Мурын сүйеги Мурын сүйеги (osnasale) кишкене төрт мүйешли пластинка түриндеги жуп сүйек болып жоқарыда маңлай сүйегиниң мурын бөлими менен, қаптал тәрепте жоқарғы жақтың маңлай өсиги менен ҳәм екинши тәрепинен мурын сүйеги менен биригеди. Пазна сүйеги Пазна сүйеги (mer) төрт мүйешлик түриндеги жуқа сүйек пластинкадан ибарат болып, алдыңғы шети менен елек тәризли сүйек тик пластинкасының төменги шетине жантасып турады ҳәм мурын тосығы пайда болыўында қатнасады. Бул сүйектиң төменги қыры еркин болады. Арқа өткир қыры мурынның арқа тесиклерин хоаналарды бир-биринен ажыратып турады. Бет сүйеги Бет сүйеги (os zyqomaieum) натуры төрт мүйешлик түриндеги жуп сүйек. Оның денеси ҳәм маңлай жоқарғы жақ, шеке сүйеклери менен биригетуғын өсиклери болады. Бул сүйек жоқарғы жақтың шети менен бирликте көз кесасының төменги шетин пайда етеди. Оның сыртқы дийўалының пайда болыўында да қатнасады. Көз жасы сүйеги Көз жасы сүйеги (os lacrimale) геллениң жүз бөлиминдеги ең нәзик, кишкене төрт мүйешли сүйек. Ол көз жасы каналының ишки дийўалы пайда болыўында қатнасады. Таңлай сүйеги Таңлай сүйеги (os.palainum) еки плстинкадан ибарат жуп сүйек. Олар бир-бири менен мүйеш пайда етип биригеди. Горизонтал пластинкасы жоқарғы жақтың таңлай өсиги менен бирге катты таңлайды пайда етеди. Тик пластинкасы жоқарғы жақ суйегиниң денесинде жабысып мурын бослығы арқа бөлиминиң қаптал ди йўалын пайда етеди. Тил асты сүйеги Тил асты сүйеги (os.hyoideum) бет сүйеклерине қосылып үйрениледи.Бүл сүйек бүлшық етлер жәрдеминде гелле ҳәм көкирек клеткасы сүйеклерине биригеди. Ол көмекей үстинде жайласып денеси улкен ҳәм киши тармақларға ажыралады. Гелле сүйеклериниң биригиўи Геллениң төменги жақ сүйегинен басқа ҳәмме сүйеги ҳәрекетсиз тигис жәрдеминде байланысқан. Тийкарғы сүйектиң денеси 20-жастан кейин еңсе сүйегиниң тийкарғы бөлимине сүйек жәрдеминде биригип кетеди. Гелледеги тигислер уш түрлиҮ теңге тәризли, тегис тисли, ҳәм жарғының тиси тәризли болады. Тисли тигислер бир сүйектиң тислери екинши сүйектиң тислери арасына жайласады. Мий қақпағының сүйеклериндеги тигислер ҳәр қыйлы бағдарда жайласқан. Төбе сүйеклериниң өз-ара биригиўи бүған мысал болады. Маңлай төбе сүйеклери арасындағы тигис фронтал бағдарда болады. Теңгеше тәризли тигис пайда етип биригиўде бир сүйектиң қырына екинши сүйектиң қыры жүқаласып балық теңгешеси түринде жайласады. Мысал үшын шеке сүйеги төбе сүйеги менен үсы тәртипте биригеди. Тегис тигис пайда етип биригиўде еки сүйектиң тегис қырлары бир - бирине сүйек жәрдеминде биригеди. Төменги жақ сүйегиниң буўын өсиклери жеке сүйегиндеги буўын шуқыршасына буўын пайда етип биригеди. Буўын жүзлериниң фиброз талшықлы шемиршек пенен қапланғанлығы, буўын бослығы фиброзларының шемиршектен дүзилген пластинка диск пенен устинбе - устин еки бөлимге ажыратылғанлығы бүл буўынды басқа буўынлардан ажыратып түрады. Буўынның еки тәрепи барабар ҳәрекет етеди. Буўында түрли төменге, жоқарыға,қапталға, алдыңғы ҳәм арқаға ҳәрекетлер орынланады. Гелле сүйеги адамның келип шығыўына жасаў жағдайына ҳәм расасына қарай ҳәр түрли формада болады.