Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары


I-Бап. Мәмлекет бюджети орынланыўын шөлкемлестириўдиң экономикалық, ҳуқуқый ҳәм финанслық тийкарлары



Download 0,83 Mb.
bet4/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

I-Бап. Мәмлекет бюджети орынланыўын шөлкемлестириўдиң экономикалық, ҳуқуқый ҳәм финанслық тийкарлары

1.1. Ҳәзирги экономиканың еркинлесиўи шәраятында мәмлекеттиң бюджетлерди басқарыў сиясатындағы муўапықлылықты тәмийинлеў зәрүрлиги


Өзбекстан Республикасында экономикалық реформалар раўажланыўы процессинде аймақларды басқарыў системасының орайға қарай байланыслылығын кескин шеклеў зәрүрият жүзеге келди. Усындай шәраятта ири қалалар ҳәм районлар өзлериниң бийғәрез экономикалық сиясатқа таярлылық дәрежесине қарамастан, бундай сиясатты қәлиплестириў ҳәм оның нәтийжеси ушын жуўапкершиликти өзине алыўға мәжбүр болды. Вертикал тәрептен мәмлекет басқарыўы нызамлы жергиликли өзин-өзи басқарыў органы статусын алыўшы жергиликли басқарыў дәрежесине бөлинеди. Бул статустың рәсмийлестирилиўи жергиликли ҳәкимиятлардың аймақлық ҳәм жергиликли раўажланыў ушын актив жергиликли экономикалық сиясатты қәлиплестириўдиң ҳақыйқый имканиятларынан бир қанша артта қалмақта.
Финанслық сиясатқа болған зәрүрият анық локал бирлеспелер урыныўлары менен жәмийетте базар экономикасын тәртипке салыў талабына, халықтың турмыс дәрежесиниң жоқары стандартларын тәмийинлей алатуғын, аймақлардың экономикалық, социаллық, демографик, экологик ҳәм тәбийий ресурс потенциалының турақлы ислетилиўин тәмийинлеў ушын экономикалық турмыстың аймақлық шөлкемлерге болған талабына тийкарланады.
Финанслық сиясаттың салық-бюджет қураллары бир тегис болмаған салық басымын қәлиплестириў ҳәм хожалық жүритиўши субъектлердиң мотивацион механизмлериниң иске түсирилиўиниң анық мақсетлерге анық салық ҳәм салық имтиязлары ҳәмде қәрежетлер көринисниде олардың муўапықлылығы дәстүрий түрде көрип шығылады. Бөлек алынған аймақ шөлкемлериниң жүдә жоқары салық жүклери усы аймақтың ислеп шығарыў процесслерин изден шығарады ҳәм усынысларды пәсейтеди, дәрамат базаларын қысқартады. Сол себепли, биринши гезекте мәмлекет бюджети усы аймақ кәрханаларына салық жүгин асырыў есабына емес, өз-ара қатнасықлардың әмелдеги бюджетлер-ара системасын жергиликли дәрежедеги бюджетлерге қарап рационалластырыў есабына балансластырыў мәселеси жүзеге шығады. Өзбекстан Республикасында мәмлекетшиликти қәлиплестириў процессинде мәмлекет басқарыў дәрежелериниң барлық элементлери қәлиплестирилген болыўы керек, буған мәмлекет бюджет сиясаты ҳәм жергиликли экономикалық сиясатка бир түрде сай келетуғын горизонтал ҳәм вертикал тегислеў механизмлерин де киритиў лазым. Жеке салық базаларының әмелий тәрептен арқада қалыўы (жергиликли бюджетлердиң жеке салық дереклери дәраматларының 10% ке жақынын жәмлеўге уқыплы), финанслық сиясатты әмелге асырыўдың қуралы сыпатында жергиликли бюджетлердиң бюджет потенциалын қәлилпестириў усылларын көрип шығыўды талап қылады.
Мәмлекет бюджетин басқарыў муўапықлылығын тәмийинлеў зәрүрлигин үйрениўде мәмлекеттиң финанслық сиясатты актив әмелге асырыў ушын жетерли көлемде қаржыларды топлаў имканын бериўши мәмлекетлик бюджет звеноларын реформалаўға концептуал жандасыў әҳмийетли мәселе. Бул мәселени шешиў ушын төмендегилерди үйрениў ҳәм зәрүр жуўмақлар шығарыў лазым.
1. Жаңа бюджет қурылысы шәраятларында финанслық сиясаттың салық-бюджет қуралларын қәлиплестириў тийкарларын ҳәм жергиликли дәрежедеги бюджет айырмашылықларын тегислеўдиң жәҳән әмелияты анализин үйрениў.
2. Миллий ҳәм шет ел алымлары тәрепинен ислеп шығылған бюджет теорияларының услублық негизлерин үйрениў, анализ қылынатуғын услублар сыпатында төмендегилерден пайдаланыў мүмкинлигин көрсетти:
- бюджет процесслерин шөлкемлестириў мәселелерин үйрениўге системалы жандасыў;
- бюджет-салық сиясаты арқалы тәртипке салыўды шөлкемлестириў тараўындағы теориялық, услублық ҳәм әмелий қолланбаларды илимий анализлеў ҳәм жуўмақлар шығарыў.
Базар қатнасықларын орнатыў ҳәм бюджет системасын реформалаў шәраятында Өзбекстан Республикасы аймақларында жергиликли экономикалық сиясатты әмелге асырыў бюджетлер-ара қатнасықларды қәлиплестириўге ҳәм салық системасы трансформациясына принципиал жаңа фундаментал жандасыўларды ислеп шығыўды талап қылады.
Ҳәр қандай жәмийет системасында да жәмийеттиң раўажланыўды тәртиплестириўдиң уқсас мәселелери, бирақ түрли усыллары ушырап турады. Ғәрезсизликке шекем экономикада буның ушын туўрыдан-туўры директив басқарыў усылларынан пайдаланылған. Ҳәзирги күнде мәмлекет бийғәрез мәмлекет қурыў әмелиятына өтиў арқалы баскарыўдың еки басқышлы орайласпаған системасы қәлиплестирилмекте. Ўәкилликлерди «орай» ҳәм жергиликли басқарыў органлары арасында қайта бөлистириў жүз бермекте, яғный булл менен республика ҳәм жергиликли аймақ шөлкемлериниң барлық дәрежедеги бул бөлистириўди әмелге асырыўға сай қураллар қәлиплестириўге экономикалық сиясат бойсындырылған.
Жәҳән тәжирийбесинде жергиликли экономикалық сиясаттың үш түри ажыратып көрсетиледи, бириншиси, аймақлардың раўажланыўын мақсет қылып алған, екиншиси, жергиликли бюджетлер дәраматларын асырыўға бағдарланған, үшиншиси, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын асырыўдың тийкарғы мақсетлерин белгилейди. Ол яки бул түрди таңлаў яки оларды биргеликте алып барыў аймақлардың экономикалық раўажланыў дәрежеси ҳәм мақсетлерине байланыслы. Тийкарғы орында аймақлар раўажланыўының төмендеги мақсетлери топарын (бир қанша қосымшалары менен) келтириўимиз мүмкин: стратегик-әмелий қәсийет (депрессив ҳалаттан шығыў, хожалық тараўлары трансформациясы, сыртқы экономикалық искерликке қатаң жандасыў ҳәм басқалар), стратегик-турақласыў қәсийети (процесслер бирлигин сақлаў экономикалық аймақларда эволюцион реформалар өткериў ҳәм басқалар), жергиликли басқарыўда жайласқан айрықша тармақларды қоллап-қуўатлаў, оны (айрықша хызмет, аймақлық хожалық системасы, оның объектлерин) раўажландырыў бойынша анық мақсетлер.
Экономикалық машқалалар қәсийетиндеги айырмашылықлар олардың шешимине ҳәр түрли жандасыўға себепши болады. Мәмлекет тәрепинен тәсир ететуғын туўрыдан-туўры ҳәм қураллы иләжлар арасында тийкарғы орынды бюджет механизми қураллары ийелейди. Оларды шәртли рәўиште еки топарға ажыратыў мүмкин: норматив-есап услублары, тийкарғы бюджет тәртиплери.
Норматив-есап услублары топарына жергиликли бюджетлердиң жоқары турыўшы бюджетлерден алатуғын трансфертлериниң ҳәр түрли көринислери киреди. Тийкарғы бюджет тәртиби аймақлар раўажланыўы ушын жеке миллий инвестицияларды активлестириў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде қолай инвестицион орталықты қәлиплестириўге бағдарланған салық-бюджет комплекси өлшенбелерин өз ишине алады. Сол себепли раўажланған базар экономикасына ийе мәмлекетлерде тийкарғы итибар барлық дәрежелерде экономикалық сиясатты әмелге асырыўдың әҳмийетли қуралларынан бири сыпатында салық-бюджет системасын реформалаўға қаратылады.
Республика бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм жергиликли бюджетлер ҳәмде мәмлекет мақсетли фондлары бюджетлеринен қуралатуғын мәмлекет бюджетиниң көп дәрежели дүзилиси менен байланыслылықта финанслық ағымлар ҳәм экономикалық шешимлердиң орайластырылыўы ҳәм орайластырылмаўын биргеликте алып барыў машқаласы пайда болмақта. Анық ислеп шығылған қағыйдаларға тийкарланған ҳалда ҳәм ҳәр бир ҳәкимият буўынлары бюджетлери әмелияты ҳәм олардың бюджетлериниң өз-ара қатнасықларын аңлататуғын бюджет дүзилисиниң ықшам моделин излеў лазым. Пүткил дүньяда бюджет системасы моделлериниң бир қанша түри ушырасады. Улыўма алғанда, бюджет дүзилисиниң еки тийкарғы моделин ажыратып көрсетиў мүмкин. Түрли дәржедеги бюджетлер әмелияты бийғәрезлигин кеңейтириўди нәзерде тутатуғын орайласқан шетлетиў модели ҳәм және де жақынырақ бюджетлер-ара қатнасықларни сәўлелендиретуғын кооператив модел.
Өзбекстан Республикасында қолланылатуғын бюджет дүзилиси принциплерин қәлиплестириў алдында бириншиден, олардың мазмунына, екиншиден, олардың бюджет процесслерин басқарыўда демократик негизлер менен жақын қатнасығы зәрүрлигине тийкарланыўы керек.
Бюджетлер-ара қатнасықларды қәлиплестириў ҳәм салық системасы трансформациясына принципиал жаңа жандасыўларды ислеп шығыў зәрүриятыны баҳалаў ушын төмендеги саўалларды көрип шығыў мүмкин: түрли аймақлардағы тийкарғы капиталда ислеп шығарыў ҳәм инвестициялар динамикасы, жергиликли ҳәкимиятлардың финанслық ҳәм ол арқалы басқарыў имканиятларына тийкарғы шегаралар қоятуғын республика бюджет-салық қатнасықларының әҳмийетли тәреплери, ислепшығарыўды салық арқалы қоллап-қуўатлаў.
Кейинги жылларда жағдай жергиликли бюджетлер ихтиярында қалдырылған дәраматлардың бир қанша өсиўи тәрепине өзгерди. Бирақ булл менен олар алатуғын трансфертлер қысқартырылды дегени емес. Финанслық ағымлар анализи соны көрсетпекте, "орай"ға қарай ағымлар қарама-қарсы бағдарға салыстырғанда жоқары дәрежеде. Сондай бир пайытта бөлек алынған аймақлар бюджет тәмийнаты жүдә үлкен айырмашылықа ийе ҳәм тийкарлы түрде сондай саўал туўылады "бул аймақлардағы бюджетлер қаншелли тийкарланған ҳәм олар қадағалайтуғын аймақлардағы турмыс искерлиги ушын тийкарғы шәрт-шәраятларды қанаатландырама?" Жергиликли бюджетлер имканиятларын баҳалайтуғын болсақ, сол нәрсе анық болады, бөлек алынған аймақ өнимери баҳасын тәртиплестириў процессине араласыўы ҳәмде аўыл-хожалығын субсидиялаўдың көлемлери бул процессте өз тәсирин көрсетеди.
Салық сиясаты ислеп шығарыўды хошаметлеў сиясаты сыпатында әмел қылыўы лазым. Жергиликли бюджетлер ушын исенимли салық базаларын тийкарлаў зәрүр экономикалық ҳәм социаллық дәстүрлерди әмелге асырыўда жергиликли басқарыўдың финанслық тийкары болып есапланады. Бул мәселениң шешими аймақлық қатнасықларға өткерилетуғын мәмлекет салық сиясатына көбирек байланыслы.
Бир тәрептен салық жүгин пәсейтиў жергиликли бюджетлер дәрамат базаларын қәлиплестириў ушын сөзсиз қолайсыз, бирақ басқа тәрептен салық жүгин пәсейттирмеслик салық дереклериниң әсте-секин кемейип кетиўин билдиреди. Сол себепли аймақты раўажландырыў қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда, салық төлеўшилерге салық басымын жеңиллетиў зүрүр, бул болса олардың экономикалық активлигин хошаметлейди ҳәм аймақлардың салық потенциалының өсиўине алып келиўи мүмкин.
Бул қатнасықларда бәршесинен алдын қосылған қун салығын келитириў мүмкин. Ҳәзирги нызамшылықта тийкарынан ол район коэффицентиниң тийкарғы экономикалық ҳәм тәбийий шәрт-шәраятларына тийкарланған ҳалда бөлек аймақлар ушын орнатылған ҳалда есапланады, яғный-усы аймақларда ислеўши ҳәм жасаўшылар ушын императив кепилликлер әмелге асырылады.
Солай етип, булл кепилликлер ҳақыйқатында да салыққа тартылатуғын базаның өсиў факторы ҳәм баҳалардың өскен бөлеги ҚҚС орқалы көтерилиў дереги есапланады.
Буннан тасқары бул аймақлар кәрханалары Өзбекстан Республикасы Пенсия фондына ажыратпалардың жоқары жүгин көтериўге мәжбүр ҳәм булл қосымшалар төлемлердиң есапқа алынатуғын базасына киритиледи. Сол себепли бизиң пикирмизше, Өзбекстан Республикасы Пенсия фондына төлемлерди есаплаў арқалы қосымша үстеме-қойылмалардың есапланатуғын базаға киритилиўи экономикалық тәрептен тийкарланбаған ҳәм нызамлы тәрептен туўры келмейди.
Қыйын шәраятларда Өзбекстан Республикасы аймақлардың жергиликли бюджетлерин қәлиплестириўдиң тийкарғы шәртлерин тийкарлаўда аймақлық өзгешелик тийкарғы роль ойнайды ҳәм жергиликли экономикалық сиясат имканиятларын белгилейди.
Жергиликли ҳәкимият органларын раўажландырыў ҳәм олардың бюджетлериниң дәраматларын қәлиплестириў өзгешелиги тийкарынан жергиликли экономика дүзилисине байланыслы. Солай етип, аймақ экстремал шәраятларда экономиканың әмел қылыўының өзине тән қәсийети жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлегин қәлиплестириўге үлкен тәсир көрсетеди. Булл болса экономикалық раўажланыў дәрежеси, хожалық қәнийгелесиўи, халық саны ҳәм тығызлығы, тәбийий ресурслардың бар екенлиги, тәбийий-ықлымлық өзине тәнлик киби көрсеткиглерди өз ишине алыўшы комплекс "Аймақлық фискал фактор" түсинигин қәлиплестириў имканын береди.
Фискал фактор республика ҳәм жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў дәрежелеринде өзин көрсетеди. Бюджет-салық нызамшылығына өзгерислер қатарында турақлы дәрамат базаларын қәлиплестириўге бағдарланған, экономикалық сиясаттың норматив-есап қуралларына тийкарланған экономикалық тәртипке салыў механизмин усыныс етиў мүмкин.
Бундай тәртипке салыўды өткериў ушын тәртипке салыўдың мақсетлери, көлемлери, жоллары, мийзанлары ҳәм қуралларын анықлаў лазым. Дәслеп бюджетлерди вертикал тәртипке салыўды әмелег асырыў мақсетке муўапық болады. Ҳәтте жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўдиң тең шәрт-шәраятларында да аймақлардың бюджет ҳалатында зәрүр айырмашылықлар сақланып қалады. Бюджет системасын тәртипке салыўдың екинши басқышы горизонтал тәртипке салыў есапланады. Горизонтал балансластырыўды белгилеў (дәраматлардың қәрежетлерге улыўмалық муўапықлылығы)ден келип шығып, жергиликли бюджетлер баланслылығына әмел қылыў зәрүриятына тийкарланған экономикалық тәртипке салыў механизми усыныс етиледи, бул жерде дәраматларды қата бөлистсириўдиң әмел қылатуғын принцип ҳәм нормативлериниң жетиспеўшилиги айқын көринеди.
Мәмлекет бюджети ҳаққындағы нызамда республика бюджетинде реципиентлардан тысқары ҳәр бир аймақтың республика бюджети менен байланыслардағы үлеси орнатылды ҳәмде "республика-жергиликли басқарыў бỷўыны" (жергиликли қәрежетлердиң салық потенциалы менен тәмийинлениўи бюджетлер дәраматларында дотациялар үлеси, жергиликли бюджетлер дәраматларында салықлар үлеси, финанслық ағымлар системасы) бюджетлер-аро қатнасықлар көрсеткишлери тийкарында жергиликли бюджетлерди ол яки бул топарларға (донорлар, күшсиз донорлар" ҳәм реципиентлар) киритиўдиң мийзанлары нызамлы орнатылды. Солай етип горизонтал тәртипке салыўдың төмендеги мийзанлары усыныс етиледи:
1 Экономикалық тәртипке салыў механизми ҳәкимият органлары тәрепинен нызамлы тәртипте әмелге асырылады.
2. Экономикалық тәртипке салыў республика-жергиликли - басқарыў органлары бюджетлер-ара қатнасықларының үйренип шығылған көрсеткишлери тийкарында жергиликли бюджетлер - талабы ҳәм салық потенциалын бир түрде есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы керек. Республика бюджетинен қаржыларды ажыратыў жергиликли ҳәкимият органлары урыныўларына байланыслы болмаған, мәмлекет ишинде ислеп шығарыў күшлериниң тегис емес бөлистирилиўи ҳәм басқа субъектив факторлар тәсири нәтийжесинде алынған дәраматларын есапқа алмағанда түрли аймақлар халқының жасаў шәраятларын тәртипке салыўға сай келиўи лазым.
3. Тәртипке салыў механизми халық муғдарындағы үлкен көлемдеги айырмашылықларға өзгерислер киритилетуғын узақ мүддетли, турақлы нормативлерди орнатыўға, бюджетлер-ара қатнасықлар көрсеткишларине тийкарланған ҳалда механизмниң есап базасы есапланатуғын функция ҳәм басқа көрсеткишлерин децентрализациясына тийкарланады.
4. Ўәлаят жергиликли бюджетлериниң бөлистирилген топарлары (донор, күшсиз донор, реципиент) менен төмендегилерди нәзерде тутатуғын узақ мүддетли принциплерди беккемлейди:
- донорлар қатнасықларында тәртипке салыўшы дәраматларды туўрылаўдың сондай сиясатын өткериў керек, яғный жергиликли қәрежетлердиң олардың жеке салық потенциалы менен тәмийинлениўин аймақта орта дәрежеде тәмийинленген бюджеттегиден пәсейиўине жол қоймаслық, буны еле де көтерсек донорлар фискал мәплери ҳәм аймақларды раўажландырыў стимулларын сақлаў мақсетинде және де көбирек қаржыларды жергиликли бюджетлер ихтиярында қалдырыў керек;
- күшсиз донорларды орташа бюджет тәмийнаты дәрежесине шекем субсидиялаў. Бирақ, ҳәзирги ўақытта, жеке территорияларды раўажландырыў есабынан салық потенциалын асырыўға бағдарланған жергиликли экономикалық сиясатты өткериўге қызығыўшылықты пәсейтирмеслик, қарамлылық тенденцияларын раўажландырмаслық ушын ўәлаят бюджетине ажыратпалар дәрежесин пәсейтирмеў керек;
- минимал жергиликли қәрежетлерди орташа тәмийинлеў менен реципиентлар субсидияларының жоқарылығы бюджет дәраматларын толтырыўы керек.
Усыныс етилген механизм жергиликли ҳәкимият органларының индивидуал белгилерин есапқа алатуғын бирден-бир методологиясына тийкарланады, жергиликли бюджетлер дәраматларын тәртиплестиреди ҳәм кесилиўши финанслық оғымларды максимал қысқартырыў имканын береди, жергиликли бюджетлер жеке дәраматларды асырыўға жергиликли басқарыў органларының қызығыўшылығын асырады.
Жоқарыдағыларды улыўмаластырған ҳалда төмендеги жуўмақларды шығарыў мүмкин:
1. Жергиликли-дәрежедеги бюджет айырмашылықларын тегислеўдиң жәҳән әмелияты анализи ҳәм Өзбекстан Республикасында жаңа бюджет дүзилиси шәраятларында жергиликли экономикалық сиясаттың салық-бюджет қуралларын қәлиплестириўдиң тийкарғы тәреплерин үйрениў тийкарында бюджетлер-ара қатнасықларды қәлиплестириў ҳәм аймақларға салық системасы трансформациясына принципиал жаңа фундаментал жандасыўлар зәрүриятына тийкарланған.
2. Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў әмелияты анализи ҳәм жергиликли ҳәкимият органлары бюджетлери типологизациясын өткериў, Өзбекстан Республикасы аймақлары бюджетлерин қәлиплестириўде ҳәм жергиликли экономикалық сиясат имканиятларын анықлаўда аймақлық өзине тәнликтиң әҳмийетли ролин анықластырыўға имкан береди.
3. Экономикалық, социаллық, экологик, тәбийий ресурслар потенциалларын ислетиўдиң базар экономикасына туўры келетуғын шәртлерин тийкарлап бериў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақларының жергиликли экономикалық сиясатын қәлиплестириў ушын жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўге аймақлардың өзине тән белгилерин есапқа алыўшы концептуал жандасыўлар ислеп шығылған.



Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish