Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары



Download 0,83 Mb.
bet3/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

Питириў қәнигелик жумысымның актуаллығы. Өзбекстан Республикасы экономикасында жүз берип атырған түп өзгерислер финанслық-экономикалық теория, бюджет процесси ҳәм бюджетлер-ара қатнасықлар тийкарын социал-экономикалық жаратыўшылық руўхында қайта көрип шығыўды талап етпекте. Себеби, Президентимиз И.А.Каримов атап өткениндей, «Экономикалық өсиў темплерин тәмийинлеген ҳәмде финанслық турақлылыққа ерискен реформалардың ҳәзирги дәўиринде мәмлекет финансы ҳәм әсиресе, бюджет системасы турақлылығын беккемлеў, жергиликли бюджетлердиң финанслық имканиятларын жақсылаў әҳмийетли стратегик ўазыйпа есапланады».
Өзбекстан Республикасында мәмлекет бюджетиниң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша реформалар төмендеги актуал мәселерди өз ишине алыўы лазым: мәмлекеттиң орайласқан финанслық ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў; бюджет процесси ҳәм жаңа бюджет классификациясын жетилистириў; экономика машқалалары ҳәм бюджеттиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў механизмини жаратыў. Усы питириў қәнигелик жумысымның көлеминиң шекленгенлиги усы барлық машқалаларды толық ашып бериў имканиятын бермейди. Соның ушын бул жумысымызда биз тек ғана мәмлекет бюджети орынланыўы нәтийжелилигин асырыў машқалаларын үйрениў менен ғана шеклендик.
Теманың изертлениў дәрежеси. Финанс-бюджет реформаларын өткериў процесси, социал-экономикалық машқаларды шешиўде олардың ролин асырыў ҳәм сол менен бирге олардың финанслық базасын беккемлеў, пүткиллей жаңа финанс-бюджет ҳәм салық механизмин жаратыў, бюджетлер-ара қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм мәмлекет бюджети орынланыўын тәмийинлеўдиң услубияты ҳәм принциплерин анықлаўды өз ишине алады.
Финанс-бюджет механизми, бюджет қурылысы ҳәм бюджетлер-ара қатнасықлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының, мәмлекет бюджетиниң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўдиң теориялық ҳәм әмелий тәреплери қатар рус экономист – алымлардан А.М.Александров, А.М.Бабич, Д.П.Боголепов, В.Г.Болдирев, М.В.Васильева, М.Дмитриев, Э.Добсон, Л.А.Дробозина, Н.А.Колесникова, О.В.Кузнецова, А.М.Лавров, В.Н.Лексин, А.М.Поздняков, В.М.Родионова, М.В.Романовский, Б.М.Сабанти, В.Селивестров, С.П.Солянникоҳәм ҳәм басқалардың мийнетлеринде кең ашып берилген. Сондай-ақ, өзбек экономист – алымларынан М.Шарифхўжаев, Ё.Абдуллаев, А.Ваҳобов, А.Ўлмасов, Ҳ.Собиров, О.Олимжонов, Т.Маликов, Э.Акромов, О.Жуманов, Н.Хайдаров, М.Йўлдошев, Ҳ.Жамолов, З.Срожиддинова, Қ.Тажибаева, Г.Қосимова, А.Жўраев ҳам басқалар Өзбекстан Республикасында бюджет системасының қалиплесиўи ҳәм раўажланыў процессиниң әҳмийетли мәселелерин изерлеўге өз үлеслерин қосты. Соның менен бирге, айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасында ҳәзирги шәраятында бюджет әмелиятына қойылып атырған жаңа талаплар, мәмлекет бюджетиниң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, оның финанслық имканиятларын беккемлеў машқалалары әҳмийетиниң өсиўи усы процессти еле де терең изертлеўди, оның актуал машқалаларына шешим табыўды талап етеди.
Жоқарыдағы пикирлер питириў қәнигелик жумысымның мақсет ҳәм ўазыйпаларын белгилеўге тийкар болады. Питириў қәнигелик жумысымның тийкарғы мақсети Өзбекстан Республикасында бюджет қурылысы ҳәм бюджет әмелиятының жаңа талаплары тийкарында мәмлекет бюджетиниң финанслық имканиятларын асырыў бағдарларын үйрениў, мәмлекет бюджетиниң нәтийжели орынланыўы механизмин жетилистириў ҳәм жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын беккемлеў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў болып табылады.
Усы мақсетке ерисиў ушын алдыма төмендеги ўазыйпаларды қойдым:
- экономика раўажланыўының түрли басқышларында Өзбекстан Республикасы бюджет системасының мазмуны, функциялары ҳәм тийкарғы шешилиўи лазым болған мәселелерди теориялық тәрептен қайта көрип шығыў;
- Өзбекстан Республикасы бюджет нызамшылығындағы өзгерислерди анализлеў ҳәм жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
- бюджет орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўдиң актуал машқалаларын, атап айтқанда, бюджет системасы буўынлары, бюджет ҳуқықлары ҳәм мәжбүриятларын бюджет әмелиятының жаңа талаплары тийкарында асырыў, бюджет буўынлары дәрамат ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, барлық буўынлардың бюджет қаржыларын басқарыўдағы бийғәрезлигин бойынша усынысларды тийкарлап бериў ҳәм басқалар.
Питириў қәнигелик жумысымның излениў объекти болып, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Финанс Министрлигиниң искерлиги есапланады.
Питириў қәнигелик жумысымның излениў предмети сыпатында Өзбекстан Республикасы бюджет системасы, Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетлери, жергиликли бюджет буўынларында бюджетти орынлаўда бюджет ресурсларының қәлиплесиўи ҳәм ислетилиўи процессинде жүзеге келиўши қатнасықлар майданға шығады. Усыған тийкарланып жумысымызда бюджет қурылысы, бюджет арқалы тәртипке салыў ҳәм бюджет орынланыў процессиниң ҳуқықый тәмийнаты мәселелери изертленген.
Питириў қәнигелик жумысымның мағлыўмат базасы болып Өзбекстан Республикасы бюджет басқармасы мағлыўматлары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетлери көрсеткиши бойынша кейинги жыллар мағлыўматлары хызмет қылады.


Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish