2.1. Мәмлекет бюджетиниң нәтийжели орынланыўын әмелге асырыўда жергиликли бюджетлердиң роли ҳәм дәраматларының анализи Бюджет орынланыўы нәтийжелилигин асырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларынан бири ол яки бул аймақлардың ислеп шығарыў күшлери раўажланыўы ҳәм социаллық ихтияжлары дәрежесин бюджет ресурслары менен тәмийинленгенлик дәрежесине өз-ара байланыслы ҳалда алып барыўдан ибарат. Әлбетте, ихтияжлардың өсип барыўы, ислеп шығарыўшы күшлер раўажланыўы киби объектив улыўма экономикалық нызамлардың әмел қылыўы объектив реаллық ҳәм зәрүрият болғанындай ҳәмде ол яки бул аймақтың ислеп шығарыўшы күшлер раўажланыўын тәмийинлеў ушын мәмлекет бюджетлер-ара қатнасықларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыўда тап усы мәселелерге тийкарғы итибарды қаратады. Ол яки булл аймақтың жергиликли бюджетиниң бюджет системасында тутқан орны, ең алды менен, усы жергиликли бюджеттиң дәраматлары ҳәм қәрежетлери қурамының оптималлығына усы аймақ экономикасының мәмлекеттиң жалпы ишки өнимди жаратыўдағы үлесине, усы аймақ халқының стратегик макроэкономикалық көрсеткишлерине ҳәм басқа факторларға байланыслы болады.
Бюджет қәрежетлерин дәраматлары менен салыстырыў ҳәмде оның дефицит яки субвенциядан пайдаланыў нәтийжелерине қарап "өз дәрамат базасы менен тәмийинленгенлик" көрсеткишин анықлаў ушын имкан береди. Бюджет системасында жергиликли бюджетлер буўынының ҳәм әсиресе бир буўындағы жергиликли бюджетлердиң жоқары бюджет буўыны менен қатнасықларын шөлкемлестириўде жергиликли бюджетлердиң донор түрин (өз қаржысы есабынан басқаларды тәмийинлейтуғын) яки реципиент түрин (өз дәрамат базасы жетиспеўшилигинен басқа бюджетлерге мүрәжәәт етиў) айырыў керек.
1-диаграмма ЖИӨниң жыллар даўамында өсиў динамикасы, пайызда2
Өзбекстан Республикасының 2010-2013 жыллардағы социал-экономикалық раўажланыў жуўмақлары макроэкономикалық турақлылық ҳәм мәмлекетте экономикалық өсиўге ерисиў тәмийинленгенлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, 2011-жылы жалпы ишки өнимниң өсиў темпи 8,5 пайызды қураған. Бул көрсеткиш өткен 2010-жылға салыстырғанда (8,1%) өсиў динамикасына ийе. Ал кейинги жылларда (2012-2013 жылларда) бул жалпы ишки өнимниң өсиў динамикасы бираз пәсейеди. Бул жағдай дүньяжүзиндеги кризис ҳалаты менен байланыслы деп ойлаймыз. Соған қараматсан, 2012-2013 жылларда да жалпы ишки өнимниң өсиў дарежеси 8,3 ҳәм 8,2% болғанлығын көремиз.
Жалпы ишки өнимниң ислеп шығарыў қурамында да сезилерли өзгерислер жүз берди (1-таблица).