Геўде сүйеклериниң жасқа байланыслы өзгешеликлери
Омыртқалар эмбрионда шемиршек тканының раўажланыўы менен қәлиплесип барады. Омыртқалардың алдын денеси, кейин шеңбер, оннан соң өсимтелери қәлиплеседи. Бала туўылғанда омыртқа бағанасы туўры болып түрли жаста булшық етлер ҳәрекети себепли ийрекликлер пайда болады. Бақша жасының ақырында мойын - көкирек ийрекликлери қәлиплеседи. Бел лордозы 12 жаста мәлим дәрежеде, ал ержетиў жасында толық қәлиплеседи.
Адамның 17-25 жасында сегизкөз омыртқалары сүйеклери биригип сегизкөз сүйегин пайда етеди. Қуйымшақ сүйеклериниң сүйекке айланыўы 30 жаста тамамланады. Балалардың омыртқа бағанасы ийилиўшең ҳәм ҳәрекетшең болады. Баланың еки жасына шекем қабырға сүйеклери геўек сүйектен қуралады. Жас артыўы менен олар өсип сүйекке айланыўды даўам етеди. Төс сүйеги болса 25-30 жаста сүйекке айланып болады. Баланың жасы артыўы менен көкирек клеткасының формасы, өлшеми өзгерди 3 -жасқа шекем көкирек клеткасының айланасы узынлығына салыстырғанда үлкен болады. 7-8 жаста ол конус түрине киреди. Геўде сүйеклериниң өсиўи ҳәм раўажланыўына қоршаған орталықтың жағдайы, баланың аўқатланыўы, физикалық тәрбия менен шынығыўы, шынықпаслығы тәсир етеди. Балалардың көкирек клеткасы жаз ҳәм гүз айларында тез өседи.
Қол ҳәм аяқ сүйеклери
Қол ҳәм аяқ сүйеклери организмде әҳмийетли функция атқарады. Олардың нәтийжесинде адам ҳәрекетленеди ҳәм мийнет қылады. Қол ҳәм аяқ сүйеклери ҳайўанат дүньясының раўажланыў нәтийжесинде бир неше мың жыллар даўамында пайда болған. Олар дүзилиси жағынан бир - бирине усайды. Лекин адам геўдесиниң тик турыўы, мийнет хызмети қублысында дүзилиўи, формасы, ири - майдалығы өзгерип кеткен болып, бир - биринен парқ қылады.
Қол сүйеклери
Қол сүйеклери еки топарға бөлип үйрениледи. Ийин белдеўи сүйеклери ҳәм қолдың еркин сүйеклери. Ийин белдеўи сүйеклерине гүрек ҳәм омыраў сүйеклери киреди.
Гүрек сүйеги (os scapula) үшмүйешлик түриндеги жалпақ сүйек болып булшық етлер жәрдеминде ишки батыңқы жүзи менен көкирек клеткасына II-VII, қабырғалар үстине жабысқан болады. Шетлери ҳәм үш мүйеши бар. Төменги мүйеши өткир болады, сыртқы латериал мүйешинде ийин менен биригетуғын буўын жүзи жайласқан. Жоқарғы ишки мүйешинде булшық етлер биригетуғын гедир-будырлықлар болады. Арқа тәрепиндеги қыры сыртқы латериал мүйешинде акромиал өсик пенен тамамланады. Бул өсик гүрек сүйегин өсик асты ҳәм өсик үсти бөлимлерине бөлип турады. Гүрек сүйегиниң сыртқы мүйешинде тумсық тәризли өсимте бар. Оның арасында гүрек сүйегиниң оймасы, өсигиниң астында ийин сүйеги биригетуғын буўын шуқыршасы болады.
Омыраў сүйеги
Омыраў сүйегиниң (os clavicula) бир ушы домалақ екинши ушы жалпақ. Жалпақ ушы менен гүрек сүйегиниң акромиал, яғный таж тәризли өсимтесине биригеди ҳәм ол акромиал ушы делинеди. Домалақ ушы менен төс сүйегиниң дәстесине биригеди. Омыраў сүйегиниң денесинде булшық етлер биригиўи ушын гедир будырлықлар болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |