҳақыйқый тарийх жаратылдыма, жоқпа? Совет дәўиринде жазылған тарийхты мен тарийх санамайман, өзгелер жазып берген тарийхты оқытыўға улыўма қарсыман, колониялық өзине қарам болған халық ҳаққында қашан қалыс, әдалатлы пикир айтқан? Олар бар күш-ғайратларын Туркистанды кемситиўге, бизди тарийхымыздан айрылыўға сарплаған. Тарийхтан айрылыў не екенлигин жақсы билсеңиз керек. Инсан ушын тарийхтан айрылыў өмирден айрылыў демекдур» - деп жүдә орынлы уқтырған еди.
XIX әсирдиң екинши ярымы ҳәм XX әсирдиң басларында Россия ҳүкимранлығы дәўиринде Туркистанда колониялық сиясаты ҳүким сүрди. Жергиликли халықты қорлаў, азаплаў аўқам дәўиринде жәнеде күшейди. Туркистанда ғәрезсиз мәмлекетшиликти паймал еткен, тил, мәденият ҳәм үрп-әдетлер ҳәм миллий кадриятларды аяқ асты еткен аўқам 130 жыл ҳүкимранлық етти.
Ендиликте, Өзбекстан ғәрезсиз мәмлекет сыпатында халық аралық майданға қәдем қойған демлерде кешеги күнге нәзер таслаў, соңғы колониялық күнлерин үйрениў социаллық-сиясий ҳәм руўхый жақтан зәрүрли әҳмийетке ийе болды. Себеби, миллетти асыраў оның ҳақыйқый тарийхын үйрениў, абайлап қорғаў керек болады.
Патша Россиясы сондай-ақ бийшапа халықларын езиўде оның даўамшысы болған бурынғы аўқам ҳүкимранлығы жылларында колониялық республикалар тийкарынан, Өзбекстан аўқамының шийки зат дерегине айландырылған еди. Ғәрезсизликтиң биринши жылларында ақ үлке байлықларын халықлық талан-тараж етиў ақыбетлерине шек қойыўға кирисилди.
Республика Президенти И.Каримов 1991-жылда ақ СССР дың тарқалып кетиў ҳәм өзбек халқының ғәрезсизликти қолға киритиўи бирден болған ҳәдийсе болмастан оның терең тарийхый тамырына ийе екенлигин тийкарлап берди.
Туркистан үлкесиниң рус колонияшылығы ҳәм аўқам ҳүкимранлығы дәўиринде кешкен өмири тарийхый илимий әдебиятларда қандай болмасын толығырақ көрсетилген деп айтыў мүмкин. Бул әдебиятлардың мазмун итибары менен 4 дәўирге ажыратыў туўры болады.
Биринши дәўир тийкарынан 1917-жылға шекем жазылған изертлеўлерди, екинши дәўир 20-50 жылларда, үшинши дәўир болса 50 жылда 80-жыллар биринши ярымына шекем жаратылған шығармаларды қамтып алады.
Төртинши дәўирге тийисли әдебиятлар тарийхтаныўшылықта «Қайта қурыў» деп аталған 80-жыллардың екинши ярымынан Өзбекстан Республикасының ғәрезсизликке ерискенине шекем ҳәм ғәрезсизлик жылларында пайда болған шығармалар комплексинен ибарат.
Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин тарийхтаныўшылық пәнине жаңа бет ашылды. Әсиресе бул Президент И.Каримовтың 1996-жыл 18-сентябрдеги Өзбекстан Республикасы Президенти алдындағы Мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы академиясы қасында «Өзбекстанның жаңа тарийхы орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ўәзирлер Мекемесиниң 1996-жыл 16-декабрдеги қарары оғада үлкен дәстүр әмел әҳмийетке ийе болды. Усы тарийхый ҳүжжетлерде Өзбекстанның жаңа тарийхын таярлаўдай үлкен ўазыйпа қойылды, буны әмелге асырыўда XIX әсирдиң орталарынан ҳәзирги күнге шекем халқымыз өмиринде садир болған тарийхый ўақыяларды, басқышларды ҳәм өзгерислерди толық қамтып алыўға, итибар бериў өз алдына айтылды.
Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 24 июлдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы тарийх институты хызметин раўажландырыў ҳаққында» ғы қарары да өзбек тарийхтаныўшылығының буннан былай бағдарын белгилеп алыўда, өзбек миллий мәмлекетшилиги тарийхын изертлеўде зәрүрли әҳмийетке ийе.
И.Каримовтың 1998-жыл 26-июнда бир топар тарийхшы алымлар, журналистлер, дөретиўшилик тараў хызметкерлери менен болған ушырасыўда билдирген пикир-идеялары, 1999-жыл 2-февралда «Туркистан» газетасы хабаршысының сораўларына берген жуўаплары да күннен-күн дәстүри әмел концептуал әҳмийетке ийе болып, олар өзбек тарийхтаныўшылықтың ҳәзирги раўажланыўын ҳәм буннан кейинги тийкарғы үстин бағдарларды белгилеп бермекте.
Ғәрезсизлик жылларында тарийхшы алымларымыз тәрепинен бир талай тарийхый шығармалар баспадан шығарылды. Олардан айырымларын көрип шығамыз:
Ахмедов Б. Өзбекстан халықлары тарийхы дереклери. 1991 ж.
Ахмедов Б. Тарийхтан сабақлар. 1994 ж.
Саидкулов Т. Орта Азия халықлары тарийхының тарийхтаныўшылығынан үзиндилер. 1993 ж.
Каримов Ш., Шамсиддинов Р. Туркистон Русия басқыны дәўиринде. 1995 ж.
Камолиддинов С. Историческая география Южного Согда и Тохаристана по арабоязичним источникам IX начало XIII века. 1996 г.
Чоиров З. Туркистан мардикарлары: сапарбарлық ҳәм оның ақыбетлери (1916-1917 жыллар) 1999 ж.
Рахимов Ж. Өзбекстан тарийхын үйрениўде архив дереклеринен пайдаланыў. 1995 ж.
Бобобеков Х. Қоқан тарийхы. 1996 ж.
Өзбекстан тарийхын үйрениў ҳәм оқытыўдың актуал мәселелери. 1993 ж.
Өзбекстанның жаңа тарийхы (Туркистан Россия ҳүкимети колонияшылығы дәўиринде) 2000 ж.
Таяныш сөзлер:
Бурынғы аўқам, шуро ҳәкимияты, диктатура, ғәрезсизлик, миллет, ўатан, ғәрезсиз мәмлекет, Өзбекстанның жаңа тарийхы
Темаға тийисли сораўлар:
Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан тарийхын жарытыўды актуал машқалаларын нелерден ибарат?
Кәмил инсанды тарбиялаўда Өзбекстан тарийхы пәни қандай әҳмийетке ийе?
Ғәрезсизлик жылларында қандай тарийхый шығармалар баспадан шығарылды?
Темаға тийисли әдебиятлар:
Каримов И. Тарихий хотирасиз келажак йук. Т. 1998 ж.
«Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы тарийх институты хызметин қурамаластырыў ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары. «Халқ сўзи» 1998 жыл 25 июль.
Do'stlaringiz bilan baham: |