5.3. УЛЫЎМАСАНААТ АСИНХРОН ЭЛЕКТР ЖҮРИТПЕЛЕРИНДЕ ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕЎГЕ ЕРИСИЎДИҢ ФИЗИКАЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ
Қойылған мәселени шешиўдиң физикалық тийкары асинхрон мотор ушын төмендеги формуланың минимумын тәмийнлеў есапланады, яғный:
, (5.1)
бул жерде: – статор орамының салыстырма токи, I ҳәм I Н – статор токының ҳақыйқый ҳәм номинал мәнислери, – мотордың ҳаўа аралығындағы салыстырма ағым, Ф ҳәм ФН – магнит ағымның ҳақыйқый ҳәм номинал мәнислери.
Мотордың ҳақыйқый жүкленгенлик диапазоны (0,3 – 1.0)РН шегарасында жатады: бул жерде РН – мотордың номинал қуўаты.
Магнитлениў иймек сызығынан белгили, магнитлениў характеристиканың бул бөлеги шегарасында ол туўры сызықлы деп алыў мүмкин, яғный:
Онда (5.1) теңлемедеги ағым ҳеш қандай зәрерсиз кернеў менен алмастырылады, яғный:
(5.2)
бул жерде, – мотордың салыстырма кернеўи.
5.4. УЛЫЎМАСАНААТ ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕГИШ АСИНХРОН ЭЛЕКТР ЖҮРИТПЕ
Энергия үнемлейтуғын контроллерлы асинхрон электр жүритпе (5.3 – сүўрет) төмендеги тәртипте ислейди. Сумматор (жәмлеўши) 4 тиң биринши кириўине тапсырма сигналы Uтоп бериледи (усы жағдайда өзгермели токтың ретленетуғын кернеўи) асинхрон мотор 1 диң иске түсип кетиўи ўақтында электр жүритпе токының минимумы менен ислеў режими көзде тутылмағанлығы ушын есте сақлаў блоки 5 жабық жағдайда болады ҳәм тиристорлардың басқарыў блоки 3 тиң кириўине жәмлеўши 4 тиң шығыўынан Uб = U топ сигналы бериледи. Бул күш тиристорлары блоки 2 де кернеўдиң максимал мәниси Uмах қәлиплесиўине сәйкес келеди, бул кернеў мотор 1 диң номинал кернеўине тең.
5.3 – сүўрет. Контроллерли энергия үнемлегиш асинхрон электр жүритпениң блок схемасы
Мотор 1 иске түсип болғаннан күш тиристорлары блоки 2 ниң шығыўында кернеў мотор 1 диң жүклеме токи бойынша тиккелей ток өлшеў өзгерткиши 9 арқалы ретленеди. Сигнал ток өлшеў өзгерткиши 9 дан токты дифференциаллаўшы блок 10 ға узатылады, ол жерде бул сигнал ўақыт бойынша дифференциалланады, яғный ди/дт сигналы пайда болады ҳәм бул сигнал бөлиў блоки б 8 диң биринши кириўине узатылады, бөлиў блоки 8 диң екинши кириўине кернеўди дифференциаллаў блоки 7 ден алынатуғын ўақыт бойынша дифференциалланған сигнал ду/дт жибериледи. Бөлиў блоки 8 де бөлиў әмели орынланады ҳәм оның шығыўында ди/ду сигналы пайда болады.
Бул сигнал жәмлегиш 4 тиң екинши кириўине есте сақлаў блоки 5 арқалы бериледи. Есте сақлаў блоки есап – гилтли режимде ислейди, яғный оны шығыўда сигнал бар болса, 5 блокта ҳәзирги ҳәм алдынғы сигналлардың ди/ду мәнислерин салыстырыў әмели орынланады, ҳәм минимум шәрти орынланған ўақыт моментинде ди/ду = 0 есте сақлаў блок 5 тиң шыгыўында ди/ду дың алдынғы мәниси сақланып қалады, бул болса жүкленгенлигине қарап мотор 1 ге кернеўдиң оптимал мәнисин береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |