Аяқ скелети
Аяқ сүйеклериниң скелети, аяқ сүйеклери белдеўине, яғный шанақ белдеўине ҳәм еркин сүйеклерге бөлинеди.
Аяқ белдеўиниң сүйеклери
Шанақ сүйеги (os coxae) үш бөлимнен: Жанбас сүйектен, отырғыш сүйектен ҳәм шат сүйегинен турады.
Шанақта ишки органлар сақланады, ол геўде ҳәм аяқ таянышы есапланады. Шанақ сүйеклери аяқты омыртқа бағанасы менен бирик тиреди. Шанақ сүйеклери қалың беккем сүйеклер болып жанбас, отырғыш ҳәм шат сүйеклериниң биригиўинен пайда болады. Шанақ сүйегинде үш сүйек денеси қосылған жерде отырғыш кесасы болып, оған сан сүйегиниң шар тәриз ли басы биригеди. Отырғыш ҳәм шат сүйеклери төменги тармағының биригиўинен бул сүйеклер арасында жабылыўшы тесик пайда болады. Ол перде ҳәм булшық етлер менен оралған болады.
Жаңбас сүйеги
Жанбас сүйеги (os ilium) қалыңырақ бөлими денеси болып, оннан жоқарыға кең пластинка тәризли бөлими - қанаты даўам етеди. Қанатының жоқарғы бөлиминде булшық етлер биригетуғын ишки, орта ҳәм сыртқы қырлары болады. Бул қырлар алдыңғы тәепинде өткир өсик пенен тамамланады. Бул өсиктиң астында алдыңғы төменги өсик жайласқан. Жанбас сүйеги қанатының шети қалың, ортасы жуқа болып, ишки тәрепиниң бираз арқасында сегизкөз сүйеги биригиўи ушын қулақ тәризли буўын жүзи жайласқан.
Отырғыш сүйеги
Отырғыш сүйеги (os ischii) ниң денеси отырғыш кесеси ишинде болады. Бул сүйектиң жоқарғы ҳәм төменги тармақлары мүйеш пайда етип бирлеседи, ҳәм усы бөлими қалыңласып отырғыш бөртигин пайда етеди. Отырғыш бөртигиниң жоқарысында үлкен ҳәм киши отырғыш ойықлары бар. Бул ойықлар арасында отырғыш өсиги жайласқан болады.
Шат сүйеги
Шат сүйеги (ospubis) ниң денесиде отырғыш кесасында жайласқан. Денесинен жоқарыға тармақ шығады, соң ол төменге қайрылып төменги тармақты пайда етеди. Отырғыш сүйегиниң төменги тармағы менен шат сүйегиниң төменги тармағы қосылыўынан жабылыўшы тесик пайда болады.
Шанақ сүйеклериниң биригиўи
Шанақ сүйегиниң көпшилиги сүйек жәрдеминде бириккен, жанбас сүйеклери болса өз-ара тегис буўын жәрдеминде биригеди. Шат сүйеклери ярым буўын пайда етип биригеди. Шанақта үлкен киши бослықлар болып, үлкен бослық жанбас сүйегиниң қанатлары есабына пайда болады, кишкене бослық, сегизкөз, отырғыш, шат сүйеклери менен шегараланады. Шанақ сүйеклери адам жүргенде геўде аўырлығын аяққа өткереди ҳәм үлкен киши шанақ бослықлары, органларды сыртқы орталықтың тәсирнен сақлап турады.
Ҳәйеллер шанағы диаметриниң үлкен кишилиги, шат сүйеклери биригиў мүйешиниң өтпеслиги, шанақ сүйеклериниң келте болыўы ҳәм сегизкөз сүйеги төменги ушының туўры болыўы менен еркеклер шанағынан парқ қылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |