Kirisiw. O’siw h’a’m rauajlanıwdın’ ulıwma nızamlıqları. Реже: Adam organizminin’ bir pu’tinligi



Download 4,78 Mb.
bet19/65
Sana05.07.2022
Hajmi4,78 Mb.
#743009
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   65
Bog'liq
1-8-temalarlekciya

Гелле сүйегиниң топографиясы
Гелле сүйеги бир пүтин болып, жүз тәрепинен көриниси мәйек тәризли төменги ийек бөлими бираз тар, жоқарғы бөлими кең болады. Жүз тәрепинен қарағанда жоқарыдан төменге төмендегилерҮ маңлай дөңлери, маңлай шуқыршасы, көз кесасы, алмурт тәризли тесик, аўыз тесиги, көз кесасы шуқыршасының астында көз асты нерви өтетуғын тесик, оннан төменде ит шуқыршасы көринеди. Аўыз тесигиниң әтирапында жоқарғы ҳәм төменги жақтың альвеола өсиклери, төменги жүзинде ийек шуқырлығы ийек алды тесиклери ийек дөңшеси ҳәм басқалар көринеди.
Көз кесасы төрт дийўал менен оралған болып жоқарғы дийўалы маңлай сүйеги менен сына тәризли сүйектиң киши қанатынан ишки дийўалы көз жасы ҳәм елек тәризли сүйектен, төменги дийўалы жоқары жақ сүйеги менен бет сүйегинен шетки дийўалы сына тәризли сүйектиң үлкен қанаты менен маңлайдан пайда болған. Көз кесасында жоқарғы төменги жарықлар, көриў нерви өтетуғын тесик ҳәм көз жасы каналы тесиклери болады. Жоқарғы жарығы мий қутышасы бослығына төменги жарығы қанат таңлай шуқыршасына көз жасы каналлары мурын бослығына тутасады.
Мурын бослығы орта бөлимде пазна сүйеги ҳәм елек тәризли сүйектиң тик пластинкасы менен екиге ажыралады, ҳәр қыйлы бослығында жоқарғы, орта төменги мурын раковиналары болып, олар мурынның ишки көлемин асырады. Мурын бослығы алдында алмурт тәризли тесик пенен ашылады. Бул бослықтың арқа тесиги хоаналар жәрдеминде жутқыншаққа, ол арқалы аўызға ҳәм жутқыншаққа Евстахиев найы арқалы орта қулаққа тутасады. Бул бослық көз жасы каналы арқалы көз кесасына елек тәризли сүйектиң тесиклери арқалы мий қутышасына қаптал тесиги арқалы жоқарғы жақ бослығына арқа тәрептеги тесиклер арқалы тийкарғы сүйектиң денесиндеги бослыққа тутасады. Мурын бослығы қанат таңлай бослығына биригеди.
Гелле сүйегинде жоқарыдан төменге қарап: шеке шуқыршасы, бет шеңбери, сыртқы еситиў жолы сорығыш тәризли өсик, биз тәризли өсик ҳәм басқалар көринеди. Оның төменги сыртқы жүзинде үлкен еңсе тесиги буўын дөңшелери, биз тәризли ҳәм сорығыш тәризли өсик ҳәм бет шеңбери, нерв ҳәм қан тамырлар өтиў ушын түрли тесиклер, тийкарғы сүйектиң денеси менен қанат тәризли өсик, қатты таңлай бар. Гелле сүйеги тийкарының ишки жүзинде үш шуқырша болып алдыңғысы маңлай сүйегиниң көз бөлими ҳәм киши қанат тәризли сүйек есабына пайда болып, ортада елек тәризли сүйектиң, елек тәризли пластинкасы ҳәм таж тәризли өсиги болады. Алдыңғы шуқыршада бас мий ярым шарларының маңлай бөлими жайласқан. Орта шуқырша шеке сүйегиниң пәллеси таж тәризли бөлими тийкарғы сүйектиң денеси ҳәм үлкен қанаттың есабына пайда болады. Орта шуқырша орайында тийкарғы сүйектиң денеси оның үстинде түрк ери жайласқан. Тийкарғы сүйек денесиниң еки қапталында домалақ, овал тәризли ҳәм өткир қырлы тесиклер болып олардан нерв таласы ҳәм қан тамырлары өтеди. Тийкарғы сүйектиң үлкен ишки қанатлары тийкарында көз кесасының жоқарғы жарығы болады. Орта шуқыршада мий ярым шарларының шеке бөлими жайласқан. Кейинги шуқырша еңсе сүйеги менен шеке сүйеги пирамида бөлиминиң арқа дийўалы қатнасыўында пайда болады. Бул шуқырша орайында еңсе сүйегиниң үлкен тесиги бар. Еңсе сүйегиниң денеси, тийкарғы сүйектиң денеси менен қосылып ойлық пайда етеди. Бул ойлықта Варолиев көпири жайласқан. Кейинги шуқыршада мийшениң еки ярым шары ҳәм үлкен ярым шарлардың еңсе бөлими жайласқан.
Балалар геллесиниң скелети, үлкен кишилиги, денеге салыстырғанда пропорциясы, сүйеклериниң биригиўи менен үлкенлер геллесиниң скелетинен парқ қылады. Балалар скелетиниң жүз бөлими мий қутысы бөлимине салыстырғанда киширек болып баланың жасы артыўы менен бул өзгешелик жоғалып барады.

Download 4,78 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   65




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish