ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕЙТУҒЫН АСИНХРОН ЭЛЕКТР ЖҮРИТПЕ
Санааттың барлық тараўларында ҳәм аўыл хожалығының түрли тараўларында көп қолланылатуғын вентиляторлар, кондисионерлар, насослар ҳәм ҳаўа айдаўшы (дем беретуғын) ҳәм басқа улыўмасанаат механизмлери ушын, халық хожалығында үлкен әҳмиетке ийе болған механизмлердиң реал жүкленгенлигине қарап электр жүритпелери системасының көрсеткишлерин жақсылаў экстремал басқарылатуғын үнемлилиги жоқары болған электр жүритпе системасы [13] жәрдеминде әмелге асырылады (4.5 – сүўрет).
Экстремал басқарылатуғын асинхрон моторлы электр жүритпе системасы төмендегилерди өз ишине алады: статор орамы кернеўдиң тиристорлы ретлегиши ТКР диң шығыўына жалғанған асинхрон мотор М, тиристорлы ретлегиштиң басқарыў системасы БТ, сигналларды жыйнаўшысы сумматор С; мотор кернеўи өлшеў өзгерткиши КӨӨ – бул өлшеў өзгерткишиниң шығыў кернеў сигналы дифференциаллаў блокқа (КДБ) жалғанған; электр мотор қуўатының өлшеў өзгерткиши ҚӨӨ – шығыўы көбейтиўши блокқа (КБ) жалғанған; усы блокқа арифметикалық блок (АБ) ның шығыўыда да жалғанған; КБ тың шығыўы қуўатларды дифференциаллайтуғын блокқа (ҚДБ) жалғанған; бөлиў блоки (ББ) ның кириўине дифференциаллаў блоклар КДБ ҳәм ҚДБ лардың шығыўлары жалғанған, ББ ның шығыўы С ның кириўлеринен бирине жалғанған.
Асинхрон электр жүритпелер өзгерип туратуғын жүклеме менен ислегенинде ысырап болатуғын электр энергиясын азайтыў мотор статорына берилетуғын кернеўди жүклеме ямаса ток функциясында ретлеў менен әмелге сырылады.
Электр мотор М ислеп турғанында ПӨӨ ҳәм КӨӨ өлшеў өзгерткишлери шығыўларында сигналлар ажыралады. КӨӨ ниң сигналы дифференциаллаў блоки КДБ ға келеди, бул жерде оны ўақыт бойынша дифференциаллаў орынланады. ПӨӨ ниң сигналы көбейтиўши блок КБ да (1 – ) мәнисине тең болған сигналға көбейтириледи ҳәм бул сигнал арифметикалық блок АБ дан алынады, КБ тың шығыўында электр мотордың улыўма қуўат ысырабы ( Р) ға тең болған сигнал аламыз, улыўма қуўат ысырабы электромагнит ҳәм механикалық қуўат ысыраплардан ибарат. Бул сигнал блокта ўақыт бойынша дифференциалланып ББ ның кириў бөлегине тақалады.
4.5 – сүўрет. Энергия үнемлейтуғын асинхрон электр жүритпениң блок схемасы
ББ да сигнал КДБ дан алынған дифференциалланған сигналға бөлинеди. Сәйкес ҳалда бул блоктың шығыўында төмендеги сигналды аламыз:
Жүклемеге, d П/dt ға тең болған сигналдың мәниси өзиниң белгисин өзгертиреди. Экстремал ретлениўди әмелге асырыў ушын бул сигналдың шығыў мәниси нолге тең болыўы тийис. Сигналлар сумматоры С да сигналларды айырыў ямаса қосыя әмеллери орынланады; бул болса мотор валындағы жүклеме түрли мәнисте болғанында моторды ретлеўдиң экстремал зонасында ислеўин тәмийнлейди.
Солай етип, экстремал басқарылатуғын асинхрон электржүритпе системасы жүклеме дәрежеси турлише болғанда моторда улыўма қуўат ысырабы минимум болыўын тәмийнлейди. Бул электржүритпениң ПЖК ин анағурлым көбейиўине ҳәм мотордың орнатылған қуўатынан эффектив пайдаланыўға алып келеди. Бундай жүритпелердиң болса мүйешлик тезлиги ретленбейтуғын ҳәм турақлы частотада ислейтуғын механизмлер ушын қолланылыўы энергетикалық көрсеткишлердиң артыўына алып келеди.
Автоматластырылған электр жүритпелердиң жоқарыда көрип шығылған энергия үнемлейтуғын системалары (4.1, 4.3, 4.5 – сүўретлар) узақ даўам ететуғын ислеў режиминде ислейтуғын жоқары энергетикалық көрсеткишлерине ерисиўи керекли болған металлургия, машинасазлық ҳәм тоқымашылық санаатларының бир қатар технологиялық машина ҳәм механизмлеринде кең қолланылыўы мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |