Қоллардың еркин сүйеклери
Қол еркин сүйеклериниң көпшилиги узын (түтикше тәризли) сүйеклер: оларға ийин сүйеги, билек, шығанақ сүйеклери ҳәм қол пәнжеси сүйеклери киреди.
Ийин сүйеги
Ийин сүйеги (os.humerus) узын түтикше тәризли сүйек оның денеси диафизи ҳәм еки ушы - эпифизи болады. Анатомиялық буўынның сыртқы тәрепинде үлкен ҳәм киши дөңшелер болып, олардың ортасында қарықта бар, ол дөңшелерара қарықша деп аталады. Дөңшелердиң соң гедир - будырлықлар болып, оларға булшық етлер биригеди. Сүйек денесиниң жоқарғы тәрепи цилиндр тәризли, төменги тәрепи үш мүйешлик түринде. Ийин сүйегиниң төменги кеңейген ушы еки тәрепинен гедир - будыр төбеше пайда етип тамамланады. Буларға булшық ет ҳәм байламлар жабысады. Бул еки төбеше арасында билек сүйеклери менен бирлесетуғын буўын жүзлери жайласқан, медиал тәрепинде шығанақ сүйеги менен бирлесетуғын түте, летериал тәрепинде билек сүйеги менен бирлесиў ушын ярым шарға усас буўын жүзи басшасы бар. Төменги ушының арқа тәрепинде шығанақ сүйегиниң өсиги кирип туратуғын шығанақ шуқыршасы болады, алдыңғы тәрепинде болса шығанақ сүйегиниң таж өткир өсиги (билек бүгилгенде) кирип туратуғын таж өткир ойығы бар. Сүйектиң түрли жеринде қан тамырлар өтетуғын тесиклер бар.
Билек сүйеклери еки түтикше тәризли: билек ҳәм шығанақ сүйегинен ибарат.
Шығанақ сүйеги
Шығанақ сүйеги (ulna) қолдың медиал тәрепинде жайласқан болып жоқарғы бөлими бираз кең онда ярымай тәризли ойық болады. Шығанақ сүйеги ярымай тәризли буўын ойығының жоқарысында шығанақ өсиги төменинде өткир өсик жайласқан латериал тәрепинде билек сүйегиниң басы кириўи ушын шуқырша болады. Ярымай тәризли буўын ойығы менен ийин сүйегиниң түте тәризли буўын жүзине биригеди. Шығанақ сүйегиниң денеси үш қырлы билекке қараған латериал қыры өткир болады. Бул сүйектиң төменги ушында басшасы болып, оның арқасында биз тәризли өсик жайласқан.
Билек сүйеги
Билек сүйеги (raddius) жоқарғы ушы домалақ көринистеги басша пайда етеди. Басшаның жоқарғы бөлими батық болып, оған ийин сүйегиниң томпағы биригеди. Билек сүйеги басшасы төменги бөлими жиңишке мойын пайда етеди. Мойынның астында алдыңғы жүзинде ийинниң еки баслы булшықети келип биригетуғын үлкен дөңше бар.
Денеси үш қырлы ишки қыры өткир болады. Дистал эпифизи бираз кеңейип биринши қатар алақан сүйеклери менен биригиў ушын буўын шуқыршасын пайда етеди.
Бул сүйектиң ишки тәрепинде шығанақ сүйегиниң басы менен биригиў ушын буўын жүзи, шетки тәрепинде болса биз тәризли өсик жайласқан. Шығанақ ҳәм билек сүйеклери жоқарғы ҳәм төменги бөлимлери менен цилиндр тәризли буўын пайда етип биргеди.
Пәнже сүеклери
Пәнже сүйеклери үшке: билезик сүйеклерине, алақан сүйеклерине, ҳәм бармақ сүйеклери (фалангалар) не бөлинеди.
Билезик сүйеклери сегиз болып олар төртеўден еки қатар жайласады. Бул сүйеклер билек сүйегинен шығанақ сүйегине қарап яки бас бармақтан шунатайға қарап саналады. Биринши қатар қайық тәризли, ярымай тәризли, үш қырлы, ноқат тәризли сүйеклерден ибарат. Екинши қатарды үлкен көп қырлы, киши көп қырлы, басшалы ҳәм илгекли сүйеклер пайда етеди.
Алақан сүйеклери бесеў болып келте түтикше тәризли сүйеклер есапланады. Олардың денеси, еки ушы (басы ҳәм тийкары) болады. Алақан сүйеклери тийкары менен билезик сүйеклерине, басы менен тийкарғы фалангаларға биригеди.
Бул сүйеклер денесиниң арқа тәрпи бөртиңки алдыңғы тәрепи батық болады. Алақан сүйеклери 2 - бармақтан 5-бармақ тәрепке киширейип барады. Бас бармақтың алақан сүйеги шетте болып, тийкары көп қырлы үлкен сүйекке ер тәризли буўын жүзин пайда етип биригеди.
Фалангалар келте түтикше тәризли сүйеклер ҳәр бир бармақта үшеўден: тийкарғы, орта, тырнақ, бас бармақта болса тийкарғы ҳәм тырнақ фалангасы болады. Фалангалардың төменги тәрепи кең жоқарғы тәрепи тар болып, алдыңғы бөлими бираз батық, арқа бөлими бөртиңки дүзилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |